«Хош бол, әлипбем» балалар өзлериниң туңғыш китабы менен хошласпақта. «Дүньядағы ең үлкен табыс гилти – ҳәрип таныў» деген данышпанлар. Ҳәр бир ул-кыз көксине қыстырылған ҳәриплер балалар жәрдеминде өзин сыпатлап берди. Сол үш-төрт буўынлы әпиўайы тақмақларда терең мәни жасырынған. Бәлким, бул балалар ядлап алған ең тәсирли қосық шығар. Биринши класс пайтымда А ҳәриби болғаным ериксиз ядыма түсти. Ҳәр бир сахналық көринислер бизге қайта-қайта балалықты еслетти, сағындырды. Кеше бала едик, мине бүгин перзентимиз биринши класс босағасында. Олардың мектептеги дәслепки алтын дәўирлери мөрленген фото роликлер, ата-аналардың қатнасыўында өткерилген викторина ҳәм епшиллик ойынлары, балалардың жеке ҳәм топар болып атқарған қосық ҳәм аяқ ойынлары байрамға таярлық қызғын болғанлығын көрсетеди.
– Бүгинги сабақлықлар нәдеўир қурамалы, – дейди биринши класс оқыўшысы Тыныбекова Алфияның кемпир апасы Гүлайым Төреева. – Муғаллимниң жас нәўқыран көриниўинде де, яки тез қартайып қалыўында да биз ата-аналардың үлесимиз мол болады. Муғаллим үйретиўи керек деп барлық жуўапкершиликти оның мойнына жүклеп қойыўымыз қәте. Ата-аналар муғаллимниң жәрдемшиси, қоллаўшысы болса ғана билимлендириўде ҳақыйқый сапа болады.
Бир инсан бар, биз үлкен өмирге қәдем таслап, үлкен нәтийже, лаўазымларға ерискен демимизде де сол баяғы оқыған мектебимизде жасларға тәлим-тәрбия берип жүрген болады. Өмиримизде өшпес из қалдырған бул шахс – биринши класс муғәллимимиз. Ойлап қарасақ ол өз перзентлеринен де көбирек халықтың балаларын қайғыратуғын, оларға бар күш-жигерин, ўақтын ҳәм меҳирин сарыплайды.
– Утепова Зухра Камаловна узақ жыллық билим ҳәм тәжирейбеге ийе педагогларымыздан бири, – дейди мектеп директоры Бахадыр Акимов. – Бүгин ата-аналар ең дәслеп мектеп емес устаз таңламақта. Сол ушын ҳәр бир билимлендириў мәкемесиниң жүзи әне сондай жетик, пидайы муғаллимлер саналады. Биз усы биринши класс қарлығашлары арасынан еле көплеп елимизге, дүньяға белгили инсанлар жетилисип шығыўына исенемиз ҳәм оларға алдағы оқыўларында табыслар, устазына болса талмас күш-ғайрат тилеймиз.
Н.Мамбетырзаева,
Журналист.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.