Ашық болмай илажы жоқ

    Ҳәзир инсаният сөйлесиўлеринде ең көп ҳәм ең қызғын додаланып атырған темалардан бири бул - жасалма ақыл.

    Ҳәмме адамның алдында оның тилсмилери барған сайын тез-тез ашылып бармақта. Оның инсаниятқа көмекши болыў, келешегин жеңиллестириў, ҳәзир ақылға сыймайтуғын қолайлықлар жаратыў имканияты үлкен, ҳәттеки шексиз. Бир тәрептен, ол кең космосқа жол салмақшы: Марс-Миррих планетасын адамзат ушын өзлестирип алмақшы, жасайтуғын орын жаратпақшы. Миррих мәканларындағы есапсыз муз тасларды еритип, океанлар жаратып, Миррих ықлымын адам жасаўға айландырмақшы. Миррихзадаларды усы шексиз океанларда балық тутып, тиришиликти жолға қойыўға тартпақшы. Гөззал яхталар қурыў, жарыслар шөлкемлестириў, жер жүзи тарийхында жүз берген барлық кемшиликлерден адамзатты пүткиллей қутқарып, жаңа адамзат марслық дүньясын дүзиўди ойлайды... Инсанияттың жаңа турмыс плацдармларын жаратпақшы. Шама менен жасалма ақылдың, алымлардың болжаўына қарағанда, оған күши, таланты, ойлап табыўшылығы, потенциалы жетерли. Усы ўақытқа шекем Артур Кларклардың барлық фантазиясы реаллыққа айланады ҳәм әмелге асады.

    Өзбекстан жаслары да барған сайын кең көлемге ерисип атырған бул әжайып планетар илимий болжаўларға қызығыўшылық пенен қарап атыр. Университетлерде бир қатар қәбилетли жаслардың физика, химия, биология, математика, IТ тараўларындағы илимий фантазиясы исенимли дәрежеде әмелге асырылмақта. Олардың потенциалы усынып атырған көмеклесиўши көлемлерге исенгимииз келеди. Исениў ушын ҳәзир барлық тийкар жеткиликли. (Рети келгенде, гәп арасына киргизип өтиўди қәлеймен; мен "интеллект" деген жүдә сырлы түсиникти өзбек тилинде "салоқият" (уқыплылық) деп аңлатыўды усыныс етпекшимен. Мәселен, "жасалма уқыплылық" деп. Бундай жаңа түсиниклер тилимиздиң әййемги океанына түссе, бәлким ол океанға тәбийий бейимлесип кетеди ҳәм дүнья жүзилик ҳәдийсени анық сүўретлеўге хызмет етеди. Биз ушын ҳәзир анық илимий түсиниклер банкин жаратыў оғада әҳмийетли. Себеби, тилимиз жақсы ма-жаман ба, қәлеймиз -қәлемеймиз, әлбетте илимийлесип бармақта. Тилимиздиң илимийласыўға умтылысы артқа қайтпайтуғын ҳәм бәрқулла алдыға баратуғын бир жағдайға кирген ақырында усы күнлери көпшиликтиң аўзында жүрген "мотивация", "үлкен итималлық пенен" деген сыяқлы түсиникке айланып атырған сөзлерге итибар берип қарайық. Ҳәзир олар аўызеки сөйлесиўде де, газета-журналлар тилинде де аз емес, жүзлеп ушырасады. Бирақ сол толқында жаман емес ғой, "интеллект" егер "уқыплылық" болса ямаса "уқып" деп алынса!).

    Миррихти адамзат өзлестириўи менен байланыслы шексиз кең көлемдеги мәселелерди "бизге не керек" деп қысқа ойламай, оларды ҳеш қашан көзден, ойдан шығармаў, өз үлесимизди қосыўымыз ушын илимий излениўлер алып барсақ, заман ҳәм оның шақырықларына сәйкес қәдем таслаған боламыз. Жүдә әпиўайы, бирақ оғада әҳмийетли мәселелерди айтайын: бизге суўды үнемлеў, тазалаў, электр, газ, нефть-энергия тасыўшыларды, кәнлеримиздиң резервлерин көздиң қарашығындай сақлаў, келеси әсирлерге жеткериў, турақлы түрде үнемлеўде мине усы тараўларда жасалма уқыплылықтың уллы бағдарламалары жәрдемге келеди. Ол оғада анық ислеўи менен инсаниятты ҳәр қыйлы коррупциялардан пүткиллей қутқарады. Ямаса азық-аўқат тараўларында ең жоқары тазалық, азық-аўқатлардың ең жоқары дәрежедеги азықлық дәрежеси, пайдалылығын жолға қойыў адамларды қанша саламатластырған, жүдә көп қәўипли кеселликлерден (мәселен, нәсиллик кеселликлер, психопатологиялардан) қутқарған ҳәм пүткиллей азат еткен болар еди. Ҳәзирше кеселликлерге қарсы дәри-дәрмақлар ҳәм хирургиялық әмелият пенен гүресип келинди. Енди ҳәр қыйлы кеселликлерге қарсы азық-аўқатлардың тазалығы, таза қуўаты ҳәм шыпа бериўшилиги менен гүресиўди басласақ, мәселениң түбине жасалма уқыплы имканиятларынан қарап, адамзаттың жағдайын түп-тийкарынан жеңиллестирген болар едик. Буларға талантлы жасларымыздың дыққат-итибарын избе-из ҳәм турақлы түрде тартайық. Оларды усындай келешеги мисли көрилмеген әҳмийетли идеялар менен қызықсын. Олар өмир ермек ҳәм ойын ушын емеслигин толық сезинсин. Жасларға мәртлик ҳәм ойлап табыўлар қаншелли жарасады! Ойлап табыўлар жолынан сабырлылық пенен жүриў ушын керекли илимий-пән әдебиятларды қызығыўшылық пенен оқыў, өзлестириўге туўра келеди. Сонда жас аңлар келешеги жоқ, жүдә биймәни ҳәм белгисиз нәрселер менен пикир жүргизип жүриўден яки оларға алданып қалыўдан өзин қутқаради. Бизде ҳаўайы, парықсызлық, жеңил-желпи нәрселер менен жасаў тәризине берилиў, пикирди керекли нәрселерге жәмлесе алмаў иллетлери бирқанша ҳәўиж алған. Пайдалы ислерге ақыл ҳәм қыялын жәмлеў, инсан өзин соған қатаң үйретиўи инсан өмири ҳәм тәғдиринде мисли көрилмеген уллы нәтийже береди. Оған жүз процент кепиллик бериў мүмкин.

    Әзизлерим! Көбирек адамгершилик ҳаққында ойлайық. Пикиримиздиң өлшеми ҳәм нормасы тийкарынан адамгершилик болсын. Миллий менталитетимиз, өзлигимиз, қәдир-қымбатымыз тийкарында толық инсаныйлық турады. Ол бизлерди халық еткен, халық сыпатында тарийх боранларынан сақлаған. Өзбеклер бир-бирине адамгершилиги бар-жоқлығына қарап баҳа берип келген. Адамзат қандай уллы спектрге ийе! Ол қолланылмайтуғын тараў жоқ. Ол қолланылғанда шешилмеген қурамалы жумыслар да жоқ. Журттан мақтаныў да, журтты қорғаў да ең жоқары адамгершилик деп қараўы зәрүр. Балаларымызға да адамгершилик тәлийматы жүдә түсиникли. Адамгершилик инсан гөззаллығы минез-қулқының ең баҳалы қәсийети. Ол миллетти жеңилмес етеди. Сен аўырып жатырған бир наўқасты барып көрдиң бе? Бир ғаррының аўҳалын жеңиллестире алдың ба? Мүтәждиң аўырын жеңил ете алдын ба? Булар миллеттиң адамгершилик үрп-әдетлеринен кеминде бир бөлеги. Олар ҳәр бир адамның ким ҳәм не екенлигин барлық нәрселерден жақсырақ түсиндиреди.

    Бүгинги жигит-қызлар мәмлекетте исленип атырған барлық әҳмийетли жумыслардың ярымынан көбирегин өз мойнына алған. Бизиң жасларға исениўге болады. Олардың адымлары беккем, нәпеси таза. Қәдеми беккем ҳәм таза. Жас әскерлеримиз заманагөй әскерий илимлер ҳәм әсиресе, техникалар - роботлар ҳәм ракеталар дүньясына қызыққан. Мен бунда әскерлеримиздиң турақлы қүдирети, жаўынгерлигин көремен. Жоқары техникалар ҳәмме нәрсени шешпекте. Мәмлекетимиз жасларының техникалық билимлери менен имканиятларын турақлы арттырып барсақ, әскерий уқыбымыз барлық ўазыйпаны шешиўге ериседи. Мен жаслардың ғайраты, күш ҳәм илим, билимлерине шын жүректен ашықпан! Ҳеш қашан күш-ғайратыңыз қайтпасын!

    Иброҳим ҒАФУРОВ,

    Өзбекстан Қаҳарманы