Өзбекстан Миграция агентлиги Қубла Кореяда Е-7 ҳәм Е-9 визалары менен ислеп атырған пуқаралар арасында нызамсыз жумысқа жайласыў жағдайлары көбейип атырғаны ҳаққында ескертеди. Айырым хызметкерлер жумыс бериўшини рәсмий емес жумысқа өткериўге ҳәрекет етеди, бул болса үлкен ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги ҳәм Саудияның Health Resources Company (HRCO) компаниясы арасында Өзбекстан пуқараларын Саудия Арабстанында орта медицина хызметкери сыпатында нызамлы, қәўипсиз ҳәм ашық-айдын жумысқа жайластырыўды шөлкемлестириўге қаратылған әҳмийетли келисимге қол қойылды.
2025-жыл жағдайына бола, Россияда халықаралық автотранспортта жүк тасыўдың дерлик 25 проценти өзбекстанлы айдаўшылар тәрепинен әмелге асырылады. Бирақ миграция талапларына әмел етпеў көплеген пуқаралардың РФ ишки ислер уйымлары тәрепинен қәлиплестирилетуғын кириў қадаған етилген шахслар дизимине кириўине алып келмекте.
Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги директоры Беҳзод Мусаев басшылығындағы делегация Қубла Кореяның Кёнсаннам-до провинциясы ҳәкими Пак Вансу менен сөйлесиў өткерди. Ушырасыў жуўмағында тәреплер Ташкент ўәлаяты турғынларын Е-8 визасы тийкарында аўыл хожалығындағы мәўсимлик жумысларға тартыўға келисип алды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлигиниң директоры Беҳзод Мусаев басшылығындағы делегация Қубла Кореяның Кёнсанбук-до провинциясы губернаторы Ли Чол У менен сөйлесиў өткерди.
Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлигиниң басламасы менен әмелге асырылып атырған тәжирийбе жойбары шеңберинде өзбекстанлы бир топар орта буўын медицина хызметкерлери мийнет жолын баслаў ушын Италияға барды.
Өзбекстан Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги ҳәм Корея Республикасының Кёнсаннам-до провинциясы тәрепинен маман жумысшылар ушын Е-7 виза бағдарламасы бойынша бирге ислесиў келисимине қол қойылды.
Лондонда Өзбекстан Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги директоры Беҳзод Мусаев, Өзбекстанның Уллы Британиядағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Равшан Усмонов ҳәм Уллы Британия мийнет ресурсларын жеткерип бериўшилер ассоциациясы (Association of Labour Providers, ALP) бас директоры Дэвид Кэмптиң рәсмий ушырасыўы болып өтти.