Жаңа жумыс орынларын жаратыў тек ғана экономиканың раўажланып атырғаны емес, ал тынышлық-татыўлық ҳүким сүрип атырған мәмлекеттиң турақлы раўажланып атырғанының белгиси болып есапланады.
Бир адамды жумыслы етиў, жәмийетке бейимлесип, турмыста өз орнын таўып, тек ғана өзине, шаңарағына емес, ал мәмлекетке де пайда келтиретуғын шахсты таярлаў узақ ҳәм даўамлы процесс. Негизинде пүткил жәмийет, қалаберди, инсан өмири ҳәм ҳәрекетлери мине усы нызамлылық үстине қурылған.
Мәмлекетимиз басшысы еки адамды жумыслы еткен исбилерменди басыма көтеремен, деп бийкарға атап өтпеген еди. Әсиресе, енди ғана ғәрезсиз турмысқа кирип киятырған жас әўладты жумыс пенен тәмийинлеў, турмыста өз күши менен аяққа турып алыўы ушын мүнәсип шараят жаратып бериў сиясатымыздың тийкарғы ўазыйпаларынан бирине айланған.
Айырым мәмлекетлерде туўылыўдың азайып кетиўи ҳәм миллеттиң қартайыўы мәмлекетлердиң ертеңги күнине үлкен көлеңке салып атырғаны, ҳүкиметлерди қатты тәшўишке салып атырғаны ҳақыйқат. Усындай бир жағдайда биз Өзбекстан - жаслар мәмлекети деп айта аламыз. 38 миллионлық халықтың дерлик 60 процентин наўқыран әўлад ўәкиллери қурайды. Елимиз дүньяда халқы тез көбейип атырған санаўлы мәмлекетлерден бири болып есапланады.
Тәбийғый, мәмлекет халқының турақлы өсиўи тек ғана қуўанышлы емес, ал мәмлекет ҳәм ҳүкимет мойнындағы жуўапкершиликти де арттырады. Буның ушын социаллық-экономикалық реформаларды жанландырыў менен бирге жаңа кәрханалар ашыў ҳәм жумыс орынларын жаратыў зәрүрлиги және де артады.
Ҳәр жылы миллий мийнет базарына дерлик ярым миллион жумысшы күши кирип келмекте. Олардың бир бөлегин белгили бир кәсипти ийелеген, жоқары маманлықтағы, қолында дипломы бар кадрлар қурайды. Статистикалық мағлыўматларға бола, соңғы жети жылда институт ҳәм университетлерге қабыллаў 4,5 есеге артып, жаслардың жоқары билимлендириў менен қамтып алыныўы 42 процентти қурамақта. Усы жерде бул бағдардағы жағдайды анық таллаў ҳәм дәлиллер тийкарында көрип шықсақ.
Мәселениң нәзик ҳәм итибар қарататуғын тәрепи, жоқары билимлендириўде оқытылып атырған кадрлар менен жумыс бериўшилердиң талабы арасында айырмашылық үлкен. Ақыбетинде кәрханалар шеттен таяр қәниге тартыўға мәжбүр болмақта. Ҳәр бир студентти жоқары оқыў орнында оқытып, қәниге етип таярлаў ушын мәмлекет жылына 25-30 миллион сум жумсамақта. Бирақ төрт жыл өмирин сарыплап, диплом алған жаслардың ярымынан көби әпиўайы жумысларда бәнт болмақта.
Кейинги жыллары 40 жоқары оқыў орнына финанслық еркинлик берилгени нәтийжесинде экономика, ҳуқықтаныў, медицина, шет тиллери ҳәм педагогика бағдарындағы мәкемелердиң өз қаржысы пайда болды. Бирақ аўыл хожалығы, ветеринария, инженерлик, анық ҳәм тәбийғый пәнлер бағдарлары жаслар ушын тартымлы емес.
Тармақлар менен байланыслылықты арттырыў мақсетинде 25 инженерлик билим журты бирге ислесиўши кәрханаларда 438 кафедра ашты. Мәселен, нефть-газ тармағы билимлендириў-өндирис кластерлерин шөлкемлестирген. Усындай әмелият нәтийжесинде Бухара техника университетиниң 2 мыңнан аслам питкериўшиси өз қәнигелиги бойынша жумысқа жайластырылды. Илимий изертлеўди коммерцияластырыў 10 есеге артқан.
Жақын жылларда мәмлекетимизде 83 миллиард долларлық ири жойбарлардың иске қосылыўы режелестирилмекте. Олардың есабынан санааттың өзинде 500 мыңға шамалас қәнигеге талап пайда болады.
Мәселен, Бухара ўәлаятында ири газ-химия комплекси қурылмақта. Сырт ел компаниялары менен биргеликте Үстиртте үлкен жойбарлар басланбақта.
Булардың барлығы жоқары билимлендириўди тараўлардың талабы дәрежесине көтериў, кадрлар таярлаў сапасы ҳәм жаслардың бәнтлиги қамтып алыўын жедел арттырыўды талап етеди.
Енди баҳасы 1 миллион доллардан, жумысшылар саны 50 ден аслам болған жойбарлардың техникалық-экономикалық тийкарында тараўлар ҳәм бағдарлар кесиминде қәнигелерге талап көрсетиледи. Бул арқалы жуўапкер министр ҳәм тармақ басшысы жоқары оқыў орнына буйыртпа жайластырып, кадрларды мақсетли таярлаўды жолға қояды.
Онда ректорлар буйыртпа тийкарында оқып атырған студентлер ушын, тийкарғы пәнлерден тысқары, қосымша билимлендириў модуллерин енгизеди. Оларды оқыған студентлерге кредит баллары бериледи.
Студентлердиң билими екинши курстан кейин оларды жумысқа алмақшы болған инвесторлардың қатнасыўында жыллық баҳаланады. Питкериўши диплом жумысын жойбарда қойылған мәселелерден келип шығып қорғайды. Бир сөз бенен айтқанда, инвестор талабына сай питкериўшилер кепилликли жумысқа алынатуғын болады.
Мийнет қатнасықларында жеке меншик сектор ушын пайдалы система жаратылмақта. Енди питкериўшини жумысқа алғаны ушын исбилерменлик рейтингинде қосымша балл бериледи. Жоқары оқыў орны оларды бос орын бар кәрханаға бағдарлайды.
Коммерциялық банклер арқалы 20 мың питкериўшиниң бизнес баслаўына жәрдемлесиў мөлшерленбекте. Атап айтқанда, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын Миллий банк ҳәм "Алоқабанк"ке быйыл 300 миллион доллар ажыратылды.
Банклер бул жеңиллетилген кредит ресурсының бир бөлегин питкериўшилерди жумысқа алған кәрханаларға да береди. Бул жаңа система тек ғана быйылғы емес, ал оқыўды питкергенине 3 жыл болмаған питкериўшилер ушын да енгизиледи.
Усы айдың басында мәмлекетимиз басшысының жоқары билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниң жумысқа жайласыўына жәрдемлесиў бойынша қосымша илажлар ҳаққындағы жаңа қарары қабыл етилди. Бул ҳүжжетте келтирилген жаңа тәртипке бола, питкериўшилерди жумысқа алған исбилерменлерге буннан былай жеңиллетилген кредит бериледи ҳәм банклер олардың бәнтлигин тәмийинлеўге жуўапкер етип белгиленди. Атап айтқанда, жоқары билимлендириў шөлкемлериниң питкериўшилерин жумысқа қабыл еткен исбилерменлер 7 жыл мүддетке, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредитлер алыў имканиятына ийе болады.
Президентимиздиң қарарына тийкарланып, жеңиллетилген кредитлердиң шәртлери де анық белгилеп берилди. Енди кредитлер Орайлық банктиң тийкарғы ставкасына 4 процентлик пункт қосылған ставкада бериледи. Ҳәр бир 1 миллиард сум кредит ушын кеминде 1 питкериўши жумысқа қабыл етилиўи талап етиледи. Кредит өндирис ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы жойбарларға ажыратылады. Егер жумысқа алынған питкериўши еки жыл ишинде жумыстан босаса, кредит проценти коммерциялық ставкаға өзгертиледи. Бир ай ишинде басқа питкериўши жумысқа алынса, жеңиллик сақланады.
Әмелият ҳәм стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаўға айрықша әҳмийет бериледи. Атап айтқанда, жоқары билимлендириў мәкемеси, жумыс бериўши ҳәм студент арасында үш тәреплеме шәртнама дүзиледи. Ҳәр айда студентке базалық есаплаў муғдарының 10 есесине шекем төлем әмелге асырылады. Зәрүр жағдайларда сырт елдеги қысқа курсларда қатнасыў ушын БЕМниң 50 есесине шекемги қаржы ажыратылады. Ең жақсы стартап ҳәм инновациялық жойбарлар жеңимпазларына 1 миллиард сумға шекем грант бериледи. Жеңимпаз исбилермен кеминде 2 питкериўшини жумысқа алыўы керек.
Халықты жумыс пенен тәмийинлеў, социаллық қорғаўға мүтәж қатламды, енди ғана еркин өмир сүрип атырған наўқыран әўлад ўәкиллерин жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм сол арқалы кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бүгин мәмлекетимизде улыўма миллий ҳәрекетке айланған. Мине, усы ийгиликли мақсетти жүзеге шығарыў жолында барлық ресурслар "Инсан қәдири ушын" принципи тийкарында жумсалды.
Улыўмаластырып айтқанда, жоқарыдағы сыяқлы жаңа ҳәм заманагөй көзқараслардың әмелиятқа енгизилиўи ҳәр бир инсанға жумыс ислеў, жақсы жасаў имканиятын беретуғыны сөзсиз.
Юнус БУРОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы





