Усы жылы Аралбойында 150,7 мың гектар майданда жасыл аймақлар жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Илажлардың тийкарғы көлеми - 145,2 мың гектар Арал теңизиниң қурыған ултаны ҳәм оған тутас аймақларға туўра келди. Бул жумыслар 90,5 мың гектар майданда жасыл аймақлар жаратылған Мойнақ районы, сондай-ақ, Бухара, Наўайы ҳәм Хорезм ўәлаятларының бир қатар районларын қамтып алған. Республиканың басқа аймақларында және 5,5 мың гектар майдан көклемзарластырылды.

Тоғай мелиорациясы илажларына системалы қатнасты тәмийинлеў мақсетинде қорғаў тоғайлықларын жаратыў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ислеп шығылды. Шорланыў ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы шөл өсимлик түрлери, соның ишинде, сексеўил, черкес ҳәм қарабарақ тийкарғы бағдар сыпатында таңлап алынды. Бул илажларды әмелге асырыў ушын 697 тонна туқым резерви таярланып, кең көлемли егис жумысларын алып барыў ушын зәрүр ресурс базасы жаратылды.

Халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм сырттан қаржы тартыў экологиялық реформалардың әҳмийетли элементи болды. 2025-жылы грант қаржылары есабынан 7 халықаралық жойбар иске қосылып, улыўма баҳасы 32,5 миллион АҚШ доллары муғдарында грант тартыў бойынша келисимлерге қол қойылды. Бул жойбарлар экосистемаларды комплексли тиклеў, тәбийғый ресурсларды интеграцияласқан ҳалда басқарыў, суў ҳәм жер ресурсларының климат өзгериўине шыдамлылығын арттырыўға қаратылған.

Әмелге асырылып атырған басламалар арасында Өзбекстанның баҳалы ландшафтларын комплексли қорғаў ҳәм тиклеў, Зарафшан дәрьясы бассейни суў ресурсларын турақлы басқарыў, Орайлық Азияның әззи экосистемаларында жер ресурсларын тиклеў, сондай-ақ, экосистемаларды қорғаў ҳәм биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў механизмлерин жетилистириў жойбарлары бар. Олардың әмелге асырылыўы Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў ҳәм Аралбойы регионын турақлы раўажландырыўға қаратылған узақ мүддетли шешимлерди қәлиплестириўге хызмет етеди.