Гейде тынышлықтың қәдирин аңлаў ушын өз турмысымыздан бир заман шетке шығып, дүньяда болып атырған ўақыяларға нәзер салыўдың өзи жеткиликли. Бүгин жер шарының қайсыдур мүйешинде таң атыўын қәтержамлық пенен күтип атырған, ертең қандай болатуғынын билмей, ҳәр бир минутты тәшўиш пенен өткерип атырған инсанлар бар. Бир дастурхан әтирапында шаңарағы менен азанғы аўқатланыў, перзентин мектепке шығарып салыў, жумысқа барып, кеште үйине саў-саламат қайтыў биз ушын күнделикли турмыстың әпиўайы бөлеги. Бирақ дүньяның айырым ноқатларында әне усы әпиўайылықтың өзи әрманға айланған.
Дурыс, бул ўақыялар бизден мыңлаған шақырым алыста. Бирақ бүгинги дүньяда аралықлар бурынғыдай узақ емес. Мәлимлеме демде жетип барады, бир аймақтағы турақсызлық тәсири басқа регионларда да сезиледи. Бир заманда, бир планетада, тәғдирлери бир-бирине барған сайын жақынласып атырған инсанлар сыпатында жасап атырған екенбиз, елимиздеги тыныш таңлар, парахат мийнет, дастурханымыздағы ырысқы-несийбемиздиң қәдирин және бир мәрте сезинбеўимиз мүмкин емес. Тынышлық бар жерде инсан ертеңги күни ҳаққында ойлайды. Режелестиреди. Перзентиниң келешегин көз алдына келтиреди. Имарат қурады, кәрхана ашады, билим алады. Усы мәнисте раўажланыўдың ең биринши шәрти де тынышлық ҳәм турақлылық болып есапланады.
Бүгин елимизде мине усы тыныш турмыстың қәдири және де тереңирек сезилип атырған мәҳәл. Ғәрезсизликтиң 35 жыллық салтанатының нәпеси ҳәр бир аймақта сезилмекте. 25-август күни Президентимиздиң қатнасыўында елимиздиң барлық аймақларында жаңа объектлерди иске қосыў мәресими де мине усы процесстиң және бир айқын көриниси болды. Экранда бир аймақтан басқасына өтип атырған көринислер бир-бирине уқсас емес: Сырдәрьяда - үлкен энергетика қуўатлықлары, Қарақалпақстанда - самалдан электр алатуғын заманагөй станция ҳәм энергия сақлаў системасы, Әндижан, Наманган ҳәм Жиззақта - тоқымашылық, трикотаж ҳәм гилем ислеп шығаратуғын кәрханалар, Самарқанд ҳәм Ташкентте - жаңа металлургия қуўатлықлары, Жаңа Ташкентте - илим ҳәм билимлендириў ушын заманагөй комплекслер.
Бир қарағанда булар мәмлекеттиң түрли ноқатларында иске қосылып атырған өз алдына жойбарлар. Бирақ бираз тереңирек қарасаңыз, олардың артында бирден-бир көринис көринеди. Өзбекстан экономикасы өзгермекте. Бул өзгеристи бир сан менен көрсетиў қыйын, себеби гәп экономика көлеминиң өсиўинде ғана емес. Гәп экономиканың мазмуны өзгерип атырғанында.
Бир ўақытлары экономикалық имканиятларымыз көбирек жер ҳәм тәбийғый байлықлар менен өлшенген болса, бүгин олардан қандай пайдаланылып атырғаны менен белгиленбекте. Бар имканиятларға инсан ақылы, мийнети ҳәм заманагөй технология қанша үлес қоса алыўы барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Пахта атыздан үзилген жерде өзиниң экономикалық қуўатын тоқтатып қалмайды - оннан жаңа өним, жаңа жумыс орны, жаңа базарларға жол ашылады. Жер астынан алынған байлық та санаат шынжырында жаңа басқышларды ҳәрекетке келтирип, мәмлекеттиң раўажланыўына хызмет етеди.
Бул процесс кәрханалардың жумысы менен шекленип қалмай атыр. Мийнет базарында жаңа талаплар қәлиплеспекте. Кеше бир кәсип пенен орынланған жумысларды бүгин заманагөй технологияны түсинетуғын, бир неше бағдарда билимге ийе қәнигелер әмелге асырмақта. Жаңа үскенелер жаңа көнликпелерди талап етпекте, жәҳән базары болса сапа, маманлық ҳәм жаңаша пикирлейтуғын кадрларға талапты күшейтпекте.
Сол себепли, экономикадағы бүгинги өзгерислерди жаңа кәрханалар ҳәм өндирис қуўатлықлары арқалы көриў менен бирге, мийнетке, билимге ҳәм инсан потенциалына болған қатнастың жаңаланыўы арқалы да аңлаў мүмкин.
Экспортқа шығарылып атырған өним менен бирге мәмлекеттиң жәҳән базарындағы орны өзгермекте. Кешеги экономикада тийкарғы сораў "Не ислеп шығарыў мүмкин?" болған болса, бүгин оған "Қандай сыпатта, қандай технология менен ҳәм қандай қун жаратып ислеп шығарыў мүмкин?" деген сораў қосылмақта.
Мениңше, бул процесстиң ең әҳмийетли тәрепи де сол. Себеби экономика өзгериўи ақыр-аяғында инсанның өзине талап өзгериўин аңлатады. Заманагөй өндириске маман инженер, технолог, программист, дизайнер, менеджер керек. Дүнья базарына шығыў ушын өнимниң өзи жетерли емес - сапа, билим, жаңа көзқарас ҳәм бәсекиге шыдамлылық зәрүр. Демек, бүгин экономикаға киргизилип атырған инвестиция белгили мәнисте инсанға да инвестиция болып есапланады.
Соңғы он жылда мәмлекетимиз экономикасының көлеми 2,5 еседен зыятқа артты. Экономика тармақларына 160 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылды. Улыўма баҳасы 76 миллиард доллар болған 2 мың 163 ири санаат жойбары иске қосылды. Дерлик 6 миллион халық турақлы жумыс орнына ийе болды.
Бул санлардың ҳәр бири өз алдына таллаўға арзыйды. Бирақ оларды турмыс тилине аўдарсақ, мәниси және де кеңейеди. Дерлик 6 миллион адамның турақлы жумыс пенен тәмийинленгени - сонша инсанның өз мийнети менен шаңарағына дәрамат алып келиўи, перзентлери ушын реже дүзиўи, келешегин исенимлирек көз алдына келтириўи дегени. 160 миллиард долларлық инвестиция болса тек ғана кирип келген қаржы болып қалмастан, жаңа технология, жаңа өндирис, жаңа тәжирийбе, жаңа базар ҳәм жаңа имканиятлар дегени.
Бүгин иске қосылып атырған жойбарлар усы үлкен процесстиң даўамы. Улыўма баҳасы дерлик 50 триллион сум болған 72 ири санаат ҳәм сервис жойбары және 91 социаллық тараў объекти иске қосылмақта. 15 мың жаңа жумыс орны жаратылады. Бюджетке жылына қосымша 1 триллион сум түсим түсиўи күтилмекте.
Санлардың артына қарасақ, олардың мазмуны басқаша көринеди. 15 мың адамның мийнетине зәрүрликтиң пайда болыўы, мыңлаған шаңарақлардың дәраматы ҳәм турмыс режелерине тәсир ететуғын өзгерис. Бюджетке түсетуғын қосымша қаржы болса және жаңа мектеп, жол, емлеўхана ямаса социаллық жойбар ушын имканият болыўы мүмкин.
Соның ушын, бүгинги жойбарларды тек ғана инвестиция ҳәм экспорт көрсеткишлери менен өлшеў дурыс емес. Себеби экономикадағы ҳәр қандай ҳәрекеттиң соңғы мәнзили инсан өмири болып есапланады. Кәрхананың қуўатлылығы қаншелли болыўына қарамастан, оның ең үлкен нәтийжеси қанша инсанға мүнәсип мийнет ҳәм дәрамат имканиятын бергенинде көринеди. Университеттиң майданы емес, ол жерде қәлиплесип атырған пикирлеў мәмлекеттиң келешегине тәсир етеди. Емлеўхананың имаратлары емес, онда сақлап қалынған инсан өмири оның ҳақыйқый баҳасын белгилейди.
Жаңа оқыў жылы алдынан пайдаланыўға тапсырылып атырған социаллық объектлерге қарасақ, бул пикир және де айқынласады. Жаңа Ташкентте 10 гектар майданда қурылған жаңа Өзбекстан университети комплексинде 7 мың студент билим алыўы ушын шараят жаратылған. 30 мың квадрат метр майданды ийелеген жаңа Миллий китапхана бир ўақыттың өзинде 1,5 мың китапқумарға хызмет көрсетиў, 200 мыңнан аслам китапты жыйнаў имканиятына ийе. Қаршыдағы Экономика ҳәм педагогика университети, Ферғанадағы заманагөй медицина мәкемеси ҳәм басқа да социаллық объектлер де бүгин қурылып атырған болса да, тийкарында ертеңги күн ушын тийкар жаратылып атырғанын көрсетеди.
Завод бүгин өним береди. Билим болса ертең мәмлекетти өзгертеди. Емлеўхана бүгин наўқасқа хызмет етеди. Саламат инсан болса ертең жәмийетке хызмет етеди. Соның ушын жаңа Өзбекстан ҳаққында сөз болғанда, оның ең үлкен байлығын тек ғана қурылып атырған имаратлардан емес, әне усы имаратларда билим алып атырған, мийнет етип атырған, емленип атырған ҳәм өз келешегин қурып атырған инсанлардан излеў керек.
Президентимиз соңғы он жылды жаңа Ояныў дәўири - Үшинши Ренессанс тийкарын қурыў басқышы сыпатында баҳалады. Бул идеяның мазмунын да бүгинги өзгерислерден аңлаў мүмкин. Ренессанс тек китаплар ҳәм ойлап табыўлардан басланбайды. Оның тийкарында экономикалық имканият, сапалы билимлендириў, илим, технология ҳәм инсан қәдирине сүйенетуғын орталық болады. Бүгин әне усы тийкар басқышпа-басқыш жаратылмақта.
Соның ушын 25-август күни символикалық түймени басыў менен иске қосылған объектлерди тек ғана бир күнлик илаж шеңберинде көриў азлық етеди. Олар мәмлекеттиң түрли ноқатларында бир ўақыттың өзинде ҳәрекетке келип атырған үлкен процесс белгилери болып есапланады. Бул процессте инвестордың инвестициясы да, инженердиң билими де, қурылысшының мийнети де, исбилерменниң басламасы да, илимпаздың ой-пикири де, муғаллимниң сабағы да бир-бирин толықтырады.
Ең әҳмийетлиси, бул процесс орайында инсан тур. Себеби раўажланыўымыздың ең исенимли өлшеми тек ғана қанша имарат қурылғаны, қанша өним ислеп шығарылғаны ямаса қанша экспорт етилгени емес. Инсанның өз елинде мийнет етип, шаңарағын бағыўы; перзенти ушын жақсы билим алыўды гөзлеўи; қартайғанда мүнәсип медициналық хызметке исениўи; ертеңги күнин режелестире алыўы - раўажланыўдың турмыстағы ең әпиўайы, бирақ ҳақыйқый өлшемлери болып есапланады.
Бәлким жыллар өтип бүгинги күнге және бир мәрте нәзер таслармыз. Сонда иске қосылған 72 жойбар ҳәм 91 объектти бөлек-бөлек санап отырмаймыз. Оларды бир дәўирдиң белгиси, экономикадағы жаңа басқыштың көриниси сыпатында еске аламыз. Себеби айырым имаратлар ўақыт өтиўи менен гөнереди. Санлар өзгереди. Жаңа жойбарлар олардың орнын ийелейди. Бирақ инсан өмиринде басланған өзгерислер узақ жасайды.
Кеше әрман болған нәрсе бүгин реаллыққа айланады. Бүгинги ҳақыйқатлық болса ертеңги әрманлар ушын жол ашады. Мәмлекет раўажланыўының ең үлкен мәниси де, итимал, әне сонда.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы