Оның сөзлерине бола, бүгинги күнде көплеген студентлер оқыўды жумыс пенен бирге алып бармақта ҳәм сыртқы ямаса кешки бөлимлерде билим алмақта, бирақ бундай формалар "заманагөй талапларға жуўап бермейди."
"Дүняда басқа қатнаслар - аралықтан, узайтырылған билимлендириў қолланылмақта. Яғный студент бағдарламаны төрт жылда емес, ал бес-алты жылда, өзи ушын қолайлы болған темпте, пәнлер ҳәм оқыў жылларын таңлаған ҳалда өтиўи мүмкин," - деди министр.
Оның атап өтиўинше, кадрлар таярлаў системасы базар талапларына сәйкес болыўы керек.
Қоңыратбай Шарипов, сондай-ақ, өткен жылы Президент мәмлекет санаатын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў ушын инженер кадрларды, әсиресе, жаслар арасында таярлаў ўазыйпасын қойғанын еске алды.
Усы мүнәсибет пенен апрель айы "Инженерлик айлығы" деп жәрияланды. Оның шеңберинде үш - "Ең жақсы идея," "Ең жақсы жойбар" ҳәм "Ең жақсы ойлап табыў" номинациялары бойынша республикалық таңлаў өткериледи. Онда студентлер, 40 жасқа шекемги оқытыўшылар ҳәм әмелиятшы инженерлер қатнасыўы мүмкин.
Жеңимпазлар қымбат баҳалы саўғаларға ийе болады:
биринши орын ушын - 9 электромобиль;
екиншиси ушын - раўажланған мәмлекетлерде (Италия, Германия, Қубла Корея, Япония ҳәм басқалар) тәжирийбе арттырыў;
үшинши орын ушын - БЕМның 100 есеси (37,5 миллион сум) муғдарында сыйлық.
Министрдиң сөзлерине бола, таңлаўға 2 мыңға шамалас жойбар усынылған болып, олардан 67 си әллеқашан өндириске енгизилген ҳәм қатнасыўшылардың улыўма саны 5 мыңнан артқан.