2025-жылдың 24-ноябрь - 5-декабрь күнлери Самарқанд қаласында Жоғалып кетиў қәўпи астында турған жабайы фауна ҳәм флора түрлериниң халықаралық саўдасы ҳаққындағы конвенция (CITES) тәреплер конференциясының 20-мәжилиси (COP20) өткериледи, деп хабар бермекте Экология министрлиги.
Атап өтилиўинше, бул ҳаққындағы келисимге экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов ҳәм CITES бас хаткери Ивонн Игуеро тәрепинен Биологиялық ҳәр түрлилик ҳаққындағы конвенция қатнасыўшыларының конференциясы шеңберинде қол қойылған.
"Бул шәртнамаға қол қойылыўы биологиялық ҳәр түрлиликтиң жоғалып кетиўи ҳәм жабайы тәбияттың нызамсыз саўдасына қарсы гүресиўде бирге ислесиў әҳмийетли екенлигин атап өтеди. Биз халықаралық жәмийетшиликти 2025-жылы COP20 шеңберинде Самарқандта күтип алыўдан қуўанышлымыз, ол жерде планетамыздың бай биологиялық мийрасын қорғаў бағдарындағы ҳәрекетлеримизди бирлестиремиз," - деди Азиз Абдуҳакимов.
Өз гезегинде, Ивонн Игуеро Өзбекстанның бул илажды тарийхый Самарқанд қаласында өткериў усынысы ушын миннетдаршылық билдирди.
CITES конвенциясы 1973-жил 3-мартта қол қойылған ҳәм 1975-жил 1-июльден күшке кирген. Конвенцияның мақсети жабайы ҳайўанлар ҳәм өсимликлердиң түрлерин сақлаў ҳәм олардың нызамсыз саўдасының алдын алыўдан ибарат. Өзбекстаннан да көплеген түрлер шөлкем дизимине киргизилген, мәмлекет 1997-жылдан берли конвенция қатнасыўшысы есапланады.
Өзбекстан CITESтиң 184 тәрепи (183 мәмлекет ҳәм Европа Аўқамы) ҳәм жабайы тәбиятты қорғаў ҳәм саўда тараўындағы кең көлемли мәпдар тәреплердиң мәжилисин өткериўши Орайлық Азиядағы биринши мәмлекет болып есапланады.
Илажда 4 мыңнан аслам қатнасыўшы ҳәм делегатлар қатнасыўы күтилмекте. Илаж шеңберинде тәреплер жабайы тәбияттың халықаралық саўдасының турақлылығы, нызамлылығы ҳәм бақланыўы, түрлерди сақлаў ҳәм турақлы ресурсларды басқарыў бойынша додалаўлар өткериўи күтилмекте.