Буның айқын мысалы ретинде Беруний районы Бирлик мәкан пуқаралар жыйынында жасайтуғын Ф.Раджапбаевтыӊ шаңарағын келтириўимиз мүмкин. Олар қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланып, жылдың төрт мәўсиминде де дәрамат таппақта.
Ф.Раджапбаевтың 6 сотих ыссыханасында нәл жетистириў жолға қойылған болып, қыс мәўсиминде брокколи ҳәм капуста жетистириў арқалы еки мәрте өним алыўға ерисилген. Бул тек шаңарақ ушын қосымша дәрамат дереги емес, ал жергиликли базарды сапалы өним менен тәмийинлеў имканиятын да береди.
Бүгинги күнде бул жерде 8 мәўсимлик жумысшы ислеп, олар нәл жетистириў менен шуғылланбақта. Сондай-ақ, қыйтақ жерде органикалық биогумус ислеп шығарыў жолға қойылған болып, бул шаңарақтың және бир дәрамат дерегине айланып үлгерген.
Бирлик мәҳәллесинде 3014 халық жасайды. Олардың көпшилиги қыйтақ жерден пайдаланып, исбилерменликти раўажландырыўға итибар қаратпақта. Бул процессте мәҳәлле жетилиги тәрепинен түсиндириў ҳәм методикалық жәрдем көрсетиў жумыслары жолға қойылған. Нәтийжеде мәҳәлледе қыйтақ жерден пайдаланыў мәденияты және де артпақта. Бул болса халықтың турмыс тәризин жақсылаўға хызмет етпекте.
Азизбек Дабылов,
ҚМУ журналистика қәнигелиги 2-курс магистранты
Қарақалпақстан хабар агентлиги.