Бул ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде шөлкемлестирилген
"Шыршық" химия-индустриал технопарки бүгин жаңа әўлад санаат
майданларынан бири сыпатында беккемленди.
Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 3-февральдағы тийисли қарары шеңберинде
шөлкемлестирилген бул технопарк химиялық өнимлерди терең қайта ислеў, алдыңғы
технологияларды енгизиў, жергиликли ҳәм сырт ел инвесторлары ушын қолайлы
шараятлар жаратыў бағдарындағы ўазыйпаларды әмелге асырыўға хызмет етпекте.
Улыўма майданы 26,4 гектар болған бул жерде инженерлик-коммуникация тармақлары
ҳәм заманагөй инфраструктураны жаратыў ушын 25 миллион доллар қаржы қаратылған.
Технопарктиң
инвестициялық тартымлылығы анық санларда өз көринисин тапқан. Атап айтқанда,
2025-жылы 56 миллион доллар инвестиция өзлестирилип, 758 жаңа жумыс орны
жаратылған. Жыл даўамында кәрханалар тәрепинен 60 миллион долларлық 150 ден
аслам түрдеги өним ислеп шығарылды.
Келешектеги
режелер де кең көлемли. 2030-жылға барып инвестициялар көлемин 207 миллион
долларға, товар өнимлерин ислеп шығарыўды 294 миллион долларға, экспортты 48
миллион долларға, жумыс орынларын 2 мың 300 ге жеткериў мөлшерленген.
Усы жерде
Президент Шавкат Мирзиёевқа технопарктиң жумысы, химия санаатын раўажландырыўға
қаратылған илимий-әмелий жойбарлар ҳаққында презентация өткерилди.
Бүгинги күнде
минерал төгинлер ислеп шығарыў аграр тараўдың турақлылығын тәмийинлеўде әҳмийетли
орын ийелемекте. Жылына 3,7 миллион тонна төгин ислеп шығарылып атырғанына
қарамастан, импорт етилип атырған фосфорлы ҳәм суўда ерийтуғын төгинлерге
болған талап тараўды және де модернизациялаўды талап етпекте. Бул бағдарда 2,8
миллиард долларлық инвестициялық жойбарлар ислеп шығылған.
Нефть-химия
тармағында полимерлерге болған ишки талап артып бармақта. Бул талапты 2032-жылға
барып 3,2 миллион тоннаға жеткериў прогноз етилмекте. Ангренде көмирден олефин
алыў, Қоңыратта нефтьти қайта ислеў сыяқлы ири жойбарлардың әмелге асырылыўы
бул талапты толық қанаатландырыў ҳәм импорттың орнын толықтырыў имканиятын
береди.
Турмыслық химия
тараўында да системалы жумыслар алып барылмақта. Инвестициялық жойбарларды
әмелге асырыў есабынан импорттың көлемин 2 есеге қысқартыў, ишки тутыныўдың
үлесин жергиликли өнимлер есабынан 64 процентке жеткериў ҳәм экспорт
көрсеткишлерин арттырыў нәзерде тутылған.