Өзбекстан Жәҳән саўда шөлкемине қосылыў шеңберинде Эквадор менен еки тәреплеме сөйлесиўлерди табыслы жуўмақлады. Бул ҳаққында Президенттиң ЖСШ мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Азизбек Урунов мәлим етти.
Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети баслығының орынбасары Фаррух Карабаев Швейцарияның Женева қаласындағы Жәҳән саўда шөлкеминиң бас резиденциясында Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы бойынша жумысшы топардың 11-мәжилиси шеңберинде өткерилген "Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўын қоллап-қуўатлаў ушын экономикалық реформалар: жеке меншик секторды раўажландырыў ҳәм мәмлекеттиң ролин қайта белгилеў" темасындағы семинар шеңберинде мазмунлы баянат жасады.
Өзбекстан Жәҳән саўда шөлкемине қосылыў процеси шеңберинде және еки мәмлекет - Канада ҳәм Панама менен еки тәреплеме сөйлесиўлерди табыслы жуўмақлады.
Сенаттың жалпы мәжилисинде "Базар реформалары процесслериниң және де жеделлесиўи ҳәм Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине қосылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам қызғын додаланды.