Бүгин "Өзбекстан - дүньялық мәмлекет" принципинде қандай өзгерислер болып атырғаны, оның турмысымыздағы әҳмийети ҳаққында ойласпақшымыз. Себеби, дүньялық мәмлекет принципи келешек кепиллиги болып табылады.

Жаңа Өзбекстан реформалардың биринши күнинен баслап-ақ инсан қәдирин улығлаўдай ийгиликли мақсет пенен раўажланыў жолын таңлаған еди. Егер бахыт формуласы жаратылыўы керек болса, ол инсан қәдири тийкарында қурылады. Қәдир көрмеген адам болса басқа ҳеш нәрсеге ерисе алмайды. Мине усындай турмыслық идея тийкарындағы дәслепки өзгерислер бизди Үшинши Ренессанс тырнағын қалаўдай үлкен шеклерге алып келди. Бүгин жаңа ояныў дәўириниң тийкарлары жаратылмақта. Бул процессте бас нызамымызда "Өзбекстан - дүньялық мәмлекет" деген принцип өз көринисин табыўы шешиўши мәселе болып есапланады. Не ушын дүньялық мәмлекет принципин раўажланыўдың оқ тамыры сыпатында көрсетпектемиз. Буны ҳәр тәреплеме таллаўға ҳәрекет етейик.

Ҳәр түрли көзқараслардың бирден-бир көриниси

Инсан бәрқулла бахыт излеп жасайды. Жоқарыда айтқанымыздай, бахыттың формуласы инсан қәдирине байланыслы. Жәмийетлер болса, ҳәр түрли көзқараслар, исенимлер, ҳәр түрли миллет ҳәм халықлардан ибарат. Атап айтқанда, Өзбекстан да. Олардың ҳәр бири бахытты тек ғана өзиниң көзқарасы, идеологиясы, исеними тийкарында қурыў мүмкин, деп биледи ҳәм бул тәбийий жағдай. Тәбийий емеслик сонда, абсолют еркинлик ямаса пүткиллей шеклеўлер мине усы ҳәр қыйлы көз қарасларға тақатсызлықты келтирип шығарады. Ақыбетинде пүткил жәмийетти бир қәлипке салыў, бирден-бир идеология тийкарында бахытлы болыў мүмкин деген көзқарас ҳәўиж алады. Бул болса келиспеўшиликлерге себеп болады. Қандай да бир категорияның идеясы алға қойылып, басқалардың ҳуқықы, қәдири жерге урылады.

Өзбекстан дүньялық мәмлекет сыпатында бундай келиспеўшиликлерге шек қоятуғын жолды таңлаған. Яғный, ҳәзирги нызамлар ҳәмме ушын тең түрде ҳүждан еркинлигин тәмийинлейди. Усы арқалы жәмийетте тилеклеслик, көзқараслары ҳәр қыйлы пуқаралардың бирден-бир мақсет - мәмлекеттиң раўажланыўы деген идея әтирапында бирлесиўи тәмийинленбекте. Онда "Биз бир болсақ - бирден-бир халықпыз, бирлессек - Ўатанбыз!" деген сүрен жолшы жулдыз болмақта.

Инсаният тарийхынан жақсы белгили: тилеклесликтиң жоғалыўы, идеологиялық гүреслер үлкен мәмлекетлердиң қыйралыўына себеп болды. Ҳәзирги глобал дүньяда идеологиялық ҳүжимлердиң көлеми қаншелли кең екенлиги, оның аянышлы ақыбетлерине артықша тәрийип бериў шәрт емес. Бирақ ҳәммеге белгили бир ҳақыйқатты тәкирарлаў зәрүр: бүгин идеологиялық ҳүжимлер, жаслардың санасын ийелеў арқалы тынышлықты бузыў, дүньяға жекке ҳүкимдарлық етиў тилеклери ҳәр қашанғыдан да күшейди.

Егер қандай да бир мәмлекеттиң машқаласы экономика менен байланыслы болса, оны шешиў мүмкин. Себеби, экономикада анық санлар ислейди ҳәм бундай мәселеге шешим табыў аңсат. Ҳәттеки шегара мәселесинде де келисиў мүмкин екенин жаңа Өзбекстан мысалында көрдик. Орайлық Азия мәмлекетлери менен дослық қатнасықлары орнатылыўы арқалы шегара менен байланыслы мәселелер де шешилди. Улыўма, бул бағдардағы үлкен реформалар фонында Орайлық Азия руўхы пайда болды.

Бирақ, идеологиялық ҳүжимлерден қашыў, бундай сынақтан аман өтиў аңсат емес. Буның бирден-бир жолы дүньялық мәмлекет принциплерин беккем услаў, усы тийкарда сиясат жүргизип, халықтың тилеклеслигин тәмийинлеў болып есапланады. Бүгин жаңа Өзбекстан дүньяда тынышлықты сүйиўши мәмлекет сыпатында тән алынып атырғаны дүньялық мәмлекет принципиниң әмелдеги көриниси. Атап айтқанда, елимизде миллетлераралық қатнасықлар тараўында мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы мақсетлери анық белгилеп қойылған. Оған бола, жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, исеними, социаллық статусына қарамастан, барлық пуқара теңдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе. Олардың нызам алдында теңлиги де тәмийинленген. Буннан тысқары, елимизде түрли миллет ҳәм халықлардың тили, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери ҳүрмет етиледи. Мине, усының өзи жоқарыда айтып өткен барлық мәселелердиң шешиминиң оқ тамыры болып табылады. Себеби, бул әмелий жумыслар себепли жәмийетте дослық, өз-ара аўызбиршилик, татыўлық, адамгершилик ҳәм кеңпейиллик мәденияты беккемленген. Усы арқалы миллетшилик ҳәм шовинизмге, пуқаралардың миллетине қарап кемситилиўине және Конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлериниң бузылыўына жол қойылмайды. Бул болса жәмийетте уллы идея - мәмлекеттиң суверенитетин беккемлеў ҳәм турақлы раўажландырыў, мәмлекеттиң аймақлық пүтинлигин беккемлеўге ерисиўде оғада әҳмийетли фактор.

Дүньялық мәмлекеттиң тийкарын болса ҳәр тәреплеме жетик, потенциаллы кадрлар, ой-пикири кең жаслар қурайды. Сонлықтан, жасларымызды миллий мақтаныш, улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет сезимин жетилистириўге қаратылған сиясат алып барылмақта. Буны илимге үлкен итибар берилиўинде де көриўимиз мүмкин. Бул арқалы жасларды дәраматлы кәсип ийелери етип тәрбиялаў, заманға сай IТ технологиялар, руўхыйлық, көркем өнер ҳәм әдебият, спорт пенен дос тутыныў ушын барлық имканият иске қосылмақта. Буннан тысқары, жадидлердиң илимий мийрасын үйрениў, атын мәңгилестириў, өлмес идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлаўға да айрықша әҳмийет берилмекте. Себеби, бундай реформалар менен ғана инсан капиталын жетилистириў мүмкин. Және тәкирарлаймыз: бул - оқ тамыр. Соның ушын, мәмлекетимиз басшысы: "Бизиң еки оқ тамырымыз, еки таяныш үстинимиз бар: бири - экономика, бири - мәнаўият. Мәнаўияты уллык халық - экономикалық жақтан да уллы болады", деген еди.

Кеңпейиллик, өз-ара татыўлық, ҳүждан еркинлигиниң әҳмийетин тарийхый фактлар тийкарында талқылайық. Себеби, тарийх - келешектиң айнасы, оған қарап үлги алыў ҳәр бир перзенттиң миннетлемеси болып есапланады.

Илимий, экономикалық раўажланыў еркин пикирден күш алады

Мақаламыздың басында дүньялық мәмлекет принципи келешек кепиллиги екенлиги ҳаққында айтып өткен едик. Енди бул пикиримизди тийкарлаў ушын тарийх ҳәм бүгинги күнимизди салыстырып, талқылайық. Жоқарыда дүньялық мәмлекет принциплери ҳаққында пикир жүргизген едик. Соннан келип шығып айтыў мүмкин, Өзбекстан сыяқлы көп миллетли мәмлекетте дүньялық мәмлекет принципин әдил түрде белгилеў аңсат емес. Бирақ, бул халқымыз ушын жат емес. Яғный, бундай әдилликти орнатыў қанымызда бар. Мәселен, уллы бабамыз Мырза Бабур буған айқын мысал болады. Ол Ҳиндстанға барғанда үлкеде ҳәр түрли халық, қәўим жасайтуғын, ҳәр бир шаңараққа тән қудайы бар жәмийет қәлиплескен еди. Бабур болса пүткиллей басқа дин ҳәм көзқарас ийеси еди. Бабамыз өз динин толық билген, бул бойынша ҳәттеки илимий тийкардағы китаплар жазған алым, патша ҳәм шайыр сыпатында зийреклик пенен ҳәрекет етти. Бабур ҳәзиретлери халқымызға тән әдилликке бағдарланған дүньялық мәмлекетке тийкар салды. Ҳәр түрли көзқарас ҳәм идеологияға ийе жәмийет ағартыўшылық пенен басқарылды ҳәм бабурий шаҳзадалары буны узақ ўақыт даўам еттире алды.

Енди жақын өтмишимизге қайтайық. Ханлықлар дәўиринде аймақлық ҳәм экономикалық суверенитети төмен, басқарыўдағылардың көпшилиги өзин жоқары қатлам деп билгенлиги себепли, ҳуқықый, демократиялық көзқараслар есапқә алынбаған, нәтийжеде социаллық әззи қатлам көбейип, кәмбағаллық дәрежеси артқан еди. Себеби, үрп-әдетлерге толтырылған дүнья қарас заманагөй илимди өзлестириўге тосқынлық ететуғын еди. Нәтийжеде жаслардың көпшилиги илимнен узақ, пикирлеўлери тар болып өскен еди. Тийкарынан, бундай жәмийетте ўатансүйиўшилик туйғысы да төмен болады. Мәселен, басқыншылар қыстың суўығында Әмиўдәрьяны кесип өтиўде, азық-аўқат бойынша қыйыншылықта қалғанында жергиликли халық айрықша меҳир менен оларға жәрдем бергенлиги ҳаққында фактлер бар. Соның өзи-ақ мәмлекет, миллет тәғдирине бийпәрўа жәмийеттиң қәлиплескенлигин көрсетеди. Буның факторы болса жәмийетте тилеклесликтиң, абадан турмыстың жоқ екенлиги менен байланыслы.

Сол себепли, басып алыўшылар аңсатлық пенен елимизди ҳәм барлық байлықларымызды ийеледи. Дурыс, көпшилиги байлардың перзентлери болған жадидлер дурыс жолды таўып, сол арқалы журтты азат етиў жолында исенимли қәдемлер таслаған еди. Бирақ, жәмийетте тилеклеслик жоқлығы, халық бирден-бир ўатан болып қәлиплеспегенлиги, экономикалық әззилик өз бойын көрсетти. Усы дәлилдиң өзи-ақ дүньялық мәмлекет принципи раўажланыўдың оқ тамыры екенин тастыйықлайды. Себеби, илимсиз экономикалық өсиўге, еркин пикирлеместен, ҳәммени өзи менен тең инсан, деп билместен илимге ерисип болмайды.

Жаңа Өзбекстанда ата-бабаларымыздың мийрасына айрықша итибар қаратылып, халықаралық дәрежедеги фестиваллар, илимий әнжуманлар өткерилиўиниң себеби де сонда. Биз даңқлы тарийхымызға, бай мәдений мийрасымызға мүнәсип әўладларды тәрбиялаўымыз керек. Онда жадидлердиң мийрасын үйрениўге үлкен итибар қаратылып атырғаны да бийкарға емес. Әйне олар жаңа редакциядағы Конституциямыздың 1-статьясында жазылғанындай елимизди суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет сыпатында көриўди әрман еткен, усы жолда жанын пидә еткен еди. Хош, оларға қаншелли мүнәсип әўлад екенимиз жадидлер арзыў еткен суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет қурыўдағы реформалар менен өлшенеди, деп ойлайман. Келиң, тәкирарлап болса да, бул бағдарлардағы өзгерислердиң айырымларын еске алайық.

Бириншиден, мәмлекет суверенитети ҳәр тәреплеме беккемленди. Қоңсы мәмлекетлер менен шегара мәселеси түп-тийкарынан көрип шығылды ҳәм тарийхый нәтийжелерге ерисилди. Бул аймақлық пүтинликти тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ие болды. Қалаберсе, миллий армиямызды тек физикалық ҳәм техникалық жақтан емес, ал руўхый жақтан да раўажландырыў бағдарында айрықша жумыслар исленбекте. Мәселен, "Темурбеклер мектеби"нде жасларымыз миллий мақтаныш, улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет сезиминде камалға келмекте. Буннан тысқары, халық арасында әскерий ўатансүйиўшиликти кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында түпкиликли өзгерислер әмелге асырылды. Бир ўақытлары армия биз ушын пүткиллей жабық қорған еди. Ҳәзир ондағы шараятлар, техникалық имканиятлар ашық есиклер күни, ғалабалық әскерий шығыўлар арқалы көрсетилмекте. Сол арқалы армия шын мәнисинде халық арасына кирип барды. Бундай өзгерислер тек ғана жаслар арасында әскерий ўатансүйиўшилик руўхын күшейтпей, ал жәмийетте ертеңги күнге исенимди де беккемлемекте.

Және бир әҳмийетли фактор - экономикалық абаданлық. Көплеген мәселелерге шешим болатуғын экономикалық раўажланыў мәмлекеттиң суверенитетин беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Бул бағдардағы өсиўлер де адамды қуўандырады. Атап айтқанда, экономикамыз 100 миллиард долларлық тарийхый шектен асты. Итибар бериң, 2018-жылы халықтың жан басына дәрамат 1600 доллар еди. Ҳәзир 3000 долларға жетиўи күтилмекте. Бул халықтың турмыс тәризинде айқын көзге тасланады. Әпиўайы мысал: буннан үш жыл бурын қала көшеси кешки саат 12:00 ден кейин босап қалатуғын еди. Азанда саат 7 де көшеге шыққаныңызда да сондай жағдай еди. Ҳәзир дерлик 24 саат даўамында көшелерде тығылысқа дус келесиз. Бул тек ғана халықтың көбейиўи менен байланыслы емес. Дерлик ҳәр бир шаңарақта жеке машина бар, дегени. Жәҳән банки де 2024-жылы Өзбекстан Европа ҳәм Орайлық Азияда экономикасы ең тез өсип атырған 3 мәмлекет қатарынан орын алғанын атап өтти.

Екиншиден, демократиялық, ҳуқықый мәмлекет сыпатында пикир еркинлигине кең жол ашылды. Пикир еркинлиги ҳаққында сөз болғанда әдетте қанша ғалаба хабар қураллары жумыс алып барып атырғанын айтамыз. Бирақ олар қалай шығып атырғаны, пикирлерди ортаға таслап атырғаны ҳаққында көп сөз болмайды. Ақыры демократияның тийкарларынан бири - пикир еркинлиги! Факт сонда, бүгин социаллық тармақларда да ҳәмме өз пикирин нызам шеңберинде билдирмекте. Жәмийетте пикирлер, көзқараслар ҳәр қыйлылығы қәлиплеспекте. Баспасөзде, атап айтқанда, "Янги Ўзбекистон" газетасы ҳәм оның рәсмий веб-сайтында да аналитикалық-сын мақалалар берип барылмақта. Бул да мәмлекетимизде төртинши ҳәкимияттың ғәрезсизлигин тәмийинлеў, демократиялық принциплерди толық қәлиплестириўге қарай исенимли түрде баратырғанын көрсетеди.

Ҳуқықый мәмлекет сыпатында да елимизде жүдә көп реформалар әмелге асырылды. Әпиўайы мысал: жерлеслеримиз мүрәжат етиў ҳуқықынан толық пайдаланыў имканиятына ийе болды. Халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, оларға мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде пүткиллей жаңа система жаратылды. Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек, деген шақырық пенен басланған реформалар турмыста өз көринисин тапты. Буның нәтийжесинде жүдә көплеген инсанлардың турмысы түп-тийкарынан өзгерди. Әйне инсан ҳуқықларының кепиллениўи себепли наҳақ қамаққа алынған, жазаға тартылғанлар әдеттеги турмыс тәризине қайтарылды. Қамаққа алыў, тергеў процесслери өзгерди. Мәселен, мәмлекет тәрепинен гүманланыўшыға юридикалық хызмет көрсетиў кепиллиги берилди. Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң сапасы түп-тийкарынан өзгерди. Мәселен, бир ўақытлары паспорт алмастырыў ушын күнлеп нәўбет күтип, ҳүжжет тапсырылатуғын еди. Бундай қыйыншылық ҳәм жасалма тосқынлықлар таныс-билисшилик ҳәм "алыс-берис"ке тийкар жарататуғын еди. Ҳәзир онлайн арза тапсырыў, паспортты почта хызмети арқалы да алыў мүмкин. Ҳәттеки зәрүрлик пайда болғанда бул хызмет үйге барып да көрсетилмекте. Бундай мысалларды узақ санаў мүмкин. Мақсет сонда, халқымыз өз турмысындағы унамлы өзгерислерди ертең ямаса узақ келешекте емес, ҳуқықый мәмлекеттиң пуқарасы сыпатында әйне бүгин көре баслады.

Үшиншиден, жаңа Өзбекстан үлкен шеклерди ийелеўде социаллық мәмлекет принципине әмел етиў жолынан бармақта. Нәтийжеде артқа қайтпайтуғын түс алған реформалардың турмысқа енгизилиўи тәмийинленбекте. Биз социаллық мәмлекет қандай болыўын артықша тәрийиплеп бериўден аўлақпыз. Бирақ бул бағдарда басланған жумыслардың нәтийжеси, мазмуны ҳаққында кеңирек тоқталсақ. Себеби жоқарыда айтқанымыздай, жәмийетте ўатансүйиўшилик руўхының жоқарылығы социаллық әдилликке байланыслы.

Әдетте, қандайда бир принцип, реформа дәслеп нызамларда өз көринисин таўып, кейин әмелиятқа енгизиледи. Жаңа Өзбекстанда социаллық мәмлекет принципине өтиў дәслеп әмелий көринистен нызамлы тийкарға барды. Яғный, бул бағдардағы тәжирийбемизди арттырып, беккемлеп, соған мүнәсип тәризде нызамлы тийкарга өттик. Атап айтқанда, 2017-2021-жылларға мөлшерленген Ҳәрекетлер стратегиясында да социаллық тараўды раўажландырыў белгиленген еди. Соның менен бирге инсан капиталын раўажландырыў бағдарында да ўазыйпалар көрсетилген еди. Нәтийжеде жоқары билимлендириўге қамтып алыў жыл сайын арттырылып барылды. Билимлендириўдиң барлық басқышында бәсекини тәмийинлеў арқалы сапа көрсеткишин арттырыў бағдарында да жүдә үлкен өзгерислер болды. Жеке меншик секторға кең жол ашылды. Нәтийжеде өткен дәўирде 25 мыңнан аслам жеке меншик бақша, 70 ке шамалас мәмлекетлик емес жоқары оқыў орны шөлкемлестирилди. Усы тәризде мектепке шекемги билимлендириўдиң қамтып алыўы 74 проценттен, жоқары билимлендириўде болса бул көрсеткиш 39 проценттен артты. Реформалардың дәслепки дәўиринде инсан капиталын арттырыўға қаратылған жумыслар усы тәризде әмелий көриниске ийе болды.

Және бир әҳмийетли бағдар бәнтлик, материаллық тәмийнат мәселеси болып табылады. Бул бағдарда да социаллық мәмлекет жуўапкершилиги болған реформалар бираз алдын басланған еди. Атап айтқанда, "Темир дәптер", "Ҳаяллар дәптери" ҳәм "Жаслар дәптери" шөлкемлестирилди. Жумыс ислеп атырған пенсионерлерге жүз процент пенсия төлеўге өтилди. Бул процесс даўам етип, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги шөлкемлестирилди, моноорайлардың жумысы жолға қойылды. Кәмбағаллық жағдайындағы, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ағзалары билим алыўы, өнер үйрениўи ушын бир қатар жеңилликлер енгизилди. Социаллық бағдардағы реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў ушын 2022-жыл Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы деп аталды. Усы тәризде халықты социаллық қорғаў стратегиясы тастыйықланды. Әҳмийетлиси, мәмлекетте кәмбағаллық машқаласы биринши мәрте тән алынды. Халыққа социаллық жәрдем бериўдиң жаңа системасы енгизилди. Бул бағдардағы жумыслар билимлендириў ҳәм медицина тараўларындағы реформалар менен беккемленип барылды.

Әпиўайы ҳәм анық етип айтқанда, социаллық мәмлекет дегени халықшыллық, адамгершиликке бағдарланған әдалатлы басқарыў екенлигин турмысымыз мысалында көрдик. Бул әдиллик инсанлардың физикалық, руўхый ҳәм материаллық жағдайына қарамастан, ҳәммеге теңдей имканият жаратыў екенине гүўа болмақтамыз. Социаллық әдилликти орнатыў арқалы ҳәммениң арзыў-нийетлерине кең жол ашылмақта.

Мақаламыздың басында дүньялық мәмлекет принципи раўажланыўдың оқ тамыры екенин көп мәрте тәкирарладық. Буның әҳмийети ҳәм бул көзқарас бизиң генимизде де бар екенлигин имканы барынша дәлиллеўге урындық. Егер тарийхымызда бул бағдарда артқа кетиў бақланған болса, ол да тәбийий процесс. Себеби, гендеги кодлар айырым себеплерге байланыслы ўақты-ўақты "дем алыў"ға бейим болады. Бүгин мине усы кодлар және қанымызда пайда болмақта. Ата-бабалардан мийрас бундай ийгиликли басламалар, турмыслық реформалар болса жаңа редакциядағы Конституциямызда мөрлеп қойғанбыз. Буның әҳмийетин, турмысымыздағы көринисин газетамыздың өзине тән конституциялық ҳәптелигинде жәрияланған мақалаларда ашып бериўге урындық.

Атап өтилгениндей, дүнья сиясий майданында кескин өзгерислер, еки түрли стандартлар ҳәўиж алған. Усындай ўақытта жаңа Өзбекстан - тынышлық елшиси, деп тән алынып атырғаны бийкарға емес. Себеби мәмлекетимиз ишки сиясаттағы түпкиликли өзгерислерди усы форматта сыртқы сиясатта да кеңнен үгит-нәсият етпекте. Бир ғана мысал, соңғы жыллары Өзбекстанның басламасы менен БМШның халықаралық көлемдеги 11 резолюциясы қабыл етилди.

Нызамлар әмел етилген ўақытта ғана жасайды, деген пикир бар. Жаңа Өзбекстан Конституциясы уллы ата-бабаларымыздан мийрас болған улыўма инсаныйлық идеялар, ийгиликли пикирлер менен байытылған. Бундай нызам артқа қайтпайтуғын түрге енген реформаларға күш береди. Жәмийетти бир пүтин халық, бирден-бир ўатан етип қәлиплестиреди.

Боборавшан ҒОЗИДДИНОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы