Мәмлекетимиз басшысы сақаўат, мийрим-шәпәәт ҳәм шүкиршилик тымсалы болған Рамазан айында ишки базарда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтип, тийисли илажларды көриў бойынша тапсырмалар берди.
Рамазан айы алдынан дәстүрий түрде талап артып атырған социаллық әҳмийетке ийе азық-аўқат өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде республика аймақларындағы ири саўда тармақлары ҳәм саўда комплекслерине усақлап сатыў баҳаларының өзгериўине тәсир етиўи мүмкин болған факторлар, соның ишинде, логистика ҳәм басқа да қәрежетлердиң артыўы ҳаққында Бәсеки комитетине оператив түрде мағлыўмат бериў, сондай-ақ, жеткерип бериўшилерди баҳаларды тийкарсыз арттырыўға жол қоймаў ҳаққында ескертиў усыныс етилди.
Бәсеки комитети өз ўәкилликлери шеңберинде мәмлекет халқы ушын әҳмийетли болған социаллық әҳмийетке ийе азық-аўқат өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеўге қаратылған барлық зәрүр илажларды көреди.