Әтирапқа қарап, адамлардың дүньяқарасы күн сайын өзгерип атырғанына, инсан қәдири ҳәм билимине үлкен әҳмийет берилип атырғанына гүўа болыў мүмкин. Ата-аналардың перзент тәрбиясына, атап айтқанда, терең билим алыўға мүнәсибети сезилерли өзгергени көзге айқын тасланады.

Бул өз-өзинен жүзеге келген жоқ. Бул елимиздеги реформалардың әмелий нәтийжеси. Билимлендириў системасындағы жаңалықлар, онда әдилликтиң енгизилиўи ҳәм ашық-айдынлық ўатанласларымыздың ертеңги күнге исенимин шын мәнисинде оятып бере алды, десек алжаспаймыз. Усы жерде ата-аналарда перзентиниң оқыўына қунт пенен қатнас жасаў тилегиниң күшейиўинде мәмлекетимиздиң жасларға қаратып атырған жоқары итибары да әҳмийетли роль атқарып атырғанын атап өтиў керек. Буның тийкары күннен-күнге көбейип атырған жоқары оқыў орынлары, сырт ел университетлериниң филиалларының ашылыўы ҳәм оқыўға кириў имканиятларының оғада кеңейгенинде. Бурын тек ғана аз санлы жигит-қызлар оқыўға кире алған болса, ҳәзир ҳәрекет еткен ҳәр қандай абитуриент студент болыў имканиятына ийе.

Тереңирек талқыласақ, өзбек шаңарақларындағы әзелий үрп-әдетлер де бираз өзгергениниң гүўасы боламыз. Жыллар даўамында мыскаллап жыйнаған капиталымызды тек той-мерекеге жумсап келгенбиз (ҳәзир де бул әдетти толық тасламаппыз). Бирақ бүгинге келип көпшилик ата-аналардың дүньяқарасы унамлы тәрепке өзгерди. Дастурхан әтирапындағы сөйлесиўлер де перзентти қайсы тил курсына бериў ямаса қайсы пәнди тереңирек оқытыў ҳаққындағы тартысларға көшти. Себеби олар перзентиниң қолында заманагөй өнери ҳәм мийинде беккем билими болса, қор болмайтуғынын, керисинше, ел-журтына пайдасы тийетуғын инсан болып жетисетуғынын түсинип жетти.

Жақын өтмиште жағдай әдеўир басқаша еди. Жаслардың илим алыўға умтылыўы түрли әдалатсызлықлар дийўалына урылып, пыт-шыт болған дәўирлер еле ядлардан өшкен жоқ. Мектепти айрықша баҳаларға питкерген қәбилетли оқыўшылардың жоқары оқыў орнына кириўинде билимлери емес, таныс-билислик шешиўши роль атқарғаны көпшиликтиң аўыр дәрти еди. Перзентиниң жыллап таярланып, имтиханлардан жығылғанын көрген ата-аналар қаншелли руўхый азап шеккенин жақсы билемиз. "Балам, бәлким өзиңди басқа тараўда сынап көрерсең", деген сынық тәселлелер артында қаншадан-қанша ўайран болған арзыўлар ҳәм жоғалтылған талантлар жатыр?

Жаслар өз елинде қәбилетин көрсете алмаған соң, шет елде әўмет излеп, аўыр мийнет етиўге мәжбүр болды. Зейинли ҳәм талантлы жигит-қызлар қәнигелигин таслап, саўда-сатыққа өтип кетти ямаса басқа. Бул жағдайлар пикирлеўдиң раўажланыўына унамсыз тәсирин тийгизбей қоймады. Көпшилик ата-аналар перзентин оқытыў орнына тезирек дәрамат келтиретуғын кәсипти ийелеўди мәсләҳәт беретуғын жағдайға келип қалған едик.

Бирақ соңғы жылларда билимлендириў системасындағы үлкен өзгерислер жоқарыда атап өтилген әдалатсызлықлардың тамырын кесип таслады. Билимлендириўде әдиллик орнатылды, имтихан өткериў ҳәм оқыўға қабыл етиў сабағынан жибине шекем ашық-айдынлыққа айланды. Ҳақыйқый билим ийелери турмыста мүнәсип орнын табыўы ушын мәмлекет барлық имканият есиклерин кеңнен ашып берди. Бүгин ата-аналар перзентлериниң тек ғана өз күши, тынымсыз мийнети ҳәм беккем билими есабынан жоқары оқыў орынларына кирип атырғанын көзлери менен көрип турыпты. Енди гүман-тақатқа, екилениўге ямаса қорқыўларға орын қалмады. Мәмлекет оқыўды қәлеўши жасларға ғамқорлығын әйне усындай әдиллик орнатылғаны арқалы әмелде дәлиллеп берди.

Бүгин ата-аналардың перзентиниң сапалы билим алыўы жолында ҳәр қандай қыйыншылық ҳәм қәрежетке таяр екенин көрип, адамның кеўли қуўанады. Олардың буған умтылыўының тийкарында бир исеним жатады: егер перзенти жетик кадр болып жетиссе, оны ўатанында мүнәсип қәдирлейтуғын ҳәм мүнәсип жумыс орны менен тәмийинлейтуғын әдил система бар. Сол себепли көпшилик қәбилетли жаслар да шаңарағының исенимин ақлаў мақсетинде изленип, өз үстинде ислемекте.

Халқымыз арасында басланған бул ҳәрекетлер әллеқашан нәтийжесин бере баслады. Елимиздиң шетки аймақларында, әпиўайы шаңарақларда дүньяға келип, мийнети ҳәм ата-анасының хошамети арқалы жоқары шеклерди ийелеп атырған қаншадан-қанша жасларды көрип атырмыз. Олар жас болыўына қарамастан, қыйын ҳәм жуўапкершиликли буўынларда ҳүжданлы хызмет етпекте. Бундай ўазыйпаларда жаңаша пикирлейтуғын, мәлимлеме технологияларын толық өзлестирген ўатансүйгиш жаслардың жетекши болып атырғаны болса бәршемизге мақтаныш бағышлайды.

Руўхыйлық ҳәм мәденият тараўларында да бундай жас кадрлар өз сөзин айтып атырғанының гүўасы болып турмыз. Миллий қәдириятларымызды келешек әўладқа жеткериў, тәсиршең ҳәм қызықлы контентлер жаратыў арқалы халқымыздың көзқарасын жоқарылатыў сыяқлы жуўапкершиликли жумыслардың басында күш-ғайратлы жаслардың көп екени қуўандырады.

Бул унамлы өзгерислер ҳәм билимлендириўге болған жоқары қызығыўшылық ертең қандай нәтийже береди, деген сораў туўылыўы тәбийғый. Биринши гезекте, бул саламат орталық халқымыз ҳәм миллетимиз генофондының жаңа басқышқа көтерилиўине хызмет етеди. Ақыл-ойы ҳәм билими арқалы жетискенликлерге ерискен әўлад биреўге бағынышлы болмайды, сөзинде тура алады ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын парахорлық, бийпәрўалық сыяқлы иллетлерге қарсы гүресе алады. Олардың интеллектуаллық потенциалы экономикамызды тәбийғый ресурслар ҳәм шийки затқа ғәрезлиликтен қутқарып, елимизди илимге тийкарланған заманагөй мәмлекетке айландырыўдың бирден-бир ҳәм исенимли жолына айланады.

Негизинде мәмлекетимиз басшысы алға қойған Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў идеясының тийкары да тиккелей мине усы саламат орталық ҳәм сапалы билимлендириў системасына барып тақалады. Тарийхқа нәзер тасласақ, Хорезмийлер, Ферғанийлер, Берунийлер, Мырза Улығбеклер жетилисип шыққан дәўирде инсанлардың илимге қызығыўшылығы ең жоқары шоққыға шыққанын аңлаў қыйын емес. Себеби, жаңа Ояныў дәўирин жаратыў ушын тек ғана аспан көтермели имаратлардың бой тиклеўи, заманагөй заводлардың қурылысы ҳәм тегис жоллардың қурылыўының өзи жетерли болмайды. Барлық имаратлар ҳәм көпирлер ўақыт өтиўи менен гөнериўи, технологиялар пүткиллей өзгерип кетиўи мүмкин, бирақ әсирлер өтип әўладтан-әўладқа мийрас болып өтетуғын пуқта билим ҳәм дурыс тәрбия ҳеш қашан жоқ болмайды.

Соның ушын елимизде қурылып атырған үлкен инфраструктураларды басқара алатуғын, жәҳән майданындағы бәсекиге мүнәсип шыдам бере алатуғын, жасалма интеллект ҳәм заманагөй технологияларды турмысқа енгизетуғын жаңа әўладты тәрбиялаў бүгинги күнниң кешиктирип болмайтуғын ўазыйпаларынан. Жәмийетимиздеги ҳәр бир ата-ана бул үлкен жуўапкершиликти терең сезинип атырғаны мәмлекет тәрепинен алып барылып атырған ақылға уғрас сиясаттың ең үлкен жетискенлиги болып есапланады.

Умтылыўшаң жаслардың билим алыўына қаратылып атырған бундай итибар белгили бир қатламның абаданлығы ушын емес, ал пүткил халықтың сана-сезими ҳәм дүньяқарасын жоқарылатыўға хызмет етеди. Бул унамлы процессти избе-из даўам еттириў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў үстинде тынымсыз излениў ҳәм ҳәр бир шаңараққа илим нурын алып кириў арқалы болса гөзленген мақсетлерге - биз әрман еткен абадан келешекке ерисе аламыз. Себеби, халқымыздың санасындағы миллий ояныў бизди жоқары шеклерге жетеклейтуғынына исениў ушын бүгин барлық ҳуқықый ҳәм руўхый тийкарлар жетерли.

Жонибек АЛИЖОНОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы