Бүгинги күнде, өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатында қолланылыўын тәртипке салыўшы тийкарғы ҳүжжет "Мәмлекетлик тил ҳаққында"ғы Нызам болып есапланады.
Нызамға бола, Өзбекстан Республикасының нызам ҳүжжетлери, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының басқа да ҳүжжетлери мәмлекетлик тилде қабыл етиледи ҳәм жәрияланады. Бул ҳүжжетлердиң аўдармалары басқа тиллерде де жәрияланады.
Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларында жумыс мәмлекетлик тилде жүргизиледи ҳәм зәрүрликке бола басқа тиллерге аўдарылыўы тәмийинленеди.
Кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм жәмийетлик бирлеспелерде жумыс жүргизиў, есап-санақ, статистика ҳәм қаржы ҳүжжетлери мәмлекетлик тилде жүргизиледи, жумысшыларының көпшилиги өзбек тилин билмейтуғын жәмәәтлерде мәмлекетлик тил менен бир қатарда басқа тиллерде де әмелге асырылыўы мүмкин.
"Реклама ҳаққында"ғы Нызамға тийкарланып Өзбекстан Республикасы аймағында реклама мәмлекетлик тилде тарқатылады. Онда, реклама мазмунының аўдармасын басқа тиллерде тәкирар бериўге жол қойылады.
"Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы Нызамға муўапық товар (жумыс, хызмет) ҳаққындағы мағлыўмат тутыныўшыға мәмлекетлик тилде усынылады. Бул мағлыўмат қосымша түрде басқа тиллерде де усынылыўы мүмкин.
Соның менен бирге, пуқаралар өз-ара сөйлесиў процесинде пайдаланатуғын тил бойынша нызамшылықта қатаң ҳәм мәжбүрий талаплар көрсетилмеген, - делинеди министрликтиң хабарында.
Соны айрықша атап өтиў керек, мәмлекетте миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеў, ҳәр бир миллет ҳәм халықтың өзине тәнлигин ҳүрмет етиў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Онда, барлық пуқараларға өз ана тилинде сөйлеў, билим алыў ҳәм мәдений байлықларды раўажландырыўда тең ҳуқықлылық тәмийинленеди.
Атап айтқанда, "Мәмлекетлик тил ҳаққында"ғы Нызамға бола, өзбек тилине мәмлекетлик тил статусының берилиўи республика аймағында жасаўшы миллет ҳәм халықлардың өз ана тилин қолланыўдан ибарат конституциялық ҳуқықларына кесент етпейди.
Себеби, Конституцияға бола, Өзбекстан Республикасында барлық пуқаралар бирдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе болып, жынысы, расасы, миллети, тили, дини, исеними, социаллық келип шығыўы, социаллық статусына қарамастан, нызам алдында тең, - деп жазылады мүнәсибетте.
Жоқарыдағыларға бола, миллетлер аралық қатнасықларға тәсир етиўи мүмкин болған мәселелерди сәўлелендириўде, Өзбекстан нызамшылығы, сондай-ақ, улыўма инсаныйлық ҳәм профессионал этика нормаларына әмел етилиўин тәмийинлеў мақсетке муўапық.
Соның менен бирге, Өзбекстан пуқараларының тилден пайдаланыў ҳуқықларын кемситиў, сол тийкарда келиспеўшилик қозғаў жуўапкершиликке себеп болатуғыны да еслетип өтиледи, - делинеди хабарда.








