Шет тиллер бойынша жоқары нәтийжеге ерискен жасларға 80 млрд 42 млн сум компенсация пуллары қаплап берилди, деп жазады Жаслар ислери агентлиги мәлимлеме хызмети.
Бир мәртелик субсидияны алыў ушын Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында дизимнен өтиў керек.
"Тил билген - ел биледи" деген нақыл бүгинги күнде және де үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Елимизде шет тиллерин үйретиўге ҳәр қашанғыдан да үлкен итибар қаратылмақта. Улыўма билим бериў мектеплерине шет тиллерин оқытыў ушын сырт елден 500 ден аслам педагог-қәниге тартылғаны, халықаралық тил сертификатын алыў ушын имтиханнан жоқары балл топлаған жасларға мәмлекетимиз тәрепинен қәрежетлер толық қаплап берилип атырғаны, түрли таңлаўлар, жойбарлар исленип атырғаны пикиримизди дәлиллей алады.
Соңғы жыллары шет тиллери қатарында жасларымыздың корейс тилин үйрениўге де қызығыўшылығы артып бармақта.