Жақында социаллық тармақларда Наўайы қаласындағы 22-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 5-класс оқыўшысы Исломбек Мансуров шет тилин билиў бойынша В2 дәрежесин қолға киргизгени, сондай нәтийжеге Шырақшы районындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 5-класс оқыўшысы Мунаввар Нуралиева да ерискени, Алмалық қаласындағы жеке меншик мектептиң 6-класс оқыўшысы Шодия Абдусатторова инглис тилинен IELTS 6,5 баллы сертификат ийеси болғаны ҳаққында хабарлар тарқалды. Қулласы, соңғы ўақытлары бундай хабарларға көбирек көзимиз түспекте ҳәм буған үйренип те қалдық. Бир неше жыллар алдын бундай көрсеткишлер университет питкериўшилери ушын әрман еди. Бүгин болса бул - жаңа Өзбекстанның жаңа әўлады ушын әдеттеги жағдайға айланып бармақта.

Хош, бундай нәтийжелер өз-өзинен пайда болды ма? Ямаса бул билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалар, жасларға жаратылып атырған имканиятлар ҳәм хошаметлеў системасының жемиси ме? Келиң, жағдайды тереңирек талқылайық.

IELTS өзи не ҳәм ол не ушын керек?

Көпшилик ата-аналар ҳәм жаслар "IELTS" сөзин еситкен. Бирақ оның тийкарғы мәнисин ҳәмме де толық түсинбеўи мүмкин.

Әпиўайы етип айтқанда, IELTS (International English Language Testing System) - сизиң инглис тилин қаншелли билетуғыныңызды анықлап беретуғын "тәрези". Ол төрт көнликпени тексереди: еситип түсиниў, оқыў, жазыў ҳәм сөйлеў.

Бул сертификат не береди?

Бәринен бурын, ол абитуриентлерге жоқары оқыў орнына кириўде шет тили пәнинен максимал балл алыў имканиятын береди. Яғный сертификаты бар жаслар кириў имтиханларында инглис тили блогын шешип отырмайды, оларға толық балл жазылады. Екиншиден, сырт ел абырайлы университетлеринде оқыў ямаса раўажланған мәмлекетлерде жумыс ислеў ушын бул ҳүжжет тап "виза" ўазыйпасын атқарады. Үшиншиден болса, көплеген шөлкемлерде тил сертификатына ийе хызметкерлерге айлық мийнет ҳақысына қосымша үстемелер төленеди.

Өзбекстанда бүгин тил үйрениўге қызығыўшылық кескин артқаны бийкарға емес. Бул соңғы жыллары мәмлекетлик сиясат дәрежесинде билимлендириўге қаратылып атырған итибардың нәтийжеси. Президентимиз тәрепинен алға қойылған басламалар, атап айтқанда, шет тиллерди үйрениўди ғалаба ен жайдырыў бойынша қарарлар тараўда түпкиликли бурылыс жасады.

Ең үлкен абзаллықларынан бири имтихан қәрежетлериниң қаплап берилиўи болды. Бүгинги күнде халықаралық имтихан тапсырыў арзан емес (шама менен 2 миллион сумнан аслам). Бирақ бизде жолға қойылған системаға бола, жоқары нәтийже (С1 ямаса IELTS 7.0 ҳәм оннан жоқары) көрсеткен жасларға имтихан пулы толық қайтарып берилмекте. Бул шаңарақ бюджетине пайда келтириў менен бирге, жасларда "Билим алсам, мәмлекет мени қоллап-қуўатлайды", деген исеним оятты. Нәтийжеде тек ғана қала орайларында емес, ал шетки аймақлардағы жасларда да қызығыўшылық пайда болды.

Соңғы бес жыл даўамында (2021-2025-жыллар) шет тили имтиханларынан жоқары нәтийже көрсеткен 56 мың 354 жасқа мәмлекет тәрепинен жәми 111 миллиард сумнан аслам қаржы төлеп берилди.

Ең қуўанышлысы, жаслардың билим дәрежеси кескин артқан. Санларды талқылайтуғын болсақ, 2025-жыл көрсеткишлери 2020-жылдағыға салыстырғанда таң қаларлық дәрежеде өскенлигин көриў мүмкин: IELTS 5.5 ҳәм оннан жоқары балл алғанлар саны - 5,7.0-8.0 балл (С1 дәреже) алған күшли билимданлар - 7,4, 8.5-9.0 балл (С2 - ең жоқары дәреже) ийелери болса - 23,7 есеге артқан. Буннан көринип турғанындай, жасларымыз енди тилди тек ғана "орташа" емес, ал академиялық ҳәм профессионал дәрежеде ийелеўге умтылып атыр.

Рекордшы балалар тек ғана пайтахтта емес, ал аймақларда да көбейип бармақта. Бул да билимлендириўдиң сапасы пүткил мәмлекетимиз бойлап ен жайып атырғанынан дәрек береди.

Ҳәзир республикамыздың ең шетки район ҳәм аўылларында да заманагөй оқыў орайлары жумыс алып бармақта. Мәмлекет тәрепинен жеке меншик билимлендириў секторына берилген салық жеңилликлери, кредитлер ҳәм кең шараятлар себепли, тәжирийбели устазлар ўәлаятларға қайтып, сапалы билим бериўди баслады. Бүгин Ғиждувон ямаса Шаҳрисабздың шетки аўылындағы оқыўшы да Ташкенттеги ямаса Лондондағы теңлеси менен биймәлел бәсекилесе алатуғын дәрежеде билим алмақта.

Президентимиздиң 2024-жыл 27-июньдеги "Жасларды шет тиллерге оқытыў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары менен жасларға және бир жеңиллик жаратылды. Егер алдынлары тек ғана инглис тили үстин болған болса, енди "екинши тил" үйрениўшилерине де кең жол ашылды.

Атап айтқанда, немис, француз, корейс, қытай ҳәм япон тиллери бойынша имтихан қәрежетлерин қаплап бериў талабы бир басқышқа төменлетилди. Енди бул тиллерден В2 ҳәм оған теңлестирилген дәрежедеги сертификатқа ийе болған жаслар да имтихан пулын толық қайтарып алыўы мүмкин. Бул қарар, әсиресе, Европа ҳәм Азия мәмлекетлери менен бирге ислесиўди қәлеген жаслар ушын жүдә қолайлы болды.

Ҳәзирги ўақытта бар болған 18 түрдеги халықаралық имтихан системаларында табысқа ерискен жаслар өз қәрежетлерин артықша әўерегершиликсиз, аралықтан турып, "Xazna" мобил қосымшасы арқалы оператив түрде қайтарып алыўы мүмкин.

Бирақ мәселениң екинши тәрепи бар: бул глобал тенденция ма ямаса тек ғана бизге тән қәсийет пе? Келиң, жағдайды айырым мәмлекетлер мысалында таллап көрейик.

Қоңсыларда жағдай қандай?

Бизге мәденияты ҳәм менталитети ең жақын болған Орайлық Азия мәмлекетлери - Қазақстан ҳәм Қырғызстанда да инглис тилине талап жоқары. Бирақ ол жердеги қатнас бизикинен парық қылады. Атап айтқанда, Қазақстанда IELTS тийкарынан мектептиң жоқары класс оқыўшылары (10-11-класс) арасында ғалаба ен жайған. Олардың мақсети анық: "Болашак" сыяқлы мәмлекетлик бағдарламалар арқалы сырт елде оқыў ямаса жергиликли абырайлы университетлердиң грантларын қолға киргизиў. Өзбекстанда бақланып атырған 11-12 жасар балалардың "ғалаба" түрде тил сертификатын алыўы қоңсыларымызда еле кең көлемли трендке айланбаған. Оларда тил үйрениў процеси басқышпа-басқыш, жасқа сәйкес ҳалда өтеди.

Азия жолбарыслары: "өмир-өлим" мәселеси

Егер Өзбекстандағы жағдайға ең уқсас моделди излесек, оны Вьетнамда табамыз. Қубла-Шығыс Азияның бул жедел раўажланып атырған мәмлекетинде де IELTS - социаллық статус белгиси.

Вьетнамда да биздеги сыяқлы 6-класстан баслап тил үйрениўге "интенсив ҳүжим" басланады. Себеби де уқсас: жоқары балл абырайлы қәнигелескен мектеплерге кириў ҳәм миллий имтиханлардан азат болыў ҳуқықын береди.

Қытай болса дүньядағы ең үлкен IELTS базары есапланса да, олардың мақсети бираз басқаша. Қытайлы оқыўшылар ҳәм студентлер ушын IELTS - бул академиялық табыстан көре, АҚШ ҳәм Уллы Британияның "Топ-100"ине кириўши университетлериниң есигин ашатуғын гилт болып есапланады. Ол жерде бәсеки соншелли күшли, сертификатсыз карьера қылыў дерлик имкансыз.

Европа парадокси: "оқыў" ҳәм "тапсырыў" айырмашылығы

Европа Аўқамы, атап айтқанда, Скандинавия мәмлекетлери, Нидерландия ҳәм Германиядағы жағдай биз ушын пүткиллей керисинше дүнья сыяқлы көринеди. Ол жерде мектеп билимлендириўи системасының өзи сондай қурылған, бала инглис тилин тәбийғый орталықта, тап ана тили сыяқлы өзлестиреди.

Немис ямаса швед оқыўшысы мектепти питкергенде қосымша репетиторсыз биймәлел СЦ1 (IELTS 7.0-8.0) дәрежесинде сөйлесе алады. Ең қызығы, олар буның ушын сертификат алыўға асықпайды. Европада "IELTS ушын оқыў" түсиниги жоқ, оларда "Тил билиў ҳәм сөйлесиў" мәденияты үстин. Сертификат тек ғана сырт елге оқыўға кетиў алдынан, тек ғана рәсмийлик ушын тапсырылады. Биздеги сыяқлы жыллап тест шешиў шынығыўлары олар ушын жат.

Хош, не ушын әйне мәмлекетимизде 12 жасар балалар үлкенлер сыяқлы пикирлеп, қурамалы академиялық текстлерди талқыламақта? Буның еки тийкарғы, басқа мәмлекетлерде сийрек ушырасатуғын себеби бар.

Бириншиси - финанслық хошаметлеў. Мәмлекет тәрепинен халықаралық имтихан қәрежетлериниң толық қаплап берилиўи ҳәм ең әҳмийетлиси - миллий жоқары оқыў орынларына кириўде шет тили пәнинен максимал балл берилиўи бул тенденцияны кескин "жасартып жиберди". Ата-аналар перзентиниң абитуриентлик дәўириндеги жүгин ҳәзирден жеңиллетиў ушын 5-6-класстан-ақ репетиторларға бермекте.

Екиншиси - социаллық лифт. Бул фактор руўхый ҳәм экономикалық тәреплерге барып тақалады. Көпшилик ата-аналардың нәзеринде IELTS сертификаты перзентиниң келешеги ушын ең исенимли кепиллик. Олар бул қағазды кәмбағаллықтан шығыў, дүньяны көриў ҳәм жәмийетте жоқары дәрежеге ерисиў ушын "алтын билет" деп биледи.

Дүньяда глобалласыў процеси тезлескени сайын IELTS алыў тенденциясы күшейип бармақта, бул тәбийғый. Бирақ, 11-13 жасар балалардың массалық түрде 7.0 ҳәм оннан жоқары балл алыўы бойынша Өзбекстан ҳәзирги ўақытта дүньяда ең алдынғы қатарларда бармақта.

Бул бир жағынан қуўанышлы. Жасларымыздың интеллектуаллық потенциалы артпақта, дүньяға интеграцияласыўы жеделлеспекте. Екинши тәрептен болса, бул бизди ойландырыўы керек: биз балалардан балалығын алып, оларды тек ғана "тест шешиў машинасы"на айландырып қойып атырғанымыз жоқ па? Европа сыяқлы тилди "жасаў қуралына айландырыў басқышына қашан өтемиз?

Қалайда, бүгинги қаҳарманларымыз жаңа Өзбекстанның заманагөй әўлады қандай потенциалға ийе екенин көрсететуғын жарқын ўәкиллери болып есапланады.

Фазлиддин САТТОРОВ,

журналист