Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманлары менен:
Аяпов Аманжол Тлепович - Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри лаўазымына тайынланды.
Шохрух Азаматович Аминов Қарақалпақстан Республикасы прокуроры лаўазымына тайынланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманы менен:
Алишер Уббиев Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры лаўазымына тайынланды.
Өзбекстанның биринши елшиси Сербия Сыртқы ислер министрлигине исеним жарлықларының нусқаларын тапсырды.
Өзбекстанның жаңадан тайынланған елшиси Илҳом Ҳайдаров Түркия Сыртқы ислер министрлиги Протокол Бас басқармасының баслығы, елши Аҳмет Жемил Мироғлуға исеним жарлықларының нусқаларын тапсырды.
Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде халықаралық илимий байланысларды беккемлеў ҳәм заманагөй аграр билимлендириўдиң сапасын жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде Венгрияның МАТЕ университетиниң профессоры Золтан Лакнер ректордың халықаралық кеңесгөйи лаўазымына тайынланды.