Өзгерислерге бола, шет тиллери ҳәм улыўма билим бериў пәнлери бойынша миллий ямаса халықаралық тән алынған сертификатқа ийе болған оқыўшылар жуўмақлаўшы аттестацияда усы пәнлер бойынша мәмлекетлик имтиханлардан максимал балл менен азат етиледи.

3 жыл даўамында жуўмақлаўшы аттестациядан өте алмаған оқыўшыларға мәмлекетлик үлгидеги аттестат алыў ушын экстернат тәртибинде аттестациядан өтиў ҳуқықы бериледи.

Аттестация нәтийжелери бойынша шағымларды көрип шығыў ушын апелляция комиссиясы дүзиледи ҳәм оқыўшылар мәмлекетлик имтихан баҳалары жәрияланған күннен баслап 3 жумыс күни ишинде апелляция арзасын бериўи мүмкин.

Соның менен бирге, апелляциялық шағымды көрип шығыўда оқыўшылардың мәмлекетлик имтихан нәтийжесинде алған балларының төменлетилиўине жол қойылмайды.