Әне соның ушын да мәмлекетимиз басшысы өткен жылдың жуўмағында билимлендириў системасында исленген жумыслар ҳәм келешектеги ўазыйпалардың презентациясына итибар қаратты. Буннан тысқары, Жаңа Ташкент аймағындағы ағартыўшылық дәргайлары - Өзбекстан Миллий китапханасы, Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети ҳәм "Жаңа Өзбекстан" университети ушын қурылып атырған заманагөй комплекслердиң дәслепки қурылыс процеси менен танысты. Қысқасы, 2024-жылдың ақыры илим-ағартыўшылық идеяларына үнлес ҳалда жаңа жылға жалғанып кетти.
Өткен бир жылда елимизде көплеген тараўлар қатарында билимлендириў системасында да тән алыўға ылайық, тарийхый ўақыя деўге мүнәсип өзгерислер, раўажланыўлар болды. Бир ғана мысал: Абдулла Авлоний атындағы дерлик жүз жыллық тарийхқа ийе маманлық арттырыў институтында заманагөй имаратлар бой тикледи ҳәм шараяты пүткиллей жақсыланды, мәкеме педагогикалық шеберлик миллий институты сыпатында қайта шөлкемлестирилди.
Мәмлекетимиз басшысы Муғаллимлер ҳәм устазлар күни алдынан усы ағартыўшылық дәргайында тараў пидайылары менен ушырасып, байрам менен қутлықлады. Шын жүректен сөйлесип, педагогларға мәмлекетлик сыйлықларды жеке өзи тапсырды.
Бул илажда мәмлекетимиз басшысы билимлендириўдиң сапасын арттырыў мақсетинде жети бағдарда анық ўазыйпаларды белгилеп берди. Бул ўазыйпалар педагоглардың маманлығын ҳәм материаллық мәпдарлығын арттырыў, жаңа бақша ҳәм мектеплер қурыў, тараўды толық санластырыў, Президент мектеплери ҳәм қәнигелестирилген оқыў орынларының тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў, қәбилетли жасларды таңлаў, оқыўшылардың тәрбиясы ҳәм әдеп-икрамлылығына ҳәр қашанғыдан да көбирек итибар қаратыў сыяқлы әҳмийетли мәселерди қамтып алған.
Сондай-ақ, мектепке шекемги, улыўма орта, орта арнаўлы, жоқары билимлендириў ҳәм маманлық арттырыў системасының үзликсизлигин тәмийинлеп, педагогикалық билимлендириў кластерлерин шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги де атап өтилди. "Жыл муғаллими" таңлаўы өткерилип, 208 район ҳәм қаладан жеңимпаз болған муғаллимлерге Президент саўғасы сыпатында турақ жай берилетуғыны жәрияланды.
Президентимиз айрықша атап өткен ўазыйпалардың орынланыўына дәрҳал кирисилгени дәслепки нәтийжесин бере баслады. Атап айтқанда, Абдулла Авлоний атындағы педагогикалық шеберлик миллий институты ҳәм оның аймақлық орайларының жумысы түп-тийкарынан өзгерди. Министрлик - қәнигелигин арттырыў орайы - мектеп ҳәм бақшаны байланыстыратуғын вертикал система жолға қойылды. Аймақларда таяныш мектеп ҳәм бақшалар таңлап алынып, жас педагоглар ушын "Кәсиплик раўажланыў күни" ҳәм "Кәсиплик раўажланыў сааты" енгизилди. Буның ушын жетекши муғаллимлердиң мийнет ҳақысына 20 процент үстеме қосылды.
Педагоглардың билимин ҳәм шеберлигин қалыс баҳалаў және оларды тәжирийбе арттырыўға бағдарлаў мақсетинде министрлигимиз тәрепинен биринши мәрте Blockchain технологиясы ҳәм Face ID системасы тийкарында тәжирийбе (тест) сынағы өткерилди. Бул арқалы ҳәр бир педагог шешкен тест ўақты, дурыс ҳәм надурыс жуўаплары ҳаққындағы мағлыўматларды турақлы түрде сақлаў имканияты жаратылды ҳәм ҳәр қыйлы коррупциялық факторлардың алды алынды. Бул жаңалықлар аттестация процесиниң ашық-айдын ҳәм әдил өтиўин тәмийинледи. Бәҳәр ҳәм гүзде өткерилген аттестация процесинде 338 мыңнан аслам педагог қатнасты.
Ҳәр еки аттестацияда қатнасқан 35 мың педагог унамлы нәтийжеге еристи, яғный категориясы артты. Бурынлары педагоглардың жоқары дәрежели болыўы ушын он жыллар ўақыт керек болған. Ҳәзир муғаллимлер бир жылдың өзинде категориясын еки есеге арттырыўы мүмкин. Мектепке қәниге сыпатында қабыл етилген педагог өз үстинде ислесе, жумысының екинши жылында-ақ жоқары категорияға ийе болыўы мүмкин. Бул да муғаллимлер ушын өткен жылғы жақсы жаңалықлардан, анығырақ етип айтқанда, имканиятлардан бири болды.
Оқытыў системасында баҳа оқыўшылардың билимлендириў мақсетлерине ерисиў дәрежесин анықлаў ҳәм нәтийжелерди таллаў имканиятын береди. Нәтийжелер ҳәм таллаў объектив болыўы ушын баҳалаў да исенимли, әдил, қалыс болыўы зәрүр. Сол себепли ҳәзир 1500 улыўма билим бериў мектебинде дәстүрий 5 баллық система орнына анық критерияларға тийкарланған сумматив баҳалаў системасы қолланылмақта. Оған шекем Уллы Британия, Сингапур, Финляндия, Түркия, Россия, Қазақстан сыяқлы мәмлекетлердиң бул бағдардағы тәжирийбеси үйренилип, дәслеп 500 мектепте жаңа система сынақтан өткерилди.
Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 21-июньдеги "Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў шөлкемлери хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып Президент билимлендириў мәкемелери ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде оқыўшыларды сын көзқарастан пикирлеў, мәлимлемени излеў ҳәм таллаў, алынған билимлерди әмелиятта қолланыўға үйретиў бойынша топланған алдынғы тәжирийбени улыўма орта билим бериў мәкемелерине кеңнен енгизиў белгиленген. Жаңа баҳалаў системасының улыўма билим бериў мектеплерине енгизилиўи оқыўшыларда креатив ҳәм сын көзқарастан пикирлеў, машқаланы көриў, шешим табыў, жәмәәтте ислеў, коммуникациялы болыў, глобал пикирлеў сыяқлы көнликпелерди раўажландырыў имканиятын береди.
Таллаўларға бола, жаңа баҳалаў системасы оқыўшылардың өзлестириўин жақсылаўға хызмет етпекте. Мәселен, 2023-2024-оқыў жылында жаңа баҳалаў системасы енгизилген 500 улыўма билим бериў мектебинде 4 пән бойынша биринши шерек нәтийжелери талланды ҳәм бул оқыў жылындағы көрсеткишлер менен салыстырылды. Өткен оқыў жылы нәтийжелерине бола оқыўшыларымыздың өзлестириўи орташа 49,2 процентти қураған болса, бул оқыў жылында 55,3 процентке жеткен. Салыстырмалы таллаў нәтийжелери 6,1 процент өсиўди көрсетпекте.
Жаңа баҳалаў системасына өтиў тек ғана билимлендириўдиң сапасына тәсир етпей, ал муғаллимлеримиздиң айлық мийнет ҳақысына қосымша үстеме берилиўине де тийкар болады. Өткен жылы унамлы нәтийже көрсеткен 66 мектеп жәмәәтине - директордан баслап әпиўайы муғаллимге шекем 40 процентке шекемги үстеме төленбекте.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясында билимлендириў шөлкемлерине ҳәр жылы "тил ийеси" болған сырт елли 500 қәнигени алып келиў ўазыйпасы белгиленген. Бундай әмелияттан көпшилик мәмлекетлер белсене пайдаланады. Мәселен, тек ғана Уллы Британияның өзинде билимлендириўдиң сапасын арттырыў ушын 2023-жылы 100 мыңнан аслам сырт ел муғаллимлерин тартқан. Тап сондай тәжирийбе Қытайда да жолға қойылған болып, ҳәр жылы 400 мыңға шекем шет тили муғаллими алып келинеди.
Халықаралық тәжирийбеден келип шығып, бизде де усы жойбар шеңберинде белгиленген жумыслар избе-из даўам еттирилмекте. Онда, бәринен бурын, шет тили муғаллимине қойылатуғын талапларымызды белгилеп алдық. Соң халықаралық TESOL (Teaching English for Speakers of Other Languages) шөлкеми менен мәсләҳәтлестик, талладық, үйрендик. Абырайлы рекрутинг компаниялары, билимлендириў шөлкемлери менен сөйлесиўлер өткерип, елшиханалар менен тығыз бирге ислесиў орнатдық. Ақырында халықаралық сертификатқа ҳәм үлкен тәжирийбеге ийе 500 шет тили муғаллимлерин елимизге алып келдик. Нәтийжеде олар жумыс алып барып атырған 500 мектеп оқыўшыларының тил билиў дәрежеси аймақлар бойынша орташа 5 проценттен 15 процентке шекем артты.
"Тил ийелери" бир ҳәптеде 20 саатлық сабақ пенен бирге, үш мәрте қосымша дөгерек шынығыўларын өткереди ҳәм жергиликли муғаллимлеримиз ушын тренинглер шөлкемлестиреди. Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, сабақ жергиликли педагоглар менен бирге өтиледи, яғный олар бирге ислесиўши муғаллим сыпатында бир-бириниң орнын толтырады. Буның пайдалы тәреплери көп. Бир тәрептен сырт елли қәниге билимлерин ҳәм оқыўшыға, ҳәм муғаллимге бөлистиреди. Екинши тәрептен, оқытыў системамыз бенен жақыннан танысады. Әдетте, оқыўшыларымыз IELTS сынағының тыңлап түсиниў ямаса оқып түсиниў бөлими бойынша жоқары балл алады. Бирақ жазыў ҳәм сөйлеў көнликпесине келгенде, ашық айтыў керек, баллары төменлеп кетеди. Демек, продуктив бөлим ушын оқыўшыларымызға қосымша жәрдем керек. Соның ушын сырт елли қәнигелер менен тийкарынан тил орталығын жаратыў, яғный аңсат пикирлесиў, түсиниў, сөйлеў көнликпесин раўажландырыў оғада әҳмийетли.
Ҳәр бир район (қала) да биреўден улыўма орта билимлендириў мәкемесинде оқыўшыларға еки шет тили ҳәм бир кәсип-өнер үйретиў әмелиятын басқышпа-басқыш жолға қойыў ушын 2023/2024-оқыў жылында бир қатар жумыслар орынланды. Соның ишинде, екинши шет тили сыпатында таңланған инглис, немис, француз, корейс, япон ҳәм қытай тиллери бойынша оқыў бағдарламалары ислеп шығылды. Өткен оқыў жылында жәми 208 улыўма орта билим бериў мектебинде еки шет тилин оқытыў әмелияты жолға қойылды. Быйылғы оқыў жылында бундай мектеплердиң саны 354 ге жеткерилди.
Өткен жылларда шет тилин билиў дәрежеси сезилерли артты. Атап айтқанда, тил билиў сертификатына ийе оқыўшылардың саны 2024-жылы 37 мың 74 ти қурап (август жағдайына бола), бул көрсеткиш 2021-жылға салыстырғанда (10 мың 960 адам) 3,3 есеге артқан. Тап сондай сертификатқа ийе шет тили муғаллимлериниң саны 30 мың 69 адамды қурап, улыўма есапта 60 процентке жетти.
Өткен жылы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасына тиккелей байланыслы 2 нызам, 4 пәрман, 9 қарар ҳәм 18 ҳүкимет ҳүжжетине қол қойылып, орынлаўға қаратылды. Әсиресе, "Педагогтың статусы ҳаққында"ғы нызам муғаллимлерге жоқары ҳүрметтиң беккем ҳуқықый тийкары болды. Онда педагогларды өз лаўазым миннетлемелеринен басқа жумысларға тартыў қатаң қадаған етилди.
Мектеплердеги орталық, бәринен бурын, директорлардың потенциалына байланыслы. Соның ушын директорларды лаўазымға тайынлаўдың жаңа ашық-айдын системасы жолға қойылды. Аймақларда бул жумысқа жуўапкер директорлар кеңеси жумыс баслады. Директорларға менеджерлик сертификатын бериў системасы енгизилип, тийисли тәртипте оқытылған 2561 директор ҳәм директорлыққа талабанлардың 1766 си сертификатқа ийе болды.
2024-жылы 4600 жаңа бақша шөлкемлестирилип, қосымша 170 мыңнан аслам бала орны ашылды ҳәм балаларды мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси 76 процентке жеткерилди. Реформалар басланған 2017-жылы бул көрсеткиш тек ғана 27 процент еди. Ул-қызларды мектепке таярлаў топарларына қамтып алыў дәрежеси 96 проценттен асты.
Өзбекстан тарийхында биринши мәрте халықаралық пән олимпиадаларында оқыўшыларымыз 128 медалды қолға киргизди. Жеңимпазлар ушын биринши мәрте үлкен салтанатлы сыйлықлаў мәресими өткерилип, ул-қызлар 1,4 миллиард, устазлары болса 1,9 миллиард сум менен хошаметленди. Сондай-ақ, мәмлекетимизде Ал-Хорезмий атындағы жас математиклер жарысы және Әбиў Әлий ибн Сина атындағы халықаралық биология олимпиадасы шөлкемлестирилди.
Буннан тысқары, Президентимиздиң тийисли қарары менен Пән олимпиадалары орайының жумысы жолға қойылды. Бул орайда оқыўшыларды пән олимпиадаларына таярлайтуғын тренер-оқытыўшылардың үзликсиз кәсиплик раўажланыўы ушын зәрүр шараят жаратылады, оларға жаңа методикалар үйретип барылады. Қәбилетли ҳәм пәнлерди терең үйрениўге қызығыўшы жасларды анықлаў ҳәм селекциялаў, олардың қәбилетин буннан былай да раўажландырыў ушын зәрүр шараят жаратыў орайдың тийкарғы жумыс бағдарларынан бири етип белгиленди.
Басланған жаңа жылда бир қатар ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў ушын жәмәәтимиз бенен анық режелер дүзип алғанбыз. Атап айтқанда, 2025-жылы мектеп директорлары ҳәм орынбасарларының мийнет ҳақысы муғдары басқышпа-басқыш (KPI тийкарында) арттырылады. Қалаберди, бақша директорларының айлық мийнет ҳақысы арттырылыўы да нәзерде тутылмақта. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасындағы басқарыў хызметкерлериниң лаўазымлық мийнет ҳақысына узақ мүддет ислегенлиги ушын ҳәр айлық үстеме қосылады. Бул жаңалықлар нәтийжесинде тараўға жоқары тәжирийбели басқарыў кадрлары тартылады ҳәм реформалардың ең төменги системаға шекем сапалы енгизилиўине ерисиледи.
Бәҳәрде 250 мектепте өткерилетуғын PISA - 2025 халықаралық изертлеўинде 10 мыңнан аслам оқыўшы қатнасады. Екинши шет тили оқытылатуғын мектеплердиң саны 420 ға, кәсип-өнерге үйретилетуғын мектеплердиң саны 400 ге жеткериледи. 4 аймақта жаңа қәнигелестирилген мектеп, 9 аймақта Ал-Хорезмий атындағы мектеп жумысы жолға қойылады.
Мектеплерде "Иқтидор," Туран "Жадидлер изинен" таңлаўлары болып өтеди. Сондай-ақ, инклюзив билимлендириўге тартылған балалар ушын "Сен қәбилетлисең" республикалық таңлаўы өткериледи. "Бәркамал әўлад" балалар мектеплериниң тармақ дөгереклерине оқыўшыларды қамтып алыў 5 проценттен 26 процентке арттырылып, оларға кәмбағал шаңарақлардың перзентлери тартылады. "Жасыл мектебим" оқыўшылардың экологиялық ҳәрекети шеңберинде 2530 мектепте жасыл бағ жаратылады.
Данышпанлар "Егер бир жыл бахытлы жасаўди қәлесеңиз, бийдай егиң. Он жыллық молшылық тилесеңиз, терек отырғызың. Жүз жыллық раўажланыўды гөзлеп атырған болсаңыз, перзентлериңизге тәлим-тәрбия бериң" деген. Сол мәнисте бүгин жаңа Өзбекстанның билимлендириў системасындағы жумыслар жүз жыллар даўамында нәтийже беретуғынына исенемиз.
Ҳилола УМАРОВА,
мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри