Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги басшысы Лазиз Қудратов Бишкекте болып өтип атырған ЦАРЭС 24-министрлер конференциясы шеңберинде Азия раўажланыў банки президенти Масато Кандо менен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-ноябрь күни Азия раўажланыў банкиниң президенти Масато Кандо басшылығындағы делегацияны қабыл етти.
17-ноябрь күни Өзбекстан Бас министриниң орынбасары Жамшид Ходжаевтың Азия раўажланыў банкиниң президенти Масато Канда менен ушырасыўы болып өтти.
Азия раўажланыў банки Өзбекстан ҳүкиметиниң микро, киши ҳәм орта кәрханалар, әсиресе, ҳаял-қызлар басшылығындағы кәрханалар ушын қаржы алыў имканиятын кеңейтиў бағдарындағы ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде 300 миллион доллар, соның ишинде, жеңиллетилген шәртлерде 100 миллион доллар муғдарында қарыз алыўды мақуллады. Сондай-ақ, қаржылар мәмлекеттиң микроқаржыландырыў секторын беккемлеўге қаратылады.
Азия раўажланыў банки ACWA Power, Sumitomo Corporation, Chubu Electric Power Co. Inc. ҳәм Shikoku Electric Power Co. Inc. Өзбекстанда энергия сақлаў системаларына (BESS) ийе еки қуяш электр станциясын қурыўды қаржыландырыў бойынша тарийхый келисимге қол қойды.
Азия раўажланыў банки Өзбекстандағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде илим, технология, инженерлик ҳәм математика (STEM) бойынша билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған жойбарды әмелге асырыў ушын 100 миллион АҚШ доллары муғдарында жеңиллетилген кредит алыўды мақуллады.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигинде министр Азиз Абдуҳакимовтың Азия раўажланыў банкиниң (АРБ) Қубла, Орайлық ҳәм Батыс Азия бойынша вице-президенти Инмин Ян менен ушырасыўы болып өтти.
Мағлыўматларға бола, бул жойбарлар билимлендириў, ишимлик суўы тәмийнаты, транспорт ҳәм финанслық-техникалық жәрдем тараўларын қамтып алады.