Президентимиздиң басламасы менен Саудия Арабстанының “ACWA Power” компаниясы менен биргеликте 2023-жыл ноябрь айында Ташкент ўәлаяты Шыршық қаласында ирге тасы қойылған жойбар усы жылдың июнь айында иске қосылды. Усы тәризде мәмлекетимиз жаңа санаат өними - "жасыл водород" және жасыл аммиак, жасыл минерал төгинлер ислеп шығара алатуғын санаўлы мәмлекетлердиң қатарынан орын алды.
Бул тарийхый ўақыяның әҳмийетин толық түсиниў ушын бүгинги экологиялық жағдай, альтернатив энергияның раўажланыўы, дүнья көлеминде "жасыл водород" ислеп шығарыў тармағы ҳәм келешектеги перспективаларын таллаў керек...
Экологиялық машқалалар тарийхы адамзат цивилизациясының дәслепки дәўирлерине барып тақалады. Яғный тәбият пенен қатнаста көбинесе итибарсызлыққа жол қоямыз ҳәм нәтийжеде норма изден шығады. Мәселен, буннан 3700 жыл алдын әййемги Месопотамия халқы санының артыўы нәтийжесинде аўыл хожалығы өнимлерине талап күшейеди. Ол жерде жасайтуғын шумерлер болса тез ҳәм көп егин жетистириў мақсетинде атызларды керегинен артық суўғарады. Бул болса топырақтың шорланыўына, өнимсиз ҳәм жарамсыз ҳалға келип қалыўына себеп болады. Орта әсирлерде болса Англияда нормадан артық көмир жағылыўы нәтийжесинде ҳаўаның патасланыў дәрежеси еселеп артқан.
Дүнья көлеминде тәбиятқа инсанның унамсыз тәсири күшейе баслаған ноқат XVIII әсирдеги санаат революциясы. Кейинги жүз, еки жүз жыл ишинде қурылған ири завод ҳәм фабрикалар, санаат кәрханалары жоқары экономикалық жетискенликлерге тийкар жаратыў, өндирис көлеми артып, инсаният талабын қанаатландырыў менен бирге тийкарғы қуўат дереги сыпатында нефть, көмир, газ сыяқлы экологияға зыянлы жанылғыдан пайдаланыў ақыбетинде озон қатламының жемирилиўи, қоршаған орталықтың патасланыўы, кескин климат өзгериўи сыяқлы глобал машқалаларды жүзеге келтирди.
Әсиресе, кейинги жыллары дүньяның түрли регионларында ҳаўа температурасының кескин артып кетиўи ямаса керисинше, түсиўи, суў тамтарыслығы, қалаларда ҳаўаның патасланыў дәрежесиниң көтерилиўи, жасыл майданлардың жыл сайын азайып барыўы экологиялық машқалалар ҳаққында терең бас қатырыў керек екенлигин көрсетти.
Дүнья илимпазлары, экспертлер бул машқаланың ең ақылға уғрас шешимлеринен бири сыпатында күнделикли турмыс, аўыл хожалығы, санаат кәрханаларында атмосфераға зәҳәрли ийис газин шығаратуғын нефть, газ, көмир өнимлеринен жанылғы сыпатында пайдаланыўды азайтыў, басқышпа-басқыш қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыў үлесин арттырыў екенин атап өтпекте. Сондай-ақ, бул энергия қуралларының ең үлкен абзаллығы - бул таўсылмайтуғын дәреклер қатарына кириўи болып есапланады.
Бул бағдарда дүнья көлеминде жедел пәт пенен өсиў бақланбақта. Халықаралық энергетика агентлиги (ХЭА) мағлыўматларына бола, 2025-жыл қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң электр ислеп шығарыўдағы үлеси 29 проценттен 35 процентке артыўы күтилмекте. Өзбекстанда да альтернатив энергия дәреклерине таянған "жасыл экономика"ға өтиў бағдарында системалы, артқа қайтпайтуғын реформалар алып барылмақта. 2025-жылдың "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы" деп аталыўы да мәселеге мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып атырғанын аңлатады. Итибарлысы, елимизде қайта тиклениўши дәреклердиң үлесин усы жылы электр энергиясын ислеп шығарыўда 26 процент, 2027-жылдан 30 процент, 2030-жылдан 55 процентке жеткериў мақсет етилген.
Арзан, қәўипсиз ҳәм экологиялық таза жанылғы
Санларға артықша итибар бериўдиң кереги жоқ. Гүўасы болып турғаныңыздай, ҳәзирги ўақытта күнделикли турмысымызда қайта тиклениўши энергия қуралларынан жедел пайдаланылмақта. Соның ишинде, көшелерде ҳәр қыйлы маркадағы электромобиллердиң саны артып бармақта. Жол бойындағы шырақлар, турақ жайлар, мектеп, бақша, емлеўханалар қуяш панеллери менен жарытылмақта. Ойпатлық, таў-қырларда ири самал электростанциялары қурылмақта. Халық альтернатив энергияның пайдасын сезгеннен соң, арзан ҳәм қолайлығы ушын оннан пайдаланыўды таңламақта. Ҳүкимет экологияға зыянсыз дәреклерден пайдаланып атырған ўатанласларымыз ҳәм исбилерменлерди субсидия ажыратыў, түрли жеңилликлер бериў арқалы қоллап-қуўатламақта. Бул болса олардың және де ғалабаласыўына тийкар жаратпақта.
Бүгин тек ғана Өзбекстанда емес, ал пүткил дүньяда альтернатив энергия ислеп шығарыў ҳәм оны ғалаба ен жайдырыў ең әҳмийетли мәселелерден бири болып тур. Бирақ дүнья тәжирийбеси айырым тараўларда нефть, көмир, газ жанылғыларын пүткиллей альтернатив энергия менен алмастырыў мүмкин емес екенлигин көрсетпекте. Атап айтқанда, халықаралық транзит - кемелер ҳәм самолётларда елеге шекем дәстүрий энергия дәреклеринен пайдаланылмақта. Сондай-ақ, ири санаат кәрханалары ушын үлкен қуўатлылық зәрүрлиги себепли бул тараўларды альтернатив энергия қураллары кеңнен қамтып ала алмай атыр. Оларды узақ мүддет сақлап турыў, үлкен көлемде бир жерден басқа жерге көшириўдеги қолайсызлықлар барлық тармақты бирдей қамтып алыўға жол қоймай атыр.
Бул машқаланы болса альтернатив энергия қуралы жәрдеминде ислеп шығарылатуғын "жасыл водород" жанылғысы шешеди. Ол экологиялық таза, арзан ҳәм қәўипсиз өним болып, жоқарыдағы қолайсызлықларға себеп болмайды.
Бәринен бурын, "жасыл водород" не екенин билип алыўымыз зәрүр. Тийкарында, үш түрли: "күл рең водород", "көк водород" ҳәм "жасыл водород" жанылғылары бар. Олардың барлығы күнделикли турмыста энергия дереги сыпатында пайдаланылады. Суўдан водородты ажыратып алыўда қайсы усылдан пайдаланыўына қарап олар бир-биринен парық қылады.
Мысалы, "күл рең водород" суўдан көмир ҳәм метан газы арқалы ажыратып алынады. "Көк водород" да дәстүрий энергия дәреклери жумсалған ҳалда ажыратып алынып, түрли технологиялар менен қайта исленеди.
"Жасыл водород" болса суўдан альтернатив энергия қуралларының қуўатлылығына сүйенген ҳалда ажыратып алынады ҳәм соның ушын да экологияға пүткиллей зыянсыз есапланады. "Жасыл водород" жанылғысынан пайдаланғанда суў пуўы бөлинип шығады, пуў да тәбиятқа унамсыз тәсир көрсетпейди. Сонлықтан, бүгин дүнья мәмлекетлеринде "жасыл водород" ислеп шығарыў ҳәм оннан ҳәр қыйлы тараўларда пайдаланыўды кеңейтиўге үлкен итибар берилмекте. Ҳәзирги ўақытта тек алты мәмлекетте ғана "жасыл водород" ислеп шығаратуғын заводлар болса, көпшилик мәмлекетлерде бул бағдарда жаңадан-жаңа жойбарлар иске қосылыў алдында.
Атап айтқанда, 2025-жылдың басындағы мағлыўматларға бола, дүнья көлеминде қуяш панеллери менен ислейтуғын "жасыл водород" жанылғысын ажыратып алатуғын заводлардың қуўатлылығы 3,2 гегаватт болса, турмысқа енгизилиўи күтилип атырған жойбарлардың қуўатлылығы 10,5 гегаваттқа тең. Самал энергиясына таянғанларының қуўатлылығы 2,1 гигаватт, иске қосылыўы күтилип атырғанларының болса 12,6 гигаваттты қурайды. Санлардан да "жасыл водород" ислеп шығарыў келешек тараўы екенин аңлаў мүмкин.
Әсиресе, Япония, Қытай, АҚШ, Европаның гигант мәмлекетлери "жасыл водород" жанылғысын ислеп шығарыў ҳәм оннан жедел пайдаланыўға ҳәрекет етпекте. Мәселен, Германия тармаққа ең көп инвестиция киргизип атырған мәмлекетлерден. Ол жерде жанылғы трубалары, оның қуйыў шақапшаларын қурыў ҳәм тараўда илимий-изертлеў алып барыў жумыслары жедел пәтте барып атырғанын көрген қәнигелер мәмлекетти "жасыл водород" революциясының басында тур, деп тәрийплемекте. Германия 2024-жыл "жасыл водород" ислеп шығарыў бағдарындағы жигирмаға шамалас жойбарға 13,2 миллиард евро ажыратқан.
Япония болса тек ғана "жасыл водород" ислеп шығарыў емес, ал усы жанылғыда ҳәрекетленетуғын автомобиллерди жаратыў бойынша да басқа мәмлекетлерден алдынлап кеткен. Соның ишинде, мәмлекетте ислеп шығарылатуғын “Toyota Mirai” автомобили "жасыл водород" жанылғысында жүретуғын ең белгили моделлерден бири болып есапланады.
Қытай, араб мәмлекетлери де бул бағдарда анық раўажланыў стратегияларын белгилеп, "жасыл водород" жанылғысын ислеп шығарыў тараўында жетекшиликти өз қолына алыўға умтылмақта.
Қуўанышлы тәрепи, мәмлекетимиз басшысының ақылға уғрас сиясаты нәтийжесинде биз де бүгинги күнде "жасыл водород" ислеп шығаратуғын санаўлы мәмлекетлерден бирине айландық.
Жақын келешекте автомобиллеримиз суў жәрдеминде жүрсе әжеп емес
"Бул машина суўда емес, бензинде жүреди", деген сөзлерди күнделикли турмысымызда көп мәрте еситкенбиз. Мүмкин, бир ўақытлары қыялыңыздан "Не ушын суў қуралында ҳәрекетленетуғын транспорт жаратыўдың имканы болмайды", деген пикир өткен шығар. Бүгин де автомобиллер суўда жүре алмайды, бирақ қайта тикленетуғын энергия дәреклери тийкарында суўдан алынатуғын "жасыл водород"та ҳәрекетлендириў мүмкин.
Шыршық қаласындағы "Жасыл водород" ислеп шығарыў заводы болса келешекте бизге де бул имканиятты береди. “ACWA Power” компаниясының 88 миллион долларлық инвестициясы менен қурылған бул завод биринши басқыш, яғный усы жылы 3 мың тонна "жасыл водород" ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Және бир тәрепи, заводтың 95 процент жумысшылары сырт елде тәжирийбе арттырып келген жергиликли қәнигелер, олардың арасында Дубай қаласында тәжирийбе арттырған колледж питкериўшилери де бар.
Завод тек ғана "жасыл водород" жанылғысынан пайдаланып, усы категорияға киретуғын жасыл аммиак ҳәм минерал төгинлер де таярланады ҳәм бул өнимлерди сырт елге экспорт етиў режелестирилмекте.
- Заводтың жыллық өндирислик қуўатлылығы 3 мың тонна "жасыл водород" ҳәм оны қайта ислеў арқалы 30 мың тонна жасыл минерал төгинлер таярлаўға тең, - дейди "Өзхимиясанаат" акционерлик жәмийетиниң басқарма баслығы Одил Темиров. - Буннан тысқары, жасыл аммиак ҳәм жасыл минерал төгинлерди экспорт етиў, жәҳән ҳәм Европа базарларына алып шығыў ушын ҳәзирги ўақытта өнимди сертификатлаў жумыслары да алып барылмақта. Дүньяда бул өнимлерге талап жыл сайын артып бармақта. Себеби, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўда жасыл минерал төгинлерден пайдаланыў бәсекиге шыдамлылықты арттырыўға тийкар жаратады.
Жуўмақлап айтқанда, "жасыл водород", "жасыл" минерал төгинлер ислеп шығарыў экономикамызға үлкен пайда келтиреди. Транспорт, санаат ҳәм аўыл хожалығы тараўларына бул өнимлерди енгизиў тармақларды еселеп раўажландырыўға үлес қосады. Жәҳән базарында бул өнимлерге талап жоқары екени болса оларды сатыўдан да үлкен дәрамат алыў мүмкин екенлигин билдиреди. Бул өнимлерди таярлаў ҳәм пайдаланыўда экологиялық зыян келтирмеў, арзанлық ҳәм қәўипсизликтиң үстинлиги олардың қәдирин және де арттырады.
Санжар ЭШМУРОДОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы









