Президентимиздиң басламасы менен елимиз бойлап әмелге асырылып атырған мәҳәлле қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў арқалы халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматларын арттырыўға қаратылған жумысларды және де жеделлестириў мақсетинде орынларда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Ҳәр бир қарыс жерден өнимли пайдаланыў, оннан жоқары дәрамат алыў бүгинги күн исбилерменлериниң әҳмийетли мақсетлеринен бири.
Усы жылдың 30-январь күни Президентимиз тәрепинен қыйтақ жерде ҳәм ижараға берилген егислик жерлерде дәраматлы өним жетистириўдиң жаңа системасы бойынша өткерилген мәжилисте бул бағдарда әҳмийетли болған бир қатар мәселелер көрип шығылды.
Президент Шавкат Мирзиёев 30-январь күни қыйтақ жерде ҳәм ижараға берилген егислик жерлерде дәраматлы өним жетистириўдиң жаңа системасы бойынша мәжилис өткерди.