Конференцияға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мәсләҳәтшиси, филология илимлери бойынша философия докторы (PhD), доцент Пердеғалий Дабылов, институттың рус тили ҳәм әдебияты кафедрасының доценти, филология илимлериниң кандидаты Эльмира Ешниязова, Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң жоқары категориялы ана тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Ҳүрлиха Абдижаббарова, сондай-ақ, белгили жазыўшы ҳәм шайырлар, филолог илимпазлар, шайырдың перзентлери, институт профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери қатнасты.
Илажда баянат жасағанлар ҳәм сөзге шыққанлар Төлепберген Мәтмуратов шығармаларында шайыр феномени, оның лирикасы, шайыр шығармаларының улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында улыўма инсаныйлық қәдириятларды үгит-нәсиятлаў ҳәм раўажландырыўдағы әҳмийети ҳаққында баҳалы мағлыўматлар берди.
«Өмирдеги мениң мақсет – мурадым:
Қуўып шығыў қайда болса пәс қылық.
Дүньяда не қалсын, десе жуўабым:
Көкте қуяш қалсын, жерде жақсылық», – деп жырлаған шайыр Төлепберген Мәтмуратов, ҳақыйқатында да, әпиўайы, бирақ үлкен адамгершилик қәсийетлери менен де, жоқары адамгершиликти, ар-ҳүждан, жақсылықты, сап муҳаббатты жырлайтуғын жыллы лиризмге толы, нәзик сезимтал поэзиясы менен де тирилигинде өзине мәңгилик естелик қалдырып кеткен шын мәнисиндеги әдебий тулға, ҳақыйқый талант ийеси, үлкен ҳәриплер менен жазыўға ылайық әжайып инсан болды.
Шайырдың өзиниң де, поэзиясының да усындай бир әжайып дүнья екенлигин ўақтында дурыс аңлай билген академик Марат Нурмуҳаммедов шайыр поэзиясының дәслепки дәўирлеринде-ақ бул поэзияның арнаўлы изетлеўге турарлық екенлигин атап өткен еди.
Ўақтында С.Ахметов, Қ.Султанов, Қ.Камалов усаған илимпазлар да оның дөретиўшилигине айрықша баҳа береди.
2000-жыллардың басында болса жас илимпаз Эльмира Ешниязова шайыр поэзиясындағы шеберлик мәселеси бойынша арнаўлы илимий-изертлеў жумысын жүргизди.
Мине, усындай әдебиятымызда белгили орны бар, талантлы әжайып шайыр Т.Мәтмуратов 1939-жылы Қараөзек районында дийқан шаңарағында туўылды. Жаслайынан ата-анасынан жетим қалып, балалар үйинде тәрбияланды. Т.Мәтмуратовтың шайырлыққа, улыўма көркем дөретиўшиликке болған ықласы усы балалар үйинде тәрбияланып, оқыўшы болып оқып жүрген жылларында-ақ пайда болды. Мектепти питкериўден шайырлық жолды таңлап алғысы келип, Ташкент мәмлекетлик университетиниң журналистика факультетине тапсырмақшы болды. Оның журналист, шайырлар таярлайтуғын оқыў орнының студенти болсам, деген бул әрманы 1958-жылы иске асты. Студентлик жылларында Т.Мәтмуратов жақсы әдебий орталыққа араласып, өзиниң курсласлары болған, соң өзбек ҳәм қарақалпақ әдебиятының белгили ўәкиллери болып жетилискен талантлы жазыўшы-шайырлар, журналистлер А.Арипов, Ш.Халмурзаев, К.Мәмбетов, С.Садықовлар менен жақын дөретиўшилик байланыста болды.
Т.Мәтмуратов университетти питкерген 1963-жылда шайыр сыпатында әдеўир ысылып қалған еди. Көп узамай оқыўшы журтшылығы оның дәслепки шайырлық саўғасы «Ақ терек пе, көк терек» (1964) пенен танысты. Шайыр, мине усы 60-жыллардың орталарынан басланған шайыршылық өнерин 70-жылларда әдеўир жетилистирди. Ол республикалық газеталарда, мәмлекетлик радиоеситтириў ҳәм телекөрсетиў комитетинде, соң «Әмиўдәрья» журналында әдебий хызметкер, бөлим баслығы, жуўаплы хаткер, бас редактордың орынбасары болып ислеген жылларында өз мийнет лаўазымларын қандай минсиз атқарған болса, өмириниң ақырына шекем лирикаға, поэзияға садық қалды, көп ғана қосықлар, поэмалар жазды, аўдармалар иследи. Шайыр қысқа өмириниң ишинде «Ақ терек пе, көк терек» (1964), «Лирика» (1966), «Гөззаллық оянды» (1970), «Айсәнем» (1973), «Ашылысыў» (1977), «Арзыў шәмени» (1981), «Жақсылық сарайы» (1986), «Жулдызлар жанар» (1989) қосықлар ҳәм поэмалар топламларын мийрас етип қалдырды. Оның рус тилинде де еки (1984, 1988) поэзиялық топламы басылып шықты. Ол Гётениң «Фауст» трагедиясын қарақалпақ тилине аўдарды. Т.Мәтмуратов 1986-жылы «Арзыў шәмени» поэтикалық топламы ҳәм «Жақсы адамның жүреги» поэмасы ушын Қарақалпақстан Республикасы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды.
Конференцияда шайырдың қәлемине тийисли қосықлар институттың талантлы студентлери ҳәм көркем өнер шеберлери тәрепинен атқарылды. Соның менен бирге, шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған сахналық көринислер жыйналғанлардың нәзерине усынылды.
Ислам Матеков, Әжинияз атындағы НМПИ ның баспасөз хаткери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.