Бул бағдардағы әҳмийетли қәдемлерден бири - 2025-жыл 16-сентябрьде Министрлер Кабинетиниң "Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер жетистириўши питомниклер ҳәм плантацияларды мәмлекетлик есапқа алыў тәртибин жетилистириў ҳаққында"ғы 588-санлы қарары қабыл етилди. Ҳүжжет нәлхана ҳәм плантациялардың жумысын тәртипке салыў, олардың жумысының ашық-айдынлығын арттырыў ҳәм мәмлекетлик қадағалаўдың бирден-бир системасын қәлиплестириўге қаратылған. Буннан тысқары, биологиялық көп түрлиликти сақлаў тараўында және бес нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылып, белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине көрип шығыў ушын киргизилген.
Өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясын қорғаўға байланыслы объектлерди хатлаўдан өткериў ҳәм есапқа алыў бойынша системалы жумыслар даўам еттирилмекте. 80 питомниктиң мәмлекетлик реестри жаңаланып, 85 түрдеги ҳайўан ҳәм 70 түрдеги өсимликлердиң мәмлекетлик реестри ҳәм кадастры қәлиплестирилди. Жасыл фондты санластырыў шеңберинде 605 мың терек ушын электрон паспорт жаратылып, арнаўлы платформаға киргизилгени мониторинг ҳәм басқарыў қарарларын қабыл етиў нәтийжелилигин арттырыў имканиятын бермекте.
Биоҳәртүрлиликти сақлап қалыў ҳәм тиклеў бойынша әмелий илажлар сийрек ушырасатуғын түрлерди тәбийғый жасаў орталығына қайтарыў бағдарламалары менен толықтырылмақта. "Қызыл китап"қа киргизилген 4198 гөззал туўалақ ҳәм 150 басқа түрдеги ҳайўанлар жабайы тәбиятқа шығарылды.
Соның менен бирге, 25 мың гектар майданда жабайы ҳалда өсиўши дәрилик өсимликлерди жетистириў бойынша мәдений плантациялар шөлкемлестирилгени тәбийғый экосистемаларға түсип атырған антропоген жүкти азайтыў ҳәм флораның баҳалы түрлерин сақлап қалыўға хызмет етпекте.
Самарқандта CITES конвенциясы тәреплериниң 20-конференциясы өткерилгени халықаралық экологиялық күн тәртибиндеги әҳмийетли ўақыя болды. Форум жойтылып кетиў қәўпи астында турған жабайы фауна ҳәм флора түрлериниң халықаралық саўдасын тәртипке салыў бойынша глобал көзқарасларды додалаў майданына айланды ҳәм Өзбекстанның халықаралық тәбиятты қорғаў процесслериндеги орны артып баратырғанын тастыйықлады.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Қызыл китабының алтыншы басылымы таярланбақта. Тийисли уйымлардың илимпазлары ҳәм қәнигелери "Қызыл китап"қа киргизилетуғын ямаса шығарылатуғын түрлердиң жаңаланған дизимлерин қәлиплестириў бойынша илимий изертлеўлер ҳәм экспедициялар өткермекте.
Әмелге асырылып атырған жумыслар биологиялық көп түрлиликти қорғаўдың узақ мүддетли нәтийжелерге қаратылған және де комплексли ҳәм илимий тийкарланған моделине өтилгенинен дәрек береди. "Өзбекстан-2030" стратегиясы шеңберинде бул илажлардың әмелге асырылыўы елимиздиң бийбаҳа тәбийғый мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм келешек әўладлар ушын эекологиялық турақлылықты тәмийинлеўге беккем тийкар жаратады.