Ҳабиб Абдуллаев атындағы Геология ҳәм геофизика институты усы мақсет жолында жумыс алып барып атырған ири илимий дәргайлардан бири болып есапланады. Институт өз жумысында тәбият процесслерин тек ғана бақлаў емес, ал оларды таллаў, моделлестириў ҳәм прогнозлаў дәрежесине алып шықты. Жер литосферасының дүзилиси, минерал ресурслардың қәлиплесиў нызамлылықлары, терең структуралардың өз-ара байланыслылығы сыяқлы қурамалы мәселелер бул дәргайда илимий анықлыққа ийе болмақта. Жер қабығының дүзилиси, пайдалы қазылмалардың пайда болыў нызамлықлары, минерал-шийки зат ресурсларын өзлестириў мәселелери илимий таллаў тийкарында үйренилмекте. Әне усы бағдардағы излениўлер экономикалық стратегияларды қәлиплестириў, жаңа кәнлерди анықлаў ҳәм ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўда айрықша әҳмийетке ийе.
Нәтийжеге қаратылған раўажланыў концепциясы
Институттың 2025-2030-жылларға мөлшерленген раўажланыў концепциясында бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў нәзерде тутылған. Онда фундаментал изертлеўлер менен бир қатарда әмелий жойбарлар, халықаралық бирге ислесиў бағдарламалары ҳәм заманагөй лабораториялар жедел ислемекте. Ҳәр бир жойбар мәмлекет экономикасына тиккелей пайда келтириў, ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм энергия қәўипсизлигин беккемлеўге қаратылған.
Ең әҳмийетли бағдарлар Президентимиздиң 2016-жыл 13-сентябрьдеги "Жер астын геологиялық үйрениў тараўындағы изертлеўлерди шөлкемлестириўди буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы және 2018-жыл 1-марттағы "Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарлары тийкарында белгиленген.
Келеси бес жыллық ушын белгиленген концепция геологиялық изертлеўлерди заманагөй технологиялар тийкарында тереңлестириў, минерал-шийки зат базасын кеңейтиў ҳәм терең кәнлерди анықлаўға қаратылған. Мақсет анық: жер ҳаққындағы фундаментал изертлеўлерди өндирис талаплары менен үйлестириў, излеў-баҳалаў процесслерин илимий нормалар арқалы жедел ҳәм исенимли етиў. Концепция геологиялық излеўди аймақлық дәрежеде жаңа басқышқа көтериў, 3D геологиялық-геофизикалық моделлер жаратыў менен бирге, геохимиялық ҳәм геофизикалық қатнасларды жаңалаўды нәзерде тутады.
Илимий нәтийжелерди экономика менен байланыстырыў механизмлери анық белгиленген. Концепция энергетика, санаат, суў ресурслары ҳәм экологиялық турақлылық бағдарларында геологиялық мағлыўматлар менен тәмийинлеўди нәзерде тутады. Усы шеңберде илимий излениўлер, регионаллық геофизикалық изертлеўлер ҳәм геотермал ресурсларды баҳалаў жумыслары орынланбақта. Бул жойбарлар ресурс қәўипсизлиги, экспорт потенциалы ҳәм аймақлық раўажланыў ушын әмелий нәтийже береди.
Соңғы жыллардағы нәтийжелер режениң әмелге асырылып атырғанын тастыйықлайды: мәмлекетлик бағдарламалар, хожалық шәртнамалары ҳәм грантлар шеңберинде 40 тан аслам жойбар орынланды, сондай-ақ, магматикалық ҳәм постмагматикалық процесслер бойынша моделлер, 3D блок моделлер, тематикалық карталар жаратылды, жаңа перспективалы майданлар ажыратылды. Бул қолланбалар геологиялық излеўдиң анықлығын арттырады, излеў-баҳалаў басқышларында ўақыт ҳәм қәрежетти азайтады.
Илимий бағдар ҳәм әмелий нәтийжелер
Институт жумысының бүгинги көринисинде илим менен өндирис арасындағы байланыс күшейген. Изертлеўлердиң тийкарғы бөлеги әмелий нәтийжеге қаратылған. Жер қабығының дүзилисин терең үйрениў, пайдалы қазылма кәнлерин излеў, ресурсларды баҳалаў ҳәм қайта ислеў системаларын ислеп шығыў институт илимий бағдарламаларының орайында турады.
Кейинги жыллардағы излениўлер себепли бир қатар жаңа перспективалы майданлар анықланған. Қызылқум, Букантов ҳәм Чатқал аймақларында өткерилген дала изертлеўлери алтын, никель, литий, қорғасын ҳәм басқа да металлға бай қатламларды илимий жақтан тийкарлап берди. Бул изертлеўлер энергия турақлылығы ҳәм суў қәўипсизлиги ушын әҳмийетли тийкар болып есапланады.
Геологиялық изертлеўлерде геофизика лабораториялары айрықша орын тутады. Институтта гравиметрлик, магнит-теллурик ҳәм магнит излеў усыллары тийкарында палеозой жыныслары мезозой ҳәм кайнозой жыныслары менен қапланған аймақларда жасырын рудаласыўды анықлаў бойынша изертлеўлер жолға қойылған. Усы тийкарда регионаллық геофизика лабораториясы Зирабулақ таўлары аралығындағы ойпатлық аймақларында дала жумысларын алып бармақта. Глациал геология орайы болса музлықларды мониторинг етип, олардың массасы ҳәм ҳәрекетин бақлаў бойынша атлас және мағлыўматлар базасын қәлиплестирген. Бул система суў балансын илимий тийкарда басқарыўға жәрдем бермекте.
Мәкемениң илимий қатнасыўы миллий экономика ушын тиккелей пайда келтиретуғын бағдар сыпатында айрықша әҳмийетке ийе. Пайдалы қазылма кәнлерин анықлаў, геологиялық қәўип-қәтерлерди азайтыў, экспорт потенциалын арттырыў, суў ҳәм энергия қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған изертлеўлер мәмлекетлик сиясаттың илимий таянышына айланған. Ҳәр бир жойбар жуўмағында ислеп шығылған нәтийжелер инвестициялық қарарларды қабыл етиў, жаңа кәнлерди өзлестириў ҳәм экологиялық турақлылықты сақлаўда әмелий тийкар болып хызмет етеди.
Халықаралық конференция: илим ҳәм әмелият тутасқан ноқат
Усы жылдың 10-октябрь күни мәкемеде академиклер И.Ҳамрабоевтың 105 ҳәм Ф.Усмоновтың 90 жыллық юбилейине бағышланған "Геология, петрология ҳәм металлогенияның фундаментал ҳәм әмелий машқалалары" атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти. Конференция институт концепциясында гөзленген мақсетлерди әмелий басқышқа алып шықты. Соның ишинде, геологиялық изертлеўлерди өндирис талаплары менен байланыстырыў, минерал-шийки зат базасын кеңейтиў, терең қатламларды излеў ҳәм баҳалаў механизмлерин жетилистириў мәселелери додалаў орайында болды. Күн тәртибинен орын алған литосфераны комплексли үйрениў, 3D геологиялық-геофизикалық моделлестириў, геохимиялық ҳәм геофизикалық таллаўларды санластырыў, прогнозлаў нормаларын жаңалаў ҳәм нәтийжелерди жедел өндириске енгизиў жоллары талланды.
Илаж илимий мийрас ҳәм заманагөй бағдарлар арасындағы избе-изликти беккемледи. И.Хамрабоев ҳәм Ф.Усманов жаратқан мектеплер - петрометаллогения, математикалық ҳәм статистикалық геология, моделлестириў көзқараслары бүгинги санлы геология ҳәм геоинформатика ушын методологиялық тийкар болып хызмет етип атырғаны және бир мәрте тастыйықланды. Усы тийкарда институт жаңа излениўлерди жолға қойды: минерализация процеси индикаторлары, терең жасырынған кәнлерди анықлаў критериялары, геодинамикалық моделлерди анықластырыў бойынша биргеликтеги жумыслар жолға қойылды.
- Бәринен бурын, бул әнжуман тек ғана илимий қарым-қатнас майданы емес, ал геология илиминиң жаңа басқыштағы ўазыйпаларын әмелий шешимлер менен үйлестириўге хызмет ететуғын халықаралық платформа болып есапланады. Ҳәзир Өзбекстанда экономикалық раўажланыў, санаатласыў ҳәм инфраструктура жойбарларының кеңейиўи минерал-шийки зат базасын илимий тийкарда байытыўды талап етпекте. Усы көзқарастан конференцияның әҳмийетлилиги бир неше тәреплерде көринеди, - дейди Геология ҳәм геофизика институтының директоры, геология-минералогия илимлери бойынша философия докторы Нурбек Инатов. - Бириншиден, илимий мийрас ҳәм заманагөй технологиялар интеграциясы - академиклер И.Ҳамрабоев ҳәм Ф.Усмонов илимий мектеплери бүгинги геология тараўында инновациялық қатнаслар ушын беккем методологиялық тийкар болып хызмет етпекте. Олардың петрология, металлогения, математикалық таллаў ҳәм прогнозлаў бойынша жумыслары ҳәзирги ўақытта санлы геология, геоинформатика ҳәм жасалма интеллект тийкарындағы изертлеўлерге тиккелей тийкар жаратпақта. Екиншиден, конференция ресурслар қәўипсизлиги ҳәм экономикалық ғәрезсизлик мәселелерине қаратылған. Бүгинги глобал шараятта пайдалы қазылмаларды излеў, баҳалаў ҳәм қайта ислеў стратегиялық әҳмийетке ийе болмақта. Сонлықтан, әнжуманда жаңа кәнлерди анықлаў, терең структуралық қатламларды үйрениў, геофизикалық ҳәм геохимиялық таллаўларды санластырыў сыяқлы мәселелерге тийкарғы итибар қаратылды. Әнжуманның әмелий әҳмийети жаңа кәнлерди ашыўда илимий қатнасларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиўден ибарат. Республикамызда Мурынтаў, Гузаксай, Чормитан, Қалмаққыр, Үшқулаш сыяқлы ири объектлер де әйне илимий тийкарланған излениўлер нәтийжесинде ашылған ҳәм бүгин жаңа перспективалы майданлар бойынша және де усындай излениўлерге талап үлкен.
Қатнасыўшылар қурамы тәжирийбе алмасыўға қолайлы шараят жаратты: ҒМДА, Азия ҳәм Европаның илимий орайлары, университетлер ҳәм таллаў лабораториялары менен турақлы байланыслар жолға қойылды. Нәтийжеде эталон үлгилердиң санлы альтернативлерин жаратыў, Өзбекстан таў жынысларының миллий атласы үстинде ислеў, абсолют жасты анықлаў методикаларын алмасыў, биргеликтеги лабораториялық таллаўлар ҳәм экспедициялар бойынша келисимлер қәлиплестирилди. Бул бағдарлар институттың халықаралық абырайын беккемлеп, методикалық бирлигин тәмийинлейди ҳәм таллаў нәтийжелериниң салыстырмалылығын арттырады.
Халықаралық шериклик ҳәм интеграция сиясаты
Геология ҳәм геофизика институты халықаралық илимий жәмийетшилик пенен жедел интеграция процесин жолға қойған. Бул сиясат институт жумысының илимий потенциалын арттырыў, нәтийжелерди жәҳән стандартларына жақынластырыў ҳәм заманагөй методларды енгизиў имканиятын бермекте. Кейинги жылларда дүзилген бирге ислесиў шәртнамалары, биргеликтеги экспедициялар ҳәм илимий орайлар менен байланыслар бул бағдарда әҳмийетли бурылыс жасады.
Институттың халықаралық тармағы кеңейип бармақта. Қытай Геология илимлери университети, Россия Илимлер академиясы, Қазақстан, Тәжикстан, Беларусь, Әзербайжан ҳәм Түркия илимий орайлары менен бирге ислесиў жолға қойылған. Бул байланыслар шеңберинде дала изертлеўлери, лабораториялық таллаўлар ҳәм илимий семинарлар өткерилмекте.
ҒМДА мәмлекетлери менен бирге ислесиў жаңа басқышқа шыққан. Институттың басламасы менен Астана қаласында өткен ҳүкиметлераралық кеңестиң сессиясында әҳмийетли мәселелер додаланды. Олардан ең тийкарғылары таў жынысларының эталон үлгилери бойынша санлы альтернативлер жаратыў, Өзбекстан таў жынысларының миллий атласын таярлаў, қоспа лабораторияларды раўажландырыў ҳәм абсолют жасты анықлаў бойынша усылларды бирлестириў болып есапланады. Бундай қатнас халықаралық методикалық бирликти беккемлеп, илимий таллаўлардың анықлығын арттырады.
Мәкемениң халықаралық грант бағдарламаларындағы қатнасыўы да жеделлескен. Раўажланған мәмлекетлер ҳәм халықаралық илимий фондлар менен дүзилген бирге ислесиў шәртнамалары шеңберинде геофизика, геохимия, петрология, космогеология ҳәм геоинформатика бағдарларында жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул басламалар арқалы институттың материаллық-техникалық базасы жаңаланбақта, жаңа лабораториялық үскенелер алып келинбекте, илимий нәтийжелер ашық мағлыўматлар системасына киргизилмекте.
Кадрлар алмасыў системасы халықаралық интеграцияның ең нәтийжели бөлеги болып қалмақта. Институттың илимпазлары ҳәм жас қәнигелери сырт ел илимий орайларында әмелият өтеп, жаңа таллаў методларын үйренбекте. Соның менен бирге, сырт елли экспертлер институт лабораторияларында қоспа изертлеўлер өткермекте. Жас геологлар ушын халықаралық докторантура ҳәм магистратура бағдарламалары ашылған, қәнигелигин арттырыў курслары турақлы жолға қойылған. Усы жол менен Геология ҳәм геофизика институты илим нәтийжелерин әмелий нәтийжеге айландырыў, ресурс сиясатын дәлиллерге сүйенип жүргизиў ҳәм Өзбекстанды илимий жақтан турақлы раўажланыў басқышына алып шығыў жолында исенимли платформа жаратпақта.
Аслиддин АБДУРАЗЗОҚОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы