Бурын атап өтилгениндей, Сенат Баслығы басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Женева қаласында Парламентлераралық аўқамға ағза мәмлекетлер парламентлери ҳаял спикерлериниң инклюзив ҳәм узақ мүддетли тынышлық жолында жетекшилик мәселелерине бағышланған 15-Саммитинде қатнаспақта.
Олий Мажлис Сенатының Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң баслығы Баҳром Абдуллаев басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Италияның Рим қаласында болып өтип атырған Парламентлераралық аўқамның конфессиялараралық сөйлесиўге бағышланған екинши конференциясында қатнаспақта.
Усы жылы 30-январьда Олий Мажлис Сенатында Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясын өткериў бойынша Шөлкемлестириў комитетиниң мәжилиси болып өтти.
Сенатта Парламентлераралық аўқамның юбилей 150-ассамблеясын Ташкент қаласында өткериў бойынша шөлкемлестириў мәселелери бойынша Парламентлераралық аўқам секретариатының ўәкиллери менен онлайн сөйлесиў болып өтти.