Соңғы күнлерде социаллық тармақларда өзбек тилинде сөйлесиў мәселесинде пикир-таласлар бақланбақта. Усы мүнәсибет пенен, усы тараўдағы айырым нызамшылық ҳүжжетлери ҳаққында Әдиллик министрлиги төмендегилерди еслетип өтти.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң 2025-жыл 20-февральдағы 65-санлы буйрығы менен улыўма орта билим бериў мәкемелеринде жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестацияны өткериў тәртиби белгиленди.