Жаңа басқышқа көтерилген мүнәсибетлер: биз бирден-бир күшпиз

    Орайлық Азия халықлары әзелден ийинлес жасап, қыйыншылықларды биргеликте жеңип өткен. Кейинги жылларда жеделлескен экономикалық-сиясий ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслар туўысқан мәмлекетлерди және де жақынластырмақта.

    Әлбетте, мәмлекетлер арасындағы байланысларды жоқары дәрежеге көтериўде, оларды раўажландырыў стратегиясын белгилеўде ҳәм әмелге асырыўда мәмлекет басшыларының күшли сиясий ерк-ықрары ҳәм узақты гөзлеген сиясаты әҳмийетли фактор болмақта.

    Соның ишинде, Өзбекстанның ишки сиясатында бақланып атырған кең көлемли реформалар, ашық-айдынлық ҳәм жаңаланыўлар мәмлекеттиң сыртқы сиясатында да айқын көзге тасланбақта. Мәмлекетимиз халықаралық қатнасықлардың тең ҳуқықлы субъекти сыпатында, регионаллық ҳәм глобал дәрежеде жедел сыртқы сиясатты жолға қойып, сырт елли шериклер менен өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырмақта. Бундай избе-из, анық ҳәм конструктивлик сыртқы сиясатты халықаралық экспертлер ҳәм бақлаўшылар да тән алмақта.

    Атап айтқанда, мәмлекетимиз тәрепинен әзелий ҳәм бирден-бир тарийхый тамырларға ийе болған Орайлық Азия мәмлекетлери менен болған қатнасықлардың раўажланыўына айрықша итибар қаратылмақта.

    Өзбекстанның регионаллық ҳәрекетлери себепли Орайлық Азия мәмлекетлери арасында өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилгенин атап өтиў керек. Бул ўақыт ишинде регионымызда дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара бирге ислесиў орталығын жаратыўға ерисилди.

    Атап айтқанда, шегара постларының ашылыўы ҳәм олардың санының көбейтилиўи, визасыз режимниң енгизилиўи сыяқлылар халықларымыздың өз-ара барыс-келисин жеңиллестирмекте. Өзбекстан алып барып атырған сыртқы сиясаттағы конструктивлик көзқарас себепли жыллар даўамында машқала болып келген көплеген мәселелер, атап айтқанда, сиясий, саўда-экономикалық, трансшегаралық, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, шегараларды делимитациялаў ҳәм демаркациялаў, пуқаралардың шегара пунктлерин кесип өтиўи, өз-ара туризмди раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер регион мәмлекетлери тәрепинен ашық ҳәм дослық руўхында шешилмекте.

    Усы жылдың 31-март күни Хоженд қаласында болып өткен Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан жетекшилериниң мәмлекетлер арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине бағышланған қоспа ушырасыўы да өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа механизмлерин шөлкемлестириўде әҳмийетли қәдемлерден бири сыпатында тән алынды.

    Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмонның дәслепки ушырасыўлары Рамазан ҳайыты қутлықлаўлары менен басланғаны да бул ушырасыўдың қаншелли қайырлы түрде басланғанының дәлийли болды. Ушырасыў даўамында Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиў жоқары дәрежеге көтерилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Соның ишинде, мәмлекетлер арасында товар алмасыўдың көлеми 2024-жылы 700 миллион доллардан артты. Санаат, энергетика, электротехника, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта. Нәтийжели аймақлараралық байланыслар ҳәм жедел мәдений-гуманитарлық алмасыў жолға қойылған.

    Сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлери жанында сыртқы сиясат уйымларының басшылары еки мәмлекет арасында Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманың күшке кириўи ҳаққындағы протоколға қол қойды ҳәм ратификация жарлықларын алмасты. Шәртнама өткен жылы 18-апрель күни Душанбе қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги еки тәреплеме саммитте қол қойылған еди. Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, "Өзбекстан Республикасы менен Тәжикстан Республикасы арасында аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы Шәртнаманы (Душанбе, 2024-жыл 18-апрель) ратификациялаў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасының нызамы 2025-жыл 12-февраль күни қол қойылған болып, 31-март яғный ҳүжжет ратификация жарлықлары алмастырылған күннен баслап күшке кирди.

    Сол күнниң өзинде мәмлекетимиз басшысы Тәжикстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери менен үш тәреплеме ушырасыўда қатнасқаны сапардың қаншелли әҳмийетли ҳәм нәтийжели болғанының дәлийли болып есапланады.

    Президентимиз Тәжикстан ҳәм Қырғызстан тәреплерин барлық мәселелер үзил-кесил шешилгени ҳәм Мәмлекетлик шегараны делимитациялаў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғаны менен қызғын қутлықлады.

    Бул ҳүжжет, сондай-ақ, үш мәмлекет мәмлекетлик шегараларының тутасқан ноқаты ҳаққында қол қойылып атырған шәртнама турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўге, пүткил регионның халықаралық абырайын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди. Салтанатлы түрде ашылған Дослық стеласы болса туўысқан мәмлекетлер арасында беккемленип атырған жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының жаңа белгисине айланатуғыны атап өтилди.

    Усы ҳәптеде Самарқандта "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити ҳәм региондағы улыўма экологиялық қәўип-қәтерлерге бағышланған Ықлым форумын, май айында Араб буғазы мәмлекетлери менен саммит, сентябрь айында болса Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўын өткериў, шегаралас аймақлардың бирге ислесиўин раўажландырыў, шегаралардағы бажыхана пунктлерин комплексли модернизациялаў ҳәм кеңейтиў, қолайлы, заманагөй саўда ҳәм логистика инфраструктурасын қәлиплестириў, мәмлекетлер арасында транспорт байланысларын раўажландырыў, "Жасыл" энергетика ҳәм транспорт тараўларындағы ири регионаллық жойбарлар, суў ҳәм экология бағдарламаларын алға қойыў сыяқлы әҳмийетли ҳәм стратегиялық мәселелер бойынша додалаўлар өткерилди.

    Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлик шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы тарийхый шәртнамаға қол қойылды ҳәм үш мәмлекет басшыларының Биргеликтеги декларациясы қабыл етилди.

    Күнниң ең қуўанышлы минутларынан бири Президентлердиң қатнасыўында үш мәмлекеттиң мәмлекетлик шегаралары тутасқан аймақта Дослық стеласының салтанатлы түрде ашылыўы болды. Себеби бүгинги қәўипли заманда шегаралас республикалардың тынышлығы және экономикалық-сиясий турмысы ҳәр бир раўажланып атырған мәмлекет ушын әҳмийетли болып есапланады. Бийкарға бурыннан-ақ "Қоңсың тыныш - сен тыныш" деген нақыл халықларымыз арасында әҳмийетли тәреплерден болмаған. Бул естелик туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары беккемленип атырғанының жаңа белгиси болып хызмет ететуғыны сөзсиз.

    Хоженд қаласында өткен үш тәреплеме саммит шеңберинде Шавкат Мирзиёев ҳәм Садир Жапаровтың ушырасыўы да болып өтти. Кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы қатнасықлардың раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди. Товар алмасыў көлеми жыл басынан берли 70 процентке артты. Экономиканың түрли тармақларында, соның ишинде, биргеликтеги Инвестициялық фондтың жәрдеминде санаат кооперациясы табыслы раўажланбақта.

    Үш мәмлекет мәденият ҳәм көркем өнер шеберлериниң концертинде мәмлекетимиз басшысының "Буннан былай шегаралар - дослық сызықлары, жаңа имканиятлар, дөретиўшилик ҳәм бирге ислесиў мәканы болып есапланады", деп атап өткен сөзлери туўысқан мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиў ҳәм дослық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўде әҳмийетли қәдемлерден бири болғанының дәлили болып есапланады.

    Соны исеним менен атап өтиў мүмкин, өзбек-қырғыз-тәжик халықлары арасындағы туўысқанлық-бирге ислесиў қатнасықларының жаңа бети басланды. Ҳәм бул өткерилген үш тәреплеме саммит усы қатнасықлардың басланыўына хызмет етеди.

    Муҳайё ИСМОИЛОВА,

    Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы

    Ташкент қалалық бөлими баслығы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates