Инсан туўылған елинде әзиз. Өз елиниң жақсысы да, жаманы да өзиники болады. Оның ҳәр бир қарыс жери, шөби-гиясы, суўы қәдирли, топырағы әзиз. Соның ушын, елимиздеги бүгинги өзгерислер бәршемиздиң, әсиресе, биз қарақалпақстанлылардың үлкен қуўанышына, турмыстан разы болып жасаўына хызмет етпекте.
Қарақалпақ халқы Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң айрықша ғамқорлығын өз турмысында сезип атырғаны да рас. Себеби, бүгинги Қарақалпақстан кешеги Қарақалпақстан емес. Бүгин ҳәр бир тараўда үлкен-үлкен өзгерислер болып атыр. Күн сайын мәҳәллелердиң көриниси түп-тийкарынан өзгерип бармақта. Жаңадан қурылып атырған балалар бақшасы, мектеплер, медицина мәкемелери, басқа да социаллық хызмет объектлери, имаратлар, заманагөй турақ жайлар көзди қуўандырып, әпиўайы адамлардың турмысына жаңаша мазмун берип атыр.
Булардың ҳәммеси бир демде айтылғанда, әпиўайы еситилиўи мүмкин. Бирақ, әтираптағы өзгерислер ҳәм жаңа турмыс қуўанышын өз денесинде сезип жасап атырған инсанлардың қуўанышын жүректен аңласаңыз, өткен сегиз жылда мәмлекетимиз басшылығында биз ерискен жетискенликлердиң қаншелли үлкен екенин түсиниў мүмкин болады.
Ҳәзир усылар ҳаққында ойлар екенмен, ықтыярсыз жақында Президентимиздиң тапсырмасы менен пайдаланыўға тапсырылған Қоңырат-Бейнеў автомобиль жолы көз алдыма келди. Бул тосыннан емес. Себеби, 2024-жыл 25-октябрь күни пайдаланыўға тапсырылған Қоңырат-Бейнеў автомобиль жолының жаңадан қурылған 240 километрлик бөлеги бүгин Төрткүл, Елликқала, Беруний, Нөкис, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Қараөзек ҳәм Қоңырат районларындағы 1 миллионнан аслам халықтың турмысын өзгертирип жибермекте.
Әлбетте, жаңадан оңланған бул жолдың экономикалық жақтан үлкен пайда келтиретуғыны айрықша үлкен тема. Бирақ, биз бүгин усы жол бойында жасап атырған халықтың турмысына байланыслы тәреплерге көбирек тоқтап өтиўди мақсет еткенбиз.
Гәп сонда, Қоңырат-Бейнеў автомобиль жолы мәмлекетимизди Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын стратегиялық автомагистраль есапланады. Бирақ, ол узақ жыллар итибарсызлық ҳәм регионның кескин континентал ықлымы себепли жарамсыз жағдайға келип қалған еди. Қыста бул жолда жүриў улыўма мүмкин емес еди. Жазда машиналар қумға батып қалатуғын еди. Көпшилик жағдайларда жолда бузылған автомобиллер мәнзилине ўақтында жетип бармайтуғын еди.
Әсиресе, бул жол әтирапындағы Төрткүл, Елликқала, Беруний, Нөкис, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Қараөзек ҳәм Қоңырат районларындағы адамлар бундай қолайсызлықтан көп қыйналған. Айтайық, Қоңырат районының ең алыс мәнзилиндеги посёлкадағылардың аўҳалын ҳәзир көз алдыңызға келтириң. Узақ жыллар даўамында халықты қыйнап киятырған, жаздың ыссысында топырағы шаң, жаўын-шашын күнлери батпаққа айланатуғын бул жерде бүгин жағдай түп-тийкарынан өзгерди.
Және бир гәп. Қоңырат-Бейнеў автомобиль жолының 240 километрлик бөлеги пайдаланыўға тапсырылыўы менен мәмлекетимиз аймағынан халықаралық тасыў аралығы 1000 километрге шекем, транспорт қәрежети болса 25 процентке шекем азайды. Бул жол елимизди Каспий ҳәм Қара теңиз портлары арқалы Европа базары менен исенимли байланыстыратуғын логистика тармағына айланбақта. Және бир әҳмийетли тәрепи - А-380 халықаралық коридорының Өзбекстаннан өткен бөлегинде күнлик транспорт қатнаўы 3 есеге артты. Соның менен бирге, ол Транскаспий халықаралық транспорт коридорына алып шығатуғын ең жақын жол. Жаңадан қурылған жолдың жүк көтериў имканияты 8 тоннадан 13 тоннаға шекем арттырылды.
"Жол ҳәм көпир қурып, адамлардың узағын жақын, машақатын жеңиллетиў ең саўаплы жумыслардың қатарында турады. Биз дөретиўши жол қурыўшылардың тымсалында мине усындай уллы мәртебели, елдиң пәтиясы ҳәм алғысына миясар болып киятырған мийнеткеш инсанларды көремиз. Жаңа Өзбекстанның экономикалық потенциалы, халқымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғын бундай ийгиликли жумысларымыз және де көбейсин", деген еди мәмлекетимиз басшысы бул жолдың ашылыў мәресиминде.
Биз жоқарыда Қоңырат-Бейнеў автомобиль жолының жаңадан қурылған бөлеги Төрткүл, Елликқала, Беруний, Нөкис, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Қараөзек ҳәм Қоңырат районларындағы 1 миллионнан аслам халықтың турмысын өзгертип береди, деген едик. Буның экономикалық тийкарлары бар.
Есап-санақларға бола, жаңа жол әтирапында 200 ден аслам саўда-сервис объекти ҳәм санаат кәрханасы пайда болады. Соның есабынан дәслеп 2000, келешекте болса және 5000 жумыс орны ашылады. Усы тәризде, Қарақалпақстанда транзит ҳәм басқа да хызметлердиң баҳасы жылына 200 миллион долларға, мәмлекетимиздиң экспорты болса кеминде 300 миллион долларға артыўы ушын беккем тийкар жаратылады.
Әййемги тарийхтан белгили, жол менен бирге аўылма-аўыл, қалама-қала, мәмлекетпе-мәмлекет цивилизация, идеялар, басламалар да кирип келеди. Солай екен, Қоңырат-Бейнеў автомобиль жолының жаңадан қурылған бөлеги әтирапында жасап киятырған халық та жаңаша турмыс тәризине өтеди. Енди олар бул жол бойында өз бизнесин ашыўы, жолаўшыларға хызмет көрсетип, турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўы тәбийий. Олар исбилерменлик жумысын жолға қойып, автотранспортларға хызмет көрсетсе, және айырымлары жолаўшылар ушын аўқатланыў шақапшасын ашып, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўын раўажландырады.
Жол тегис болса, гөзленген мәнзилге қәўипсиз, кеўил тыныш жетемиз. Тегис жолдан жүрген автомобиллердиң шыдамлылығы да артып, техникалық насазлықларға ушыраў жағдайы, жол-транспорт ҳәдийселери кескин азаяды. Соңғы рет 1988-жылы оңланған бул жол жыллар даўамында үлкен машқалаларды келтирип шығарған болса, заманагөй технологиялар тийкарында қурылғанынан соң, мәмлекетимизди Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын стратегиялық автомагистралға айланды.
Бир сөз бенен айтқанда, бул жол көп жыллар даўамында халқымыздың узағын жақын, аўырын жеңиллетиўге хызмет ететуғынына исенемиз.
Улуғбек ЖАЛМЕНОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты,
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының
Қарақалпақстан кеңесиниң баслығы