Сөйлесиўлер экология, климат күн тәртиби ҳәм турақлы раўажланыў тараўларында стратегиялық шерикликти беккемлеўге бағышланды.
Сөйлесиў ўақтында Жәҳән банки Өзбекстандағы экологиялық реформаларды белсене қоллап-қуўатлап атырғаны атап өтилди. Экология министрлигиниң Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитет етип қайта шөлкемлестирилгени тәбиятты қорғаў жумысы ҳәм климат турақлылығы тараўындағы миллий бағдарламаларды әмелге асырыў ушын жаңа имканиятлар ашып беретуғын әҳмийетли қәдем болғаны атап өтилди.
Тийкарғы мәселелерден бири жаңаланған миллий белгиленген үлестиң орынланыўы болды (NDC 3.0). Өзбекстан 2035-жылға шекем жалпы ишки өним бирлигине салыстырғанда парник газлериниң шығындыларын 50 процентке қысқартыў ҳәм 2060-жылға шекем углерод нейтраллығына ерисиў бойынша кеңейтилген миннетлемелерди өз мойнына алды. Комитет басшысы келеси басқыш үлкен мақсетлерден оларды әмелге асырыўға ҳәм қаржы менен тәмийинленген анық жойбарларды қәлиплестириўге өтиў екенин атап өтти.
Ушырасыў қатнасыўшылары Ташкент қаласындағы ҳаўа сапасы машқаласына айрықша итибар қаратты. Пайтахтта РМ2.5 дәрежеси Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларынан бир неше есе жоқары екени атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен тәреплер шығындыларды азайтыў илажларын додалады: санаат кәрханаларында тазалаў системаларын модернизациялаў, мониторинг ҳәм есабат бериў системасын реформалаў, қала қурылысы ҳәм транспорт сиясатына экологиялық талапларды киргизиў.
Өзбекстан тәрепиниң тийкарғы усынысларынан бири Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети (Green University) тийкарында Орайлық Азияда биринши заманагөй ҳаўа сапасы лабораториясын шөлкемлестириў болды. Лаборатория патасландырыўшы элементлерди терең таллаў, шығындылардың дәреклерин анықлаў, мониторинг тармақларының үскенелерин калибрлеў, халықтың саламатлығын қорғаў бойынша илимий тийкарланған усыныслар таярлаў имканиятын береди. Жойбардың баҳасы шама менен 1 миллион долларды қурайды. Оны әмелге асырыў Жәҳән банки менен биргеликте тәмийинлениўи мүмкин.
Буннан тысқары, тәреплер Green Universityди мәмлекеттиң экология ҳәм климат илимлери тараўындағы тийкарғы билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў орайы сыпатында және де раўажландырыў мәселелерин додалады. Қоспа билимлендириў бағдарламаларын жаратыў, инновациялық қолланбаларды енгизиў, университеттен тәжирийбе алмасыў ушын регионаллық платформа сыпатында пайдаланыў мәселелери көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан тәрепи Самех Вахбты болажақ ири халықаралық илажлар - Eco-Expo Central Asia 2026 ҳәм ГЭФтиң Самарқандта болып өтетуғын 8-Ассамблеясында қатнасыўға мирәт етти. Қатнасыўшылар шерикликти беккемлеўди даўам еттириў, Өзбекстанның турақлы раўажланыўы ҳәм климатқа шыдамлылығын биргеликте алға қойыўға таяр екенин тастыйықлады.





