Илажда 32 мәмлекет ўәкиллери қатнасты. Европа Аўқамы делегациясына Европа комиссарлары Йозеф Сикела ҳәм Марта Кос басшылық етти.
Өзбекстан Бас министриниң орынбасары Жамшид Хожаев бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанын атап өтти: кейинги жети жылда ЕА ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы өз-ара саўда төрт есеге өсип, 54 миллиард евроға жетти. ЕА Өзбекстанның ең ири инвесторы болып қалмақта.
Форумда бул жеңилликлер регион өнимлериниң ЕА базарына шығыў имканиятын кеңейткени, кәрханаларды модернизациялаўды жеделлестиргени ҳәм экономикалық турақлылықты беккемлегени атап өтилди. Европа финанс институтларының үлеси салмақлы болып қалмақта: тек ғана ЕТРБ 2024-жылы Орайлық Азияға 2,26 миллиард доллар, соннан Өзбекстанға 938 миллион доллар жиберген.
«Enhancing connectivity» сессиясында Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Акрам Алиев қатнасты. Транспорт-логистика инфраструктурасын раўажландырыў, тәртип-қағыйдаларды санластырыў ҳәм жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў тийкарғы бағдарлар етип белгиленди.
Форумда инвестициялық орталықты жақсылаў, инсан капиталын раўажландырыў, регионаллық интеграция ҳәм турақлы қосымша қун шынжырларын қәлиплестириў мәселелери додаланды. Илаж жуўмағында экология, ирригация, геомәлимлеме, тәртипке салыў ҳәм басқа да бир қатар бағдарларда бирге ислесиўге байланыслы алты ҳүжжетке қол қойылды.
ЕА ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң беккемленип атырған шериклиги Өзбекстан ушын қосымша перспективалар ашып, узақ мүддетли жойбарлар ҳәм турақлы экономикалық өсиўге тийкар жаратпақта.