"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 14-апрельден баслап мәмлекетимиздиң батыс аймақларына ығал ҳаўа массасы кирип келе баслайды. Қарақалпақстанда, Хорезм ўәлаятында ҳәм кеште Бухара ўәлаятында жаўын жаўып, айырым жерлерде гүлдирмама болыўы күтиледи.

15-16-апрель күнлери ығал ҳаўа массасы республиканың барлық аймақларына тарқалады. Көпшилик ўәлаятларда ўақты-ўақты менен жаўын, айырым жерлерде күшли жаўын жаўып, гүлдирмама болады. Күндизги температура 13 ̊16° жыллыға шекем төменлейди.

17-апрель күни орайлық ҳәм шығыс ўәлаятларының айырым аймақларында жаўын жаўып, гүлдирмамалар бақланады.

Бәлент таўлы аймақларда 15-17-апрель күнлери жаўын қарға айланыўы мүмкин.

Айырым күнлери самалдың күшейиўи күтилмекте:

14-апрель - Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятларында;

15-16-апрель күнлери пүткил республика бойынша 15-20 м/с қа шекем, айырым жерлерде 25-28 м/с қа шекем шаң-тозаң болыўы мүмкин.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда сел ҳәм тасқын ҳәдийселери болыўы мүмкин.

Ташкентте:

13-14-апрельде жаўын-шашын болмайды, ҳаўаның температурасы 26-29 дәреже, шығыстан самал өзгерип турады.

15-17-апрель күнлери ўақты-ўақты менен жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы, самалдың тезлиги 12-15 м/с қа шекем күшейиўи, күндизги температура 13-16° жыллыға шекем төменлеўи мүмкин.