Атап өтилиўинше, Жынаят кодексиндеги электр, ыссылық энергиясы, газ, водопроводтан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў ушын белгиленген жәрийма муғдары арттырылмақта. Белгиленген ҳәкимшилик жазалаўдан соң қайтадан исленген ҳуқықбузарлық ушын жаза күшейтилмекте.

Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң бир неше статьяларына қосымша ҳәм анықластырыўшы нормалар киргизилмекте.

Соннан:

Жеке тәртиптеги исбилерменлердиң жуўапкершилиги анық белгилеп қойылмақта;

Газ ҳәм электр энергиясынан бийпарық пайдаланыўға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын жәриймалар арттырылмақта;

Қадағалаўшы уйым - Өзэнергоинспекцияның ўәкилликлери анықластырылмақта;

Ишки ислер уйымлары ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги хызметкерлерине тийисли ўәкилликлер берилиўи нәзерде тутылмақта.

Нызам жойбарының мақсети - энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, олардың парықсыз жумсалыўына шек қойыў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў болып есапланады, - делинеди хабарда.