Ташкент қаласында Өзбекстан студентлер спорты ассоциациясының гезексиз конференциясы болып өтти. Конференцияда Ассоциация баслығы етип Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов сайланды.

Өзбекстан студентлер спорты ассоциациясы 2018-жылы шөлкемлестирилген болып, оның тийкарғы мақсети - студентлер, оқытыўшылар ҳәм жоқары оқыў орны хызметкерлери арасында спортты ғалаба ен жайдырыў, жоқары шебер спортшылар резервин қәлиплестириў ҳәм спорт инфраструктурасын жетилистириўден ибарат.

Соңғы жыллары Ассоциация жумысы шеңберинде жоқары билимлендириў мәкемелеринде 26 олимпиада спорт түри бойынша 591 спорт клубы ҳәм 21 спорт түри бойынша 721 спорт секциясы шөлкемлестирилди.

Студентлер спорт ҳәрекети жаңа басқышқа көтерилип, "Универсиада", "Бәркамал әўлад" жарыслары менен бир қатарда, "Студентлер лигасы", "Бес баслама олимпиадасы", "Студент жуўырыўы" ҳәм "Ректор кубоги" сыяқлы ғалабалық жарыслар жолға қойылды.

Конференцияда Ассоциацияның келешектеги тийкарғы ўазыйпалары белгилеп алынды:

барлық жоқары билимлендириў мәкемелеринде кеминде 3 тен спорт клубларын шөлкемлестириў;

жарысларды спорт клублары системасы тийкарында муўапықластырыў;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында Ассоциацияның аймақлық бөлимлерин шөлкемлестириў;

"Баркамол авлод", "Универсиада" ҳәм "Студентлер лигасы" жарысларын жетилистириў;

студентлердиң қатнасыўындағы халықаралық жарыслардың саны ҳәм нәтийжелилигин арттырыў;

студентлер спортын раўажландырыўға байланыслы арнаўлы концепция қабыл етиў;

бар спорт заллары ҳәм майданларын заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў;

мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қурылып атырған жатақханаларда спорт имканиятларын жаратыў.

Сондай-ақ, барлық тәлим бағдарларындағы 1-басқыш студентлери ушын 4 кредитли "Дене тәрбиясы" пәни енгизиледи. Спорт клублары ҳәм дөгереклериниң жумысын басқарыў ушын бирден-бир санлы платформа ҳәм мобил қосымша жаратылады. Бирден-бир электрон платформа арқалы календарь реже, рейтинг баҳалаў системасы енгизилип, "Ҳемис" бағдарламасына интеграцияланады.

Жоқары билимлендириў мәкемелеринде үлги спорт дөгереклериниң режеси, бағдарламасы ҳәм методикалық қолланбасы ислеп шығылады. Сондай-ақ, ҳәр бир дөгерек басшысын материаллық хошаметлеў ҳәм студентлерге спорт белсендилиги ушын жеңилликлер бериў мәселелери де көрип шығылады.

Өзбекстан студентлер спорты ассоциациясының жумысы жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, спортты кеңнен ғалаба ен жайдырыў ҳәм мәмлекеттиң спорт потенциалын буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.