Сол ўақытта бул пәнге улыўма қызықпайтуғынлығы минез-қулқынан белгили болған оқыўшылар бирдейине маған тарийхтың неге кереги бар, деген сораў менен мүрәжат еткен. Тәбийий түрде интроверт, бир гәпти екиншисине зорға байланыстыратуғын адамның жуўабы балаларды қанаатландырмаған. Бул ўақыяға үш жыл болды. Ҳәзир ол балалар ержеткен, әлбетте, берген сораўларын умытқан, бирақ сол сораўға қатнасы өзгермегени анық. Сол себепли, кешиккен жуўапты бүгин толық, түсиникли ҳәм тийкарланған түрде баянлаўды лазым көрдим.
Хош, не ушын ҳәр бир әўлад өзинен алдынғы тарийхты қайта-қайта үйрениўге мәжбүр? Келиң, жуўапты түсиниўди аңсатластырыў ушын бир әпиўайы мысалдан пайдаланамыз. Мәселен, сиз - усы текстти оқып атырған адам - бүгин нелерге сүйенип қарар қабыл етип атырғаныңыз, қай жерде қалай ҳәрекет етиўди қалай анықлап атырғаныңыз? Сизиңше, булардың барлығын қәлиплестирип атырған ең тийкарғы фактор не? Әлбетте, жеке турмыслық тәжирийбеңиз. Бул тәжирийбе болса балалықтан баслап көрген, еситкен, оқыған, сезген барлық мағлыўматларыныздың жыйындысы.
Енди көз алдыңызға келтириң: сизде усы тәжирийбелерди ядта сақлап қалыў қәбилети улыўма болмаса. Яғный яд жоқ. Бундай жағдайда инсан ең әпиўайы искерликти - жүриўди, аўқатланыўды, сөйлеўди де үйрене алмайды. Себеби тәжирийбе ҳәм яд болмаса, саналы ҳәрекетлер изсиз жоғалады.
Тап усы пикирди бир шахстан жәмийет дәрежесине көтерсек, анық көринеди, өзиниң тарийхын билмейтуғын, басқа халықлардың өтмишинен хабарсыз халық ҳәр сапары жаңа әўлад келгенде "жүриўди қайтадан үйрениўге" мәжбүр болады. Яғный алдынғы әўладлар қылған қәтелерди және ҳәм және тәкирарлай береди, машақат пенен ерисилген жетискенликлер аңсат ғана жоғалтылады, команда оларды және қайтадан гүресип қолға киргизиўге мәжбүр болады. Тағы қурбанлар, тағы гүрес, тағы қыйыншылықлар...
Сол себепли тарийхты үйрениў - бул тек ғана өтмишти еслеў емес, ал оны түсиниў, оннан сабақ алыў, жәмийет сыпатында қәтелерден сақланыў, раўажланыўға қарай саналы түрде ҳәрекет етиў демек. Егер биз өз тарийхымызды умытпасақ, басқалардың тарийхынан да хабардар болсақ, нәўбеттеги әўлад бар тәжирийбе үстине жаңа жетискенликлер қоса алады.
Кеше бүгинди жетелейди
Бүгинги ҳәр бир реформа, ҳәр бир социаллық баслама, ҳәр бир руўхый ҳәм материаллық жаңаланыў артында терең тарийхый тәжирийбе, өтмиштен алынған сабақлар жатады. Усы мәнисте тарийх ҳәм бүгинги реформалар бир-биринен ажыралмас уқсаслыққа ийе. Тарийхсыз реформа болмайды, онысыз көзқарас турақсыз ҳәм қысқа болады. Миллет өз жолын табыўда әйне тарийхый ядқа сүйенеди. Себеби реформа өзгерис дегени, өзгерис болса өтмишти аңлаўдан басланады. Қашан жәмийет қандай да бир машқала бойынша реформа өткермекши болса, бәринен бурын, усы машқаланың тамыры қай жерден басланғанын билиўи, бурын қандай шешимлер исленгенин үйрениўи, қайсы усыллар пайдалы, керисинше, қайсылары нәтийже бермегенин таллаўы зәрүр. Мине, усы тарийхтың тиккелей тәсири болады.
Билимлендириў тараўындағы түпкиликли өзгерислер, мәдений естеликлерди қәстерлеп сақлаў, тарийхый шахслардың естелигин қәдирлеў, өзбек әдебий мийрасын үгит-нәсиятлаў арқалы жас әўладта тарийхый сананы оятыўға қаратылған бүгинги ҳәрекетлер болса тиккелей социаллық турақлылық ҳәм миллий тилеклесликке хызмет етеди. Айтайық, "Миллет пидайылары" комплексинде сәўлеленген тарийхый өтмишлер - бул миллеттиң өзлиги. Өзлигин аңлаған халық болса ҳәр қандай реформаның мәнисин түсинип, унамлы қабыл етеди. Мәселен, Өзбекстан тарийхында белгили дәўирлерде жаңаланыўлар баслама сыпатында басланған болса да, тарийхый билим ҳәм тәжирийбеге тийкарланбағаны себепли сәтсизликке ушыраған. Бүгинги реформалар болса алдынғы қәтелерден жуўмақ шығарып, басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырғаны ушын унамлы нәтийже бермекте. Ҳәр бир тараўға байланыслы нызамлар, стратегиялар, мәмлекетлик бағдарламалар ислеп шығылыўынан алдын өтмиштеги тәжирийбе, тарийхый шараятлар, халықтың мәденияты ҳәм қәдириятлары есапқа алынбақта.
Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, тарийх жәмийетти ояў тутады. Ҳәр қандай өзгерис белгили бир социаллық сана дәрежесинде қабыл етиледи. Егер халық өзиниң тарийхын билмесе, өзиниң қандай жоллардан өткенин үйрениўди қәлемесе, оны реформаларға қызықтырыў, мобилизациялаў қыйын болады. Сол себепли бүгинги Өзбекстан сиясатында тарийхый сананы жоқарылатыў, тарийх илимин раўажландырыў, музейлер, естеликлер, тарийхый ўақыяларды сәўлелендиретуғын медиа өнимлер, көркем шығармалар, заманагөй контентлер арқалы өтмишти аңлаўға итибар күшеймекте. Бул тиккелей реформаларды халық арасында қабыл етиўге хызмет етип атыр.
Майданда миллет оянды
Ҳәр бир инсан ой-пикиринде ата-бабалар естелиги бар. Мине усы ишки қуўат сана астында жатады, бирақ жоғалмайды. Ол тек ғана күш емес, бабаларымыздың келбети менен уйғынласқан руўхый жағдай. Сол себепли тарийх биз оны билгенимизде емес, ал сезе алғанымызда оянады. Қашан инсан өз ата-бабасының қандай гүреслер алып барғанын, қалай жеңилгенин ҳәм қалай жоқарылағанын аңласа, ишиндеги алплық руўх тамырларында дирилдей баслайды. Бул қубылыс тарийхый сананың гендеги қуўатқа айланған көриниси болады.
Бүгинги табыслар тийкарында ерк-ықрар, исеним ҳәм ишки мақтаныш турады. Булар болса тарийхый тамырдан азықланады. Өзбекстан миллий сайланды командасының футбол бойынша жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизгени әпиўайы спорт жеңиси емес, ар-намыстың, әўладлар әрманының әмелдеги көриниси болып табылады. Бул жеңистиң артында тек ғана тынымсыз шынығыўлар, жетик тактика ҳәм стратегиялар емес, ал бир халықтың тарийхый яды, өзлигин дәлиллеўге умтылыўы жәмленген.
Бүгин футболшыларымыздың жүзинде тек ғана қуўаныш емес, ал тарийх алдындағы қарызды төлеген адамның ишки қәтержамлығы да бар. Себеби, олар халық исенимин ақлады, биринши мәрте Өзбекстан атын жәҳән чемпионаты майданларына алып шықты. Бул енди пүткил бир миллет руўхында жаңа дәреже, жаңа арзыў, жаңа үмит дегени. Енди өзбек жасларының көзинде "тәкирарлай аламыз" деген исеним бар, енди бетлеримизде нийеттиң өзи емес, әмелде қолға киргизилген тарийхый мысал бар. Мундиал жолламасын байрамлаған халқымыз кеше тарийх тек сабақлықларда емес, стадионларда, көшелерде, үйлерде, кеўиллерде жасайтуғынын дәлилледи.
Футбол, Беккенбауэр айтпақшы, бир ўақыттың өзинде ең әҳмийетли ҳәм пүткиллей әҳмийетли болмаған нәрсе. Ол миллетлераралық тил табысыў ҳәм жүректен жүрекке көпир орнатыў қуралы болып есапланады. Әсиресе, соңғы жүз жыллықта футбол тек ғана стадионларда емес, ал пүткил халықлар тәғдиринде де шешиўши күшке айланған. Миллионлар ойыны айырым жағдайларда мәмлекетлер арасындағы душпанлықты жумсартқан болса, басқаларында жәмийет ишиндеги қарама-қарсылықларды жеңип өтиў ушын бирлесиў дереги болған.
2005-жыл. Кот-д‘Ивуар урыс себепли бөлинип кеткен еди. Сол жылы сайланды команда жәҳән чемпионатына шыққаннан соң, атақлы футболшы Дидье Дрогба халыққа мүрәжат етип, беллесиўлерди тоқтатыўды сорады. Ол команданың жеңисин миллий татыўлық ушын имканият деп атады. Бул шақырық урысты ўақытша тоқтатты.
2010-жыл. Футбол бойынша жәҳән чемпионаты Африка материгинде биринши мәрте өткерилди. Турнир пүткил континентти бирлестириўши символға айланды. Жарыс даўамында шегаралар емес, бир континенттиң улыўма қуўанышы ҳәм үмити үстин болды. Бул ҳәдийсе континентал бирлик руўхы сыпатында тарийхқа мөрленди.
Футболшылардың жүрегинде тарийх бар еди. Олар бул тарийхты өз елине, дүньяға мақтаныш пенен көрсетти. Даңқлы өтмиш сондай - басып өтилген жолды үйретпейди, ал кейинги жолда қалай ҳәрекет етиў кереклигин үйрететуғын шексиз дерекке айланады.
Азизбек ЮСУПОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы