Жаңа дәўир ҳәм жаңаланып атырған дүнья менен теңбе-тең жүриў, үлкен режелерге ерисиў сана-сезимлеримизде, көзқарасларымызда, турмыс тәризимизде өз көринисин таппақта. Әлбетте, жуўапкершилигимиз, әтирапымыздағы өзгерислерге байланыслылық сезими де артып бармақта.
2024-жыл мәмлекетимиз тарийхында әҳмийетли сәнелери менен айрықша орын ийелейди. Атап айтқанда, өткен жылы гезектеги парламент сайлаўы жаңаланған Конституциямызға муўапық өткерилген, түри ҳәм мазмуны пүткиллей жаңа мазмунға ийе болған дәслепки сайлаў сыпатында есимизде қалды. Аралас сайлаў системасы тийкарында қәлиплестирилген жаңа парламент палаталары бүгинги күнде, жоқарыда атап өткенимиздей, жеделлик пенен өз жумысын жедел әмелге асырыўға киристи. Әсиресе, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаттың сайлаўдан кейинги биринши, депутатлардың Бас министр лаўазымына талабанды көрип шығыў ҳәм Министрлер Кабинетиниң жақын ҳәм узақ перспективаға мөлшерленген ҳәрекетлер бағдарламасын додалаўға бағышланған мәжилислеринде мәмлекетимиз басшысы алға қойған тийкарғы ўазыйпалар, халықшыл усыныслар, басламалар парламенттиң ҳәр бир ағзасының жумысында бағдарлама болмақта десек, қәтелеспеймиз.
Төменги палатаның биринши мәжилисинде Президентимиз 37 миллионнан аслам халыққа ийе болған Өзбекстандай үлкен мәмлекет парламенти ағзасы болыў - бул үлкен мақтаныш екенин атап өткен еди. Ҳақыйқатында да, сайлаўшылардың исенимине ерисип, халық ўәкиллери қатарынан орын ийелеў ҳақыйқый мақтаныш. Оған мүнәсип болыў аңсат емеслигин, халықшыллық, жанкүйерлик, ояў ҳүждан менен жасаў керек екенин жүректен өткерип, сезип турмыз.
Бүгин депутатқа конституциялық принциплер шеңберинде мәмлекеттиң келешегине, халықтың мәплерине хызмет ететуғын нызамларды ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў, олардың орынланыўы үстинен қадағалаў-таллаў ҳәм жәмийетлик қадағалаў илажларында қатнасыўшы шахс сыпатында қараў жеткиликли емес. Ол, мәмлекетимиз басшысы тәрийиплегениндей, халық хызметкери, ҳәммеге үлги болатуғын, сиясий билими ҳәм санасы жоқары, өз Ўатанын шын жүректен сүйетуғын инсан болып табылады. Мәмлекет те, жәмийет те тынышлық, мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик орталығын сақлаўда, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда, күн сайын қыйынласып баратырған халықаралық майданда Өзбекстанның орны ҳәм абырайын беккемлеўде депутатларға сүйениўи пүткиллей ҳақыйқат.
Депутатлардың ел-журт мәплерин қорғаўы, бәринен бурын, олардың нызам дөретиўшилик жумысында көринетуғыны белгили. Тиккелей ислейтуғын, анық орынлаў механизмлерине ийе, жәмийеттеги әҳмийетли машқалаларды шешиўге, халқымыздың аўырын жеңиллестириўге қаратылған нызамлардың үлесин көбейтиў болса бүгин әҳмийетли ўазыйпалардан болып қалмақта.
Мәмлекетимиз басшысының биз, депутатларға "Ҳәр бир мәселеге қатнас жасаўда, нызамлар ислеп шығыўда алыс-жақын районлардағы адамларды көз алдыңызға келтирип, тек ғана бүгин емес, келешек әўладларды да ойлап жумыс ислесеңиз, елимиз сизден разы болады", деп айрықша атап өткенлиги бийкарға емес. Мәмлекетимиз экономикасында, жәмийетлик турмысында, руўхый-ағартыўшылық тараўларда нызамлы шешимин күтип атырған мәселелер еле жетерли.
Ҳәзирги күнде тәсири ҳәм ақыбетлери ҳеш бир мәмлекет ҳәм жәмийетти шетлеп өтпеген, бир қатар социаллық қәўип-қәтерлери бәршемиздиң турмыс тәризимизге тиккелей ямаса тиккелей емес тәсир етип атырған ықлым өзгерислерин көрейик.
Ҳәзирги ўақытта дүнья бойлап глобал ықлым өзгерислериниң барған сайын артып баратырған ақыбетлерин жумсартыў ушын әйне социаллық сиясатқа тийкарғы итибар қаратып атырған мәмлекетлердиң қатары кеңейип бармақта. БМШ Социаллық раўажланыў комиссиясы тәрепинен өткен жылдың сентябрь айында жәрияланған "2024-2026-жылларда жәҳәнде социаллық қорғаў" есабатында келтирилгениндей, планетамыздағы глобал ысыў, тәбияттың патасланыўы, биологиялық ҳәр түрлиликтиң жоғалып барыўы менен байланыслы кризислер көплеген мәмлекетлердиң социаллық сиясатына сезилерли тәсир көрсетпекте. "Социаллық қорғаў ықлым өзгерислерине бейимлесиўдиң тийкары болып есапланады, себеби ол кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, социаллық инклюзивликти хошаметлеў ҳәм теңсизликти азайтыў арқалы инсанлардың турмысын жеңиллестиреди", делинеди усы есабатта.
Қәнигелер ҳәзирги ўақытта ықлым өзгериўлери келтирип шығарып атырған бес социаллық қәўип-қәтерге итибар қаратпақта. Булар жумыссызлық ямаса толық емес бәнтликтиң артыўы, жәмийетте мийнет өнимдарлығының төменлеўи, мийнет қәўипсизлигин кепиллеўдиң қыйынласып барыўы, халықтың саламатлығы ҳәм миллет генофондына, сондай-ақ, азық-аўқат қәўипсизлигине қәўиплерди қамтып алады.
Көринип турғанындай, пуқараларды усы социаллық қәўиплерден қорғаў ҳәр бир мәмлекет ушын, айтатуғын болсақ, өмир-өлим мәселеси болып қалмақта.
Итибарлысы, мине усындай қәўипли дәўирде қанша қыйыншылық туўдырса да, мәмлекетимизде күшли социаллық сиясат нәтийжели әмелге асырылып атырғаны бүгин дүнья минберлеринде бирдей тән алынбақта.
Бул ҳаққында сөз болып, жаңаланған Конституциямызда Өзбекстанның социаллық мәмлекет сыпатындағы статусы беккемленип, мәмлекеттиң бул тараўдағы миннетлемелери үш есеге көбейтилгенин де айтып өтиў орынлы. Усы конституциялық миннетлемелерден келип шығып елимизде әмелге асырылып атырған социаллық сиясат халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, дәраматлар ҳәм жасаў тәризинде кескин айырмашылықлардың алдын алыў, теңсизликтиң алдын алыў, ҳәр бир инсан мәмлекеттиң итибарынан ҳәм ғамқорлығынан шетте қалмаўын кепиллеў мақсетлерин избе-из әмелге асырмақта. Соның ишинде, республикамызда турақлы ҳәм жоқары экономикалық өсиў пәтлериниң тәмийинлениўи кәмбағаллық дәрежесин 2019-жылдағы 23 проценттен 2023-жылы 11 процентке қысқартыў имканиятын берди. 2025-жылдың жуўмағы менен кәмбағаллықты 6 процентке шекем азайтыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди.
Кәмбағаллыққа түсиў қәўпи бар қатламлар - жаслар, ҳаял-қызлар, майыплығы болған шахслардың биринши гезекте бәсекиге шыдамлы мийнет базарында өз орнын табыўына жәрдемлесиў, буның ушын оларды талап жоқары болған кәсиплерге оқытыў бағдарындағы социаллық бағдарламалар да өз нәтийжесин бере баслады. Мийнетке жарамлы халық арасында жумыссызлық дәрежеси республикамызда 2024-жылдың басына салыстырғанда 6,8 проценттен 5,8 процентке азайғанын буған дәлил етип келтириўимиз мүмкин.
Ямаса глобал ықлым өзгериўи дүнья көлеминде өлим ҳәм кеселлениў көрсеткишлеринде, дем алыў ҳәм жүрек-қан тамыр кеселликлери, руўхый саламатлық пенен байланыслы машқалалар, унамсыз репродуктивлик ҳәм аналар саламатлығы, азық-аўқат, суў менен жуғыўшы, трансмиссив ҳәм басқа жуқпалы кеселликлердиң көбейиўинде тийкарғы себеплер қатарына кирмекте. Бундай жағдайда Өзбекстан халықшыл мәмлекет сыпатында өз пуқараларының денсаўлығын қорғаў ушын бар күш-имканиятын жумсап атырғаны және бир турмыслық ҳақыйқатлық болып табылады.
Кейинги жети жылда әйне денсаўлықты сақлаў системасына мәмлекетлик бюджеттен ажыратылып атырған қаржылар 6 есеге арттырылғаны, диагноз қойыў ҳәм емлеўге байланыслы 400 ден аслам жоқары технологиялық әмелиятлар тек ғана пайтахтымызда емес, ал ўәлаят ҳәм районларда да енгизилгени, сапалы медициналық хызметти халыққа және де жақынластырыў ушын басланғыш медицина мәкемелери ең алдынғы үскене ҳәм лаборатория үскенелери менен тәмийинленип атырғаны сөзимизди тастыйықлайды.
Сөзсиз, "инсан - жәмийет - мәмлекет" принципи тийкарында әмелге асырылып атырған социаллық реформалардың көлеми ҳәм нәтийжелилиги 2025-жылы және де артады. Себеби, бул жыл "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" сыпатында миллий жылнамамызда белгиленетуғын болды. Өзбекстан быйылғы жылы инсан ҳәм тәбият тең салмақлылығына тийкарланған системаны жаратыўды өз алдына бас мақсет етип қойған. Усы жылы әмелиятқа бағдарланатуғын мәмлекетлик бағдарламалар, социаллық, экономикалық-инвестициялық жойбарлар, барлық тараўдағы реформалар әне усы мақсет тийкарында қурылады. Бул халық ўәкиллериниң нызам дөретиўшилиги жумысында да өз көринисин табыўы сөзсиз.
Усы күнлерде "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылында әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама ҳәм оны тастыйықлаў ҳаққында"ғы Президент пәрманы жойбары ислеп шығылып, кең жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланған. Мәмлекетлик бағдарлама жойбарына 5, яғный қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл" экономика, социаллық-экономикалық, мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық, қәўипсизлик ҳәм сыртқы сиясат бағдарларында усы жыл ушын әмелий илажлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими ҳәм мақсетли көрсеткишлер қамтып алынған. Кең жәмийетшилик ҳәм экспертлик додалаўлар ушын усынылған бул жойбарға өз мүнәсибетимиз, усынысларымызды билдириў имканияты жаратылғаны жәмийетлик-сиясий процесслерде пуқаралардың қатнасыўын жеделлестириўге қаратылып атырған итибардың және бир дәлили болып есапланады.
Күшли мәмлекеттен күшли пуқаралық жәмийетине умтылып атырған жаңа Өзбекстан миллий раўажланыўымызда жаңа дәўирге қәдем қоймақта. Мине, усындай әҳмийетли ўақытта парламентимиз ушын да, ҳүкимет ушын да жаңаша ислеў, халыққа садықлық пенен хызмет етиў Президентимиз тәрепинен ең тийкарғы ўазыйпа етип қойылды. Халқымызға садықлық пенен хызмет етиў бойынша ибратлы дәстүрлер қәлиплесетуғын ҳәм тарийхқа мөрленетуғын дәўирди жаратыў болса, мине, усы ўазыйпаны қай дәрежеде орынлайтуғынымызға тығыз байланыслы.
Ботирали ШОДИЕВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты