Қытай Халық Республикасы Баслығы, ҳүрметли Уллы Мәртебели Мырза Си Цзиньпинге дәстүрий шын жүректен қабыллағаны ҳәм мәмлекеттиң "Арқа дәрўазасы", деп аталатуғын гөззал ҳәм жедел Тяньцзинь қаласында саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын және бир мәрте шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Бақлаўшы мәмлекетлер, шериклер ҳәм саммит мийманларының делегацияларын, сондай-ақ, жетекши халықаралық институтлардың басшыларын қутлықлаўдан қуўанышлыман.

Шын мәнисинде ашық-айдынлық ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў руўхына жуўап беретуғын "ШБШ плюс" форматы исенимли сөйлесиў ушын заманның өзи талап етип атырған майданға айланып бармақта.

Болжанбайтуғын халықаралық жағдай ҳүким сүрип атырған шараятта ШБШ дүньяда турақлы ҳәм әдил тәртипти тәмийинлеўдиң беккем таянышларынан бири, деп есаплаймыз.

Ҳүрметли ушырасыў қатнасыўшылары!

Бул саммитимиз жигирмаланшы әсирдиң қорқынышлы апатшылығы болған Екинши жер жүзилик урыс тамамланғанының 80 жыллығы байрамланып атырған жылда өтип атырғаны терең рәмзий мәниге ийе.

Бул тек ғана әҳмийетли тарийхый ўақыя емес, ал өзине тән ескертиў де болып табылады. Тынышлық бир мәрте ҳәм турақлы ерисилетуғын жемис емес, оны бәрқулла қәстерлеп сақлаў ҳәм беккемлеў зәрүр.

Тартыс ҳәм келиспеўшиликлер толқынын тоқтатыў, исенимди тиклеў, тыныш-татыў турмысқа умтылыў, халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери менен нормаларын ҳүрмет етиў әҳмийетли болып есапланады.

Усы мүнәсибет пенен ҳүрметли Баслық Си Цзиньпин алға қойған Глобал басқарыў бойынша басламасын қоллап-қуўатлаймыз.

Халықаралық машқалалар ҳаққында сөз еткенде, Газа секторындағы жағдайға итибар қаратпай өте алмайман. Бул регионда жағдай және кескинлесип атырғаны ҳәм халықтың жағдайы төменлеп атырғаны терең тәшўиш оятпақта.

Тек ғана "еки халық ушын - еки мәмлекет" принципи тийкарында Палестина - Израиль мәселесине әдил шешим табыў арқалы Жақын Шығыстағы келиспеўшиликти тоқтатыў мүмкин, деп есаплаймыз.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Көп тәреплеме бирге ислесиў бағдарында, бизиң нәзеримизде, ең әҳмийетли ўазыйпаларға қысқаша тоқтап өтпекшимен.

Биринши. Бүгинги күнде дүнья қәўипсизликти тәмийинлеўдиң бизге таныс факторлары шеңберинен шығып кеткен қәўип-қәтерлердиң қурамалы комплекси алдында тур.

Күшли климаттың өзгериўи, энергетика ҳәм азық-аўқат ресурсларының жетиспеўшилиги, миграция кризислери, киберҳүжимлер ҳәм басқа да көплеген жаңа қәўип-қәтерлер пайда болмақта.

Тек ғана қәўипсизликтиң бөлинбеўи принципине тийкарланған коллективлик ҳәрекетлер ғана халықларымыздың турақлылығы ҳәм абаданлығын тәмийинлеў имканиятын беретуғынын атап өтпекшимен.

Усы мәниде, ШБШ Регионаллық антитеррор структурасы базасында Қәўипсизликке қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша универсал орай, сондай-ақ, Душанбеде Наркотиклерге қарсы гүресиў орайы шөлкемлестирилгенин алғыслаймыз.

Келеси жылы Ташкентте мәмлекетлеримиздиң ўәкилликли уйымларының басшылары, жетекши эксперт ҳәм изертлеўшилердиң қатнасыўында биринши "Қәўипсизлик мәселелери бойынша ШБШ плюс сөйлесиўи"н өткериўди усыныс етемен.

Екинши. Аўғанстандағы жағдайды есапқа алмай ҳәм халықаралық жәмийетшиликтиң аўған ҳүкимети менен конструктивлик қарым-қатнасын жолға қоймасдан турып, регионымызда турақлылықты тәмийинлеў мүмкин емес.

Бул мақсетке ерисиў көп тәреплеме Аўғанстанда, улыўма, пүткил регионда узақ мүддетли тынышлық ҳәм турақлылықтан мәпдар болған ШБШ мәмлекетлериниң сиясий ерк-ықрарына байланыслы.

Аўғанстан экономикасын тиклеў ҳәм оның менен регионаллық кооперацияны раўажландырыўға қаратылған бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде ШБШдағы шериклеримиз бенен кең көлемли бирге ислесиўге таярмыз.

Үшинши. Бар тосқынлықларды алып таслаў ҳәм стандартларды жақынластырыў, электрон саўда майданларын раўажландырыў, санаат кооперациясы ҳәм инновацияларды хошаметлеў ушын ҳәрекетлеримизди бирлестириў әҳмийетли.

Бизнес тараўындағы сөйлесиўлер ушын нәтийжели майданды иске қосыў мақсетинде, барлық мәпдар шериклеримизди тартқан ҳалда, ҳәр жылы "ШБШ Инвест" инвестициялық форумын өткериўди усыныс етемен. Биринши форумды келеси жылы Өзбекстанда өткериўге таярмыз.

Төртинши. Регионымызды глобал коридорлар менен исенимли байланыстырыўды тәмийинлейтуғын нәтийжели транспорт бағдарларын жаратыў биз ушын турмыслық әҳмийетли мәселе болып табылады.

Бул бағдарда әмелге асырылып атырған Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан темир жолының қурылыс жойбары айрықша әҳмийетке ийе.

Келешекте бул жөнелистиң Трансаўған коридоры менен байланысыўы ШБШ мәканында бирден-бир транспорт тармағын қәлиплестириў имканиятын береди.

Бесинши. ШБШ мәмлекетлери жасалма интеллект, үлкен мағлыўматлар базалары, робототехника, биоинженерия, альтернатив энергетика сыяқлы алдынғы бағдарларда үлкен секириўди тәмийинлеўге уқыплы болған үлкен илимий-техникалық потенциалға ийе.

Жаңа идеяларды генерациялаў, алдыңғы басламаларды ислеп шығыў ҳәм технологиялар трансфери ушын ШБШ инновациялық-технологиялық хаблар тармағын жаратыўды әмелий қәдем сыпатында усыныс етемиз.

Алтыншы. Мәдений-гуманитарлық тараўда бирге ислесиўди кеңейтиў улыўма мәплеримизге жуўап береди ҳәм дос халықларымызды жақынластырыўға хызмет етеди.

"ШБШ шаңарағы" мәдений ҳәр түрлилиги ҳәм бай қәдириятларын алға қойыўға жәрдемлесиў менен шуғылланатуғын Уллы жипек жолы мәдений қарым- қатнасын шөлкемлестириўди усыныс етемен.

Усы жылдың гүзинде Самарқандта өтетуғын ЮНЕСКО Бас конференциясының тийкарғы илажлары мәмлекетлеримиздиң бийбаҳа тарийхый мийрасын көрсетиў ушын әҳмийетли майдан болыўы мүмкин.

Барлық шериклеримизди бул әҳмийетли мәдений илажларда белсене қатнасыўға мирәт етиўден оғада қуўанышлыман.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

"ШБШ плюс" форматындағы бул саммиттиң жемисли нәтийжелери турақлылықты буннан былай да беккемлеў, көп қырлы шерикликти кеңейтиў, барлық мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет ететуғынына исенемен.

Итибарыңыз ушын рахмет.