Қарарға бола, “Online mahalla” платформасында дийқан хожалықлары ҳәм халықтың қыйтақ жериндеги бар жер майданлары ҳаққындағы мағлыўматлар онлайн режимде қәлиплестириледи.
2025-жыл 1-июньға шекем халықтың қыйтақ жерлериниң жер майданларын толық хатлаўдан өткерилиўи жуўмақланып, олардың айрықша есабы жүргизиледи.
Сондай-ақ, үлгили мәҳәллелер жайласқан район (қала) лардағы халықтың қыйтақ жерлери ҳәм ижараға берилген жер майданларының 75 проценти басқышпа-басқыш бир түрдеги жоқары дәраматлы өнимлер жетистириў ушын қамтып алынады.
2025-жыл 10-апрельге шекем егилетуғын егин түрлери ҳәм өнимлерди жетистириўдиң реже графиги тастыйықланады.
2025-жыл 20-апрельге шекем халықтың қыйтақ жерлери ҳәм ижара тийкарында ажыратылған жер майданларында жетекши исбилерменлердиң жәрдеминде жоқары дәраматлы, сапалы туқым ҳәм нәллерди системалы жеткерип бериў, егиў ҳәм ҳәр бир қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў шөлкемлестириледи.
2025-жыл 1-майға шекем мәҳәллелерде әмелге асырылатуғын "жасыл" ҳәм ресурс үнемлеўши жойбарлардың мәнзилли дизими қәлиплестириледи.
Буннан тысқары, "бир контур - бир өним" принципи тийкарында жеңил конструкциялы ыссыхана, интенсив бағ, жүзимгершилик, әнар атызлары, гүлшилик ҳәм нәлшилик плантацияларын жаратыў және жемис мийўе жетистириў бойынша жоқары дәраматлы ҳәм экспортқа қолайлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў жолға қойылады.