Тийкарғы бағдарлар:

мәдений мийрас объектлери ҳәм транспорт қурылмаларының (автомобиль ҳәм темир жол көпирлери, туннеллер) жер силкиниўге шыдамлылығын мониторинг етиў;

сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў тараўын санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў;

қурылыс майданлары ушын топырақ турақлылығын арттырыў;

сейсмикалық қәўипсизлик ҳәм жер силкиниўге шыдамлылық тараўында маман кадрларды таярлаў, илимий изертлеўлер алып барыў.

2026-жыл 1-январьдан баслап тарийхый ҳәм мәдений мийрас объектлериниң жер силкиниўге шыдамлылығын мониторинг етиў басқышпа-басқыш енгизиледи.

Биринши басқышта мониторинг Республикалық сейсмопрогностикалық мониторинг орайы тәрепинен мәмлекетимиздиң туризм потенциалын көрсететуғын мәдений мийрас объектлери, соның ишинде, Самарқандтағы Регистан, Бухарадағы Дарвозахана, Хийўадағы Ичан-қала комплекслеринде әмелге асырылады.

2026-жыл 1-марттан «TransportSeysmika» платформасы арқалы автомобиль ҳәм темир жол көпирлери және туннеллердиң жер силкиниўге шыдамлылығын онлайн мониторинг етиў енгизиледи.

2026-жыл 1-январьдан баслап республикамыздың таўлы аймақларын кесип өткен "А-373" ҳәм "М-39" автомобиль жоллары ҳәм оларға тутасқан темир жолларда көшки жүз бериў итималы жоқары болған аймақлар турақлы түрде радиолокациялық космослық мониторингтен өткериледи.

Ол ҳәр жылы 1-майға шекем Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлиги тәрепинен өткерилип, оның нәтийжелери бойынша мағлыўматлар таў-кән санааты ҳәм геология, айрықша жағдайлар уйымлары, транспорт ҳәм гидрометеорология хызметлери, жергиликли ҳәкимликлерге усынылады ҳәм анықланған қәўиптиң алдын алыў бойынша илажлар көриледи.

Тараўды санластырыў

2025-жыл 1-декабрьден баслап бирден-бир система тийкарында сейсмологиялық онлайн платформа иске қосылады ҳәм санластырылады:

жүз бериўи мүмкин болған жер силкиниўлердиң регионаллық акселерограммалары базалары;

илимий таллаў тийкарында республика аймақларын сейсмикалық қәўиплилик дәрежеси бойынша классификациялаўды нәзерде тутатуғын улыўма сейсмикалық ҳәм толық районластырыў карталары;

районлар ҳәм қалалар орайларын макро сейсмикалық баллларда ҳәм ең жоқары тезлениўлерде микро районластырыў карталары;

республикада бар болған актив тектоникалық жарылыўлардың карталары.

Сейсмологиялық онлайн платформа "Шаффоф қурилиш" миллий ИА менен интеграцияланбақта. Сейсмикалық актив зоналарда жаңадан қурылыўы режелестирилген имарат ҳәм объектлер усы платформада сейсмологиялық көрсеткишлер тийкарында жойбарластырылады. Бул көрсеткишлер қала қурылысы экспертизасын өткериў ушын тийкар болады.

2026-жыл 1-январьдан баслап сейсмикалық қәўпи жоқары аймақларда күшли жер силкиниўлерди жасалма интеллект жәрдеминде орта ҳәм узақ мүддетли болжаў әмелияты енгизиледи. Биринши басқышта Ташкент қаласы тәжирийбеси тийкарында шөлкемлестирилмекте.

2026-жыл 1-марттан баслап, имарат ҳәм объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығы бойынша техникалық жағдайын жасалма интеллект жәрдеминде таллаў режелестирилмекте.

Сейсмикалық қәўипсизлик ҳәм жер силкиниўге шыдамлылық тараўында кадрлар таярлаў ушын Ташкент архитектура-қурылыс университети жанында мәмлекетлик мәкеме түринде Сейсмикалық қәўипсизлик ҳәм турақлы қурылыс миллий изертлеў институты шөлкемлестириледи.

Пәрман менен 2025-2027-жылларда сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм имарат-объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығын арттырыў бойынша "Жол картасы" тастыйықланды.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 21.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».