Бүгин сиз, әзизлер менен даңқлы тарийхымыздың үстинлери ҳәм Жаңа Өзбекстанның тырнағы тығыз байланысқан уллы жерде- әййемги Хорезмде дийдар көрисип турғанымнан қуўанышлыман.

Хорезм дүнья цивилизациясы ҳәм мәдениятына бийбаҳа үлес қосқан Шығыс гәўхары болып есапланады.

Бул әййемги журт дүньяға даңқы шыққан қаншадан-қанша илимпазлар, сәркарда ҳәм султанлар, әзиз данышпанлар, бийтәкирар шайыр ҳәм жыршылар ўатаны болып есапланады.

Илим-ағартыўшылық шамшырақлары болған Муҳаммед ал-Хорезмий, Әбу Райхан Беруний, Палўан Маҳмуд, Агаҳий, ўатансүйиўшилик тымсалы болған Нажмиддин Қубра ҳәм Жалалиддин Мангуберди сыяқлы уллы инсанлар халқымыздың мақтанышы болып есапланады.

Усы мәнисте, дүнья илимпазларының "Уллы новатор Беруний илимниң бир қатар шешиўши бағдарларында өз дәўиринен 500 жыл, ҳәттеки оннан да көбирек илгерлеп кеткен," деген сыпатламалары бул жердиң уллы потенциалынан дәрек береди.

Хорезмниң ҳәўес етсе арзыйтуғын және бир бийбаҳа байлығы бар. Бул - оның саўлатлы тарийхый естеликлери. Ашық аспан астындағы қала-музей - "Ичан қалъа" комплексиниң улыўма инсаныйлық ғәзийнеси сыпатында ЮНЕСКО дизимине киргизилгени де пикиримизди тастыйықлайды.

Итибар бериң, ўәлаятта 260 тан аслам мәдений мийрас объекти бар. Олардың тарийхы бир неше әсирлерге барып тақалады. Әлбетте, олар өзиниң бийтәкирар ҳәм гөззал архитектуралық келбети менен тек ғана Өзбекстанның емес, ал пүткил Орайлық Азияның дүньялық раўажланыўындағы бийтәкирар орнын белгилеп беретуғын жанлы тарийх болып есапланады.

Әзиз ўатанласлар!

Бүгинги күнде биз Жаңа Өзбекстанды қурыў мақсетинде өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жолын исенимли даўам еттирмектемиз.

Баслаған реформаларымыз шеңберинде тынышлық ҳәм дослық тараўы болған туризмди раўажландырыўға айрықша стратегиялық бағдар сыпатында итибар қаратып киятырғанымыз әлбетте, бийкарға емес. Себеби, туризм - бул тек ғана сейил етиў, мазмунлы дем алыў емес. Ол бәринен бурын еллерди еллерге, кеўиллерди кеўиллерге байланыстыратуғын, мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыздың бай мәденияты ҳәм тарийхый мийрасын, оның ашық кеўлин дүньяға көрсететуғын айна болып есапланады.

Биз тарийхый естеликлер, мәдений мийрас объектлерин қәстерлеп сақлаў, оларды глобал туризм тармағына жедел тартыў бағдарында кең көлемли реформаларды әмелге асырмақтамыз.

Соның менен бирге, миллий архитектуралық шешимлерди қолланған ҳалда, бир ўақыттың өзинде тарийх ҳәм заманагөйликти жәмлеген ири туристлик комплекслерди көбейтиўге айрықша итибар берип атырмыз.

Алгебра ҳәм алгоритмниң тийкарын салыўшы Муҳаммед Хорезмий бабамыз айтқанындай, "Тәртип ҳәм дурыс есап-санақ - ҳәр қандай табыстың гиреўи." Сол себепли де мәмлекетимизде туризм потенциалын арттырыў бойынша анық ҳәм пуқта режелер тийкарында жумыс алып барылмақта.

Биз буннан үш жыл алдын Самарқандта "Мәңги қала" деп аталған ири туристлик комплексти иске қосқан едик. Бүгин болса Хорезм жеринде "Арда Хийўа," әпиўайы етип айтқанда, "Мәңги Хийўа" комплекси салтанатлы түрде ашылмақта. Бул бийбаҳа комплекс үлкен режелеримиздиң және бир әмелий нәтийжеси болып есапланады.

Қысқа ўақытта қурылған бул саўлатлы халықаралық туристлик орында 17 мийманхана ҳәм мийман үйлери, 9 ресторан, ҳәр бири күнине 2 мың туристке хызмет ететуғын ашық ҳәм жабық аквапарклер, 3 мың орынлық амфитеатр, 5 кино ҳәм концерт залы, көргизбелер павильоны, 70 дүкан, 300 саўда қатары, 11 өнерментлер үйи, Шығыс базары ҳәм зергерлик орайы, фонтанлар, сейил ушын 4 километрлик жағалық бойы жолы иске қосылмақта.

Бул бағдарда Хорезмниң даңқлы өтмишинен гүрриң ететуғын "Әййемги Үргенш" музейи халқымыз ҳәм туристлердиң сүйикли орнына айланатуғыны сөзсиз.

Мине, усындай жумысларымыздың есабынан ўәлаятқа туристлер ағымы қосымша түрде 1 миллионға артады, хызметлер 1,2 триллион сумға көбейеди, кеминде 2 мың жумыс орны жаратылады.

"Арда Хийўа" Хорезмде туризмниң раўажланыўында жаңа бет ашатуғынына, ўәлаяттың екинши "мирәт қағазы"на айланатуғынына исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, усы комплекске қаржы киргизген исбилерменлер ҳәм инвесторларға, пидайы мийнет еткен қурыласшы ҳәм қәнигелерге, бул ийгиликли жумысқа мүнәсип үлес қосқан барлық инсанларға қызғын миннетдаршылық билдиремен.

Бул бийтәкирар орын Хорезмге, пүткил халқымызға мүбәрек болсын!

Ҳүрметли Хорезм халқы, әзиз мийманлар!

Хорезмниң еле иске қосылмаған туристлик потенциалы жүдә үлкен. Хабарыңыз бар, Хийўа районындағы 2 мың 400 гектар жерди Хийўа қаласына өткерип атырмыз. Бул жерде «Саҳра жулдызы» туристлик комплекси қурылады. Бул аймақта мийманханалар, кеўилашар орайлары, гастрономиялық ҳәм саўда көшелери, музейлер, экожайлар, жазғы лагерь, экстремал туризм объектлери қурылады.

Комплекс қурылысы бойынша жумысларды усы жылдан кешиктирмей баслаймыз. Бас министр А.Арипов оған басшылық етеди.

Сондай-ақ, Топыраққалада шөл аймағындағы 5 мың гектар жерде сафари ҳәм аң аўлаў туризми раўажландырылады. Үргенш қаласы, Шават, Қўшкөпир, Хийўа ҳәм Хазарасптан ағып өтетуғын Ғазавот, Палўан, Шават каналларының бойларында 50 миллион долларлық 80 хызмет көрсетиў, саўда-кеўилашар объектлери иске қосылады. Бағат, Гүрлен, Янгибазар ҳәм Үргенш районында туризм аўыллары шөлкемлестириледи.

Биз ата-бабаларымыз қалдырған бийбаҳа илимий-руўхый мийрасты қәстерлеп сақлаў, байытыў ҳәм дүньяға кеңнен үгит-нәсиятлаўды өз алдымызға уллы мақсет етип қойғанбыз. Сол себепли, Мамун академиясы имараты алдындағы 2 гектар бағ "Уллы ойшыллар" атамасындағы ашық аспан астындағы "смарт" музейге айландырылады. Усы тийкарда Хорезм жеринде камалға келген онлаған ата-бабаларымыздың ибратлы өмир жолы, бай дөретиўшилик мийрасы интерактив усылда бир неше шет тиллерде туристлерге усынылады.

Күни кеше Үргенш қаласында Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы жаңа университетти ҳәм IT мектебин шөлкемлестириў бойынша айрықша қарарға қол қойдым. Бул билимлендириў дәргайлары болажақ хорезмийлер, берунийлер билим алатуғын оқыў орынларына айланатуғынына исенемен.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бир маселеге итибарыңызды қаратпақшыман. Әмиўдәрьяның еки жағасында жайласқан Хорезм ҳәм Қарақалпақстан елин Қудай тааланың өзи тәғдирлес етип жаратқан. Бул еки қоңсы аймақтың тарийхы, мәденияты ҳәм үрп-әдетлерин бир-биринен бөлек көз алдымызға келтирип болмайды.

Сол себепли, Хорезмде туризмди раўажландырыўды Қарақалпақстан менен үйлесикли түрде, бирден-бир концепция тийкарында әмелге асырамыз.

Буның ушын "Хорезм - Қарақалпақстан" туризм айланбасы жойбары ислеп шығылады. Мәселен, Хийўадан 80 километр қашықлықта Елликқала районы жайласқан болып, бул жерде туристлер ушын тартымлы болған "Аязқала" ҳәм "Топыраққала" естеликлери бар. Сондай-ақ, райондағы "Ақшакөл"де пляж туризмин раўажландырыў ушын барлық инфраструктура бар. Ямаса Беруний районындағы "Султан Уайс" зыярат етиў орны зыярат туризми ушын сийрек ушырасатуғын орынлардан бири болып есапланады. Бундай мысалларды көплеп келтириў мүмкин.

Соның ушын, бул аймақларды өз-ара байланыстыратуғын жол, жол бойы инфраструктурасын раўажландырыў бойынша үлкен бағдарлама баслаймыз. Буннан тысқары, "Үргенш - Гүрлен - Маңғыт" автомобиль жолы толық реконструкцияланады.

Соңғы жыллары Хийўа қаласына темир жол тартылып, жаңа вокзал қурылды, "Бухара - Үргенш - Хийўа" темир жолы толық электрлестирилди. Сизлер менен келисип алғанымыздай, 2026-жылы бул жөнелис бойлап Жалолиддин Мангуберди аты менен аталатуғын заманагөй тезжүрер поездлардың қатнаўы жолға қойылады. Ең әҳмийетлиси, жақын келешекте бул тезжүрер поездлар Нөкиске шекем барады.

Бүгинги әнжуманда көплеген сырт елли досларымыз қатнаспақта. Келиң, қәдирли мийманларымызды шын жүректен қутлықлап, оларға және бир мәрте ҳүрмет ҳәм жақсы тилеклеримизди билдиремиз!

Әлбетте, Хорезмге бир мәрте келген адам оған өмиринше ҳәўес болып қалады. Сиз, әзизлер де бул гөззал ҳәм бийтәкирар үлкеден әлем-әлем умытылмас тәсирлер менен қайтасыз, деп исенемен.

Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң ҳәр бир аймағы өзине тән сулыў тәбияты, бай мәденияты, үрп-әдети, тарийхый естеликлери ҳәм бир-биринен мазалы тағамлары менен ажыралып турады.

Мәмлекетимизге және бир мәрте келиң, басқа аймақларымызды да көриң, елимиз ҳаққындағы қалыс пикирлериңизди жақынларыңыз бенен бөлисиң.

Жаңа Өзбекстан туристлер ушын қәўипсиз, ҳәр қыйлы контентлерге бай, жарқын тәсирлерге толы туристлик мәкан сыпатында ядынызда мәңги мөрленип қалады.

Өзбекстанға хош келдиңиз, әзиз дослар!

Қәдирли ўатанласлар!

Бүгин дүнядағы қыйын жағдайға қарамастан, Өзбекстан өз жолынан исенимли бармақта. Халқымыз тынышлық ҳәм абаданлық, дослық ҳәм бирге ислесиў, дөретиўшилик руўхы менен жасамақта.

Бизиң ҳәр бир мақсет-режемиз, ҳәр бир реформаларымыз адамларымыздың турмысын жақсылаўға, оларды разы етиўге қаратылған ҳәм бул жумысларымыз, иншаалла, даўамлы болсын.

Сиз, әзизлер менен пидәкерлик мийнет етип, Хорезм ҳәм Қарақалпақстанды дүньядағы ең гөззал ҳәм абат, илим ҳәм инновациялар, мәденият ҳәм көркем өнер және де раўажланған жерге айландыратуғынымызға исенемен.

Мине, усы ийгиликли мақсет жолында бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға тынышлық ҳәм қут-берекет тилеймен.

Жанажан Ўатанымыз ҳәмийше аман болсын!

Өзбекстанымыз гүллеп-жаснасын!

Үлкен рахмет сизлерге!