Тәбийий резервлер мәмлекет экономикасында қаншелли үлкен орын ийелейтуғынын есапқа алсақ, бул бағдарда да имканиятымыз жоқары. Қалаберсе, жәҳән саўда базарында тек ғана ақша түринде емес, ал алтын менен әмелге асырылатуғын саўда сатықларымыз да бар.
Бул бир тәрептен зергерлик санааты барған сайын раўажланып атырғаны менен байланыслы болса, басқа тәрептен тәбийий тасларға қызығыўшылық ҳәм талап халықаралық базарда бәрқулла жоқары екенинен дәрек береди. Олардың арасында және бир жоқары баҳалы руда бар - бул көпшилик ҳаяллар жақсы көретуғын алмазлар. Халық тили менен айтқанда, бриллиант ҳәр қандай зергерликти безеў менен бирге, дүнья саўда майданында ең көп сатылатуғын өнимлерден бири болып есапланады. Мағлыўматларға қарағанда, жер жүзинде қазып алынатуғын алмастың 80 процентин санаатта пайдаланлса, тек ғана 20 процентинен қымбат баҳалы зергерлик буйымлар таярланады.
Көпшилик Өзбекстанда тәбийий алмаздың анықланған қорлары жоқ екенлиги ҳәм бул түрдеги қымбат баҳалы тас елимизде қазып алынбайтуғынын билмейтуғын болса керек. Сол себепли, елимизде алмазды қайта ислейтуғын кәрхана ямаса исбилерменлик субъекти де жоқ. Алмаз бизге тек импорт тийкарында кирип келеди. Сыр емес, сырттан алып келинген таяр зергерлик өнимлериниң баҳасы да соған жараса қымбат болыўы мүмкин.
Енди мәмлекетимиз шараятында да тәбийий алмазды импорт етиў ҳәм қайта ислеў имканияты жаратылады. Себеби, усы жылдың ноябрь айында Өзбекстан Халықаралық алмаз айланысын қадағалаў шөлкеми - "Кимберли процеси"ниң сертификатлаў схемасы (КЖССС) на 60-мәмлекет болып қосылды. Кейинги 21 жылдан берли нәтийжели жумыс алып барып киятырған абырайлы шөлкем даўлы аймақлардан алынған алмазлардың дүнья базарына шығыўының алдын алыў ҳәм алмаз саўдасының пүтинлигин қорғаўға қаратылған бирден-бир баслама болып тур. Өзбекстанның бул структураға ағзалығы болса ғәрезсизлик дәўириндеги 33 жыллық тарийхымызда биринши ўақыя сыпатында тән алынбақта.
Бул ҳәдийсе усы жылы 14-ноябрьде Дубайда болып өткен "Кимберли процеси"ниң 21-улыўма мәжилисинде салтанатлы түрде жәрияланды. Халықаралық шөлкем басшысы Аҳмад бин Сулайм өзиниң шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетимизди ағзалық пенен қутлықлап, "Өзбекстан "Кимберли процеси"не қосылыў бойынша әҳмийетли қәдем таслағанын жәриялаўдан қуўанышлыман. "Кимберли процеси" шаңарағына хош келдиңиз! Бул халықаралық баслама бирге ислесиў ҳәм өз-ара жуўапкершилик тийкарында қурылған болып, ағза мәмлекетлерде 59 қадағалаў пунктине ийе еди. Енди Өзбекстан қосылыўы менен бул сан 60 қа жетти," деп атап өтти.
Солай етип, елимиз және бир абырайлы халықаралық шөлкемниң толық ағзасына айланды. Бул жолдағы ҳәрекетлер болса бираз бурын басланған еди. Шөлкемге қосылыў ушын арза 2019-жылы тапсырылған. Бирақ, пандемия себепли процесс бираз ўақыт тоқтап қалды. 2021-жылға келип қайта тикленди ҳәм жеделлести. Себеби ўазыйпа анық, мақсет болса қатаң еди. Сол себепли, өткен ўақыт даўамында Өзбекстанда қымбат баҳалы металл ҳәм таслардың айланысын тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый база ислеп шығылып, "Кимберли процеси" сертификатлаў системасы талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша жуўапкер шөлкемлер белгиленди. Президентимиздиң усы жыл 23-июльдеги "Зергерлик буйымларын ислеп шығарыў тараўын буннан былай да раўажландырыў ҳәм олардың бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы менен "Кимберли процеси"не ағза болыў жумыслары және де жеделлести.
Бул орынланған талаплардың нәтийжелерин көрсетиў ўақты келди ҳәм усы жылдың октябрь айында халықаралық шөлкемниң эксперт миссиясы, бир қатар ағза мәмлекетлер, атап айтқанда, БАӘ, Россия, Беларус, Германия ўәкиллери, Жәҳән алмаз кеңеси бақлаўшыларынан ибарат топар елимизде болып, исленген жумыслар менен танысты. Өзбекстан "Кимберли процеси"ниң минимал талапларын орынлағаны экспертлер тәрепинен унамлы баҳаланды ҳәм мәмлекетимиз халықаралық шөлкемниң ағзалары қатарынан орын алды.
Шөлкемге ағзалық не береди?
Дереклерде "кимберли" сөзиниң бир қанша мәнислери келтирилген. Бир жерде ол алмаз қурамындағы таў жынысы сыпатында келтирилген болса, басқа мағлыўматта Қубла Африкадағы "алмаз қала" деп аталган Кимберли қаласы менен байланыслы. Ҳәр қандай жағдайда да оның алмазға барып тақалыўын "Кимберли процеси" шөлкеминиң миссиясы мәнисинен де түсиниў мүмкин.
"Кимберли процеси" сертификатлаў схемасы - халықаралық ҳүкиметлераралық баслама болып, тийкарғы мақсети нызамсыз жол менен қазып алынған алмазлардың дүнья базарына кирип келиўине қарсы гүресиўден ибарат. Гәп сонда, әскерий соқлығысыўлар ўақтында қазып алынған алмазлар "қанлы" алмазлар деп аталады. Олардан түскен пул да тек ғана әскерий мақсетлерге жумсалады. "Кимберли процеси" шөлкеминиң жумысы болса қымбат баҳалы таслардан түскен қаржының регионаллық келиспеўшиликлер ҳәм халықаралық террористлик топарларды қаржыландырыўға қаратылыўына тосқынлық етиўден ибарат. Барлық мәпдар тәреп - алмаз қазып алыўшы, қайта ислеўши, экспорт ҳәм импорт етиўши мәмлекетлер, алмаз санааты ҳәм пуқаралық жәмийетлерин усы мақсет жолында бирлестиреди.
Тәртипке бола, ҳәр бир қатнасыўшы мәмлекет өз аймағында импорт ямаса экспорт етилип атырған қайта исленбеген алмаз партияларында даўлы аймақлардан алынған алмазлардың жоқ екенлигин кепиллеў ушын ишки қадағалаў системасын жаратыўы керек. Оны дүнья бойлап алмазлардың нызамсыз саўдасына қарсы үлкен гүрес ҳәрекети деп айтыў мүмкин. Ҳәзирги ўақытта "Кимберли процеси" бул бағдардағы бирден-бир шөлкем болып, қайта исленбеген алмазларды сертификатлаў бойынша миллий нызамлар ҳәм тәжирийбеге тийкарланған, халықаралық дәрежеде келисилген минимал стандартларға жуўап беретуғын, даўлы аймақлардан алынған алмазлар машқаласын шешиўде ең нәтийжели система болып есапланады.
Енди Өзбекстан да мине усы ҳәрекеттиң қатнасыўшыларынан бири. Хош, бул елимиздиң экономикасы, атап айтқанда, зергерлик санаатына не береди?
- Бәринен бурын, қайта исленбеген тәбийий алмазларды импорт-экспорт етиў имканияты кеңейеди, - дейди "Өзбекзаргарсанаати" ассоциациясының баслығы Шоҳрух Туйчибаев. - Себеби "Кимберли процеси" сертификатлаў системасы қағыйдаларына бола, шөлкемге ағза болмаған мәмлекетлерге тәбийий алмаз сатылмайды. Қалаберсе, шөлкемге ағза болыў Өзбекстан зергерлик санаатын дүнья көлеминде және бир басқыш жоқарыға алып шығады. Яғный, елимизде тәбийий алмазды қайта ислеў кәрханаларын шөлкемлестириў, бул арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылардың қайта исленген алмазға болған талабын қанаатландырыў, зергерлик санааты миллий ислеп шығарыўшыларын қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли жумысларға жол ашады. Бул бриллиант тасларды өзимизде қайта ислеп, ишки базарға арзан баҳада шығарыў имканияты, усы бағдарда ислейтуғын исбилерменлик субъектлери пайда болады, дегени. Халықаралық бирге ислесиўде де бул оғада үлкен әҳмийетке ийе. Бул процессте алдыңғы тәжирийбе алмасыў, тармаққа заманагөй технологиялар ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў және тиккелей жәҳән алмаз базарына кириў мәмлекетимиздиң экономикалық потенциалын арттырыўға хызмет етеди. Әлбетте, шөлкемге ағзалық басқа да ўәкил мәмлекетлер менен дослық, өз-ара бирге ислесиў, қоллап-қуўатлаў, тилеклеслик, дегени. Өз-ара саўдадан болса ҳәмме тәреп теңдей мәпдар. Сол себепли, шөлкемге ағза мәмлекетлер Өзбекстанда тәбийий алмазды қайта ислейтуғын заводларды ашыўға қызығыўшылық билдирмекте. Кейин ала ишки базар ислеп шығарыўшыларына бриллиант шийки затын жеткерип бериў ямаса зергерлик буйымы сыпатында сырт еллерге экспорт қылыў мәселесинде де додалаўлар болып атыр.
Сол арқалы миллий зергерлик санаатымызға жаңа күш кирип келеди. Себеби, бул тармақ экономикамыздың "алтын драйвери"не айланып бармақта. Тараўда бәсеки де артқан. Ҳәр қалай ҳәзир зергерлик өнимлерин ислеп шығаратуғын онлаған кәрханалардың атын билемиз, таңлаў имканиятымыз да кең. Миллий зергерлик санаатында өсиў көрсеткиши артпақта. Бир ғана мысал, усы жылдың январь-октябрь айларында елимизде баҳасы 2 триллион 375,9 миллиард сумлық 6890 килограмм зергерлик өними ислеп шығарылған. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда сезилерли дәрежеде көп. Президентимиздиң бул пәрманында зергерлик санаатын буннан былай да раўажландырыў бойынша жаңа ўазыйпалар белгиленген. Мәселен, 2024-2026-жылларда елимиздиң барлық аймағында зергерлик орайларының жумысы жолға қойылады. Бул орайларда ислеп шығарыўшыларды шийки зат пенен тәмийинлеўден баслап, экспортқа шекемги процессти қоллап-қуўатлаўшы зәрүр инфраструктура жаратылады. Усы жердиң өзинде алтын резерви қоймаханалары шөлкемлестириледи.
Жақын жылларда усындай санларды алмазды қайта ислеў тармақлары мысалында да келтирип өтемиз. Себеби, тийкарғы қәдем қойылды ҳәм Өзбекстан "Кимберли процеси" сертификатлаў схемасының толық ағзасы сыпатында жаңа ўазыйпаларға кириспекте.
Ирода ТОШМАТОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы