Инсаният пүткил тарийхы даўамында жасаў ҳәм өмирин жақсылаў ушын гүресип келген. Бул гүрес оның тийкарынан хожалық жүргизиўинен ибарат болған. Бул процесте адамзат тәбияттан пайдаланып, оған үлкен тәсир көрсетти. Өндиристиң шексиз раўажланыўы себепли жәмийеттиң илимий-техникалық ҳәм экологиялық раўажланыўында қарама-қарсылықлар пайда болды. Бир тәрептен илим-техниканы раўажландырса, екинши тәрептен қоршаған орталықты патаслап, экологиялық машқалаларды келтирип шығарды. Айырым қәнигелер машқалаларды сапластырыў ушын Жер жүзинде халықтың көбейиўин тоқтатыў, өндирис көлемин көбейтпеў, қоршаған орталықты қорғаўға көбирек қаржы ажыратыў сыяқлы идеяларды көтерип шықты. Бирақ, бул идеялар бүгин - раўажланыўды тоқтатып болмайтуғын дәўирде ҳақыйқатқа сәйкес келмейди.
Халық санының өсиўин жасалма тоқтатыў орнына аз шығынды технологиясын енгизиў, санаат шийки заты ҳәм шығындыларын толық зыянсызландырыў, транспорт шығындысы газлерин тарқатыў ҳәм азайтыў, экологиялық таза энергия ресурсларынан пайдаланыў, улыўма түрде пүткиллей экотехнологияға өтиў ең оптимал шешим екенлиги күн сайын айқын болмақта.
Санааттың раўажланыўы кәрханалардан атмосфераға көтерилип атырған шығынды газ, ақаба суў, қатлам суўы, ҳаўаға тарқалатуғын механикалық араласпалар, водород сульфиди, меркаптанлар қурамындағы күкирт заты, автотранспортлардан шығып атырған түтин гази жәмийет ҳәм тәбияттың тири, тири болмаған қурамлық бөлимлерине тәсирин күшейтти.
Атмосфера патасланыўы нәтийжесинде ири қалалардың микроклиматында анық өзгерис сезилди. Бул аймақларда ҳаўадағы аэрозол қуяш нурының көп бөлимин жутып алып, жерге аз өткерди. Патасландырыўшы затлардың концентрациясы артыўы нәтийжесинде бундай орынларда бултлы ҳәм думанлы күнлер көбейип, қуяшлы, ашық күнлер азайып кетти.
Бүгин сыртқы орталықты шығындылар менен патасландырыўшы көплеген санаат тармақлары себепли бул шығындыларды жоқ етиўде машқалалар бар. Өндирис процесиниң интенсивлесиўи фонында экологиялық машқалалардың күшейиўи санаат шығындыларын басқарыў көзқарасын қайта көрип шығыўды талап етпекте. Буның нәтийжесинде келип шығып атырған техноген, экологиялық ҳәм халықтың саламатлығы менен байланыслы машқалалардың әҳмийетлилиги ҳәр минутта артпақта.
Мәмлекетимиз басшысы 2024-жыл 21-октябрьде Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм ықлым өзгериўин үйрениў университетине сапары ўақтында келешекте барлық тараў экология менен үнлес раўажланыўы, ҳәзирги ўақытта экология тап санлы технологиялардай әҳмийетли екени, соның ушын, университетте экоэкономика, қаржы сыяқлы бағдарлар ашылғаны, жақын күнлерде дуал билимлендириў кеңейтилип, бул тараўларда билим алыўшылар билимлерин орынларда қолланыўы мүмкин екенлигин атап өтти.
Шынында да заманагөй технологиялардың енгизилиўи турмыслық жумысларымызды жеңиллестириў менен бирге, экологиялық машқалаларды сапластырыўда да жәрдем береди. Илим адамлары жаңа жойбарлары менен экосистеманың турақлылығын сақлаўға үлес қосса ғана антропоген дәреклердиң зыянын азайтыў, ҳаўа сапасын баҳалаў ҳәм басқа да нәтийжели илажлар көриў мүмкин.
Президентимиз тәбият пенен келисиў ушын илим-техниканың ең соңғы жетискенликлерин қолланыў, экологиялық экспертизалар, тәжирийбелер өткериў, жәмийеттиң ҳәр бир қатламына экомәденият түсинигин сиңдириў, үгит-нәсиятлаў шәрт екенлигин тез-тез тәкирарлап атырғаны “Sanoat Engineering Invests” жойбарының тийкарын салыўшыларында күш оятқан болса, таң қаларлық емес.
- Санаатта атмосфераға тасланып атырған шығынды газ, ақаба суў, топырақ структурасының өзгериўи, атмосфераға тарқалып атырған механикалық араласпаларды анықлаў, суйылтырылған газ қурамындағы пропан-бутан, водород сулифиди қурамындағы күкирт муғдарын анықлаў, олардың тарқалыў аймағы, жәмийет ҳәм тәбияттың тири ҳәм тири емес қурамлық бөлеклерине тәсирин үйрениў, келешектеги ақыбетлерди алдын ала билиў ҳәм келип шығатуғын ақыбетлердиң алдын алыў бойынша илажлар ислеп шығыў жойбардың тийкарғы мақсетлеринен, - дейди "Санааттағы шығынды газлери, ақаба ҳәм қатлам суўы, топырақ структурасының өзгериўи, атмосфераға тарқалып атырған механикалық араласпаларды анықлаў бойынша “Sanoat Engineering Invests” кәрханасын шөлкемлестириў" жойбары баслығы Нурхон Тошов. - Атмосфераға шығарылатуғын патасландырыўшы затлардың ярымынан көби углерод оксиди. Автомобиль қала атмосферасына 70 процентке шекем углерод оксидин шығарады. Машинақурылысы заводлары жанында ҳәм транспорт ҳәрекети ағымы күшли кесилиспелерде атмосфераның усы қурамлы бөлеги менен патасланыў дәрежеси жоқары. Мәмлекет бойынша углерод оксиди шығындыларының 53,8 проценти жанылғы-энергетика, химия ҳәм нефть-химия санаатын өз ишине алған комплекс үлесине туўра келеди. Ҳәзирги ўақытқа шекем жер астынан 100 миллиард тоннадан аслам көмир, нефть, торф сыяқлылар қазып алынды. Олардың жанылғы сыпатында пайдаланылыўы нәтийжесинде 3,8 миллиард тонна күл ҳәм шаң атмосфераға тарқалған. Усы күл ҳәм шаң менен бирге дерлик 2 миллиард мишяк ҳәм 1,2 миллиард тонна зәҳәрли сурма, 68 миллион тонна цинк, 4 миллион тонна қорғасын, 50 мың тонна никель, 4 мың тонна фтор, 35 миллион тонна фосфор, 15-48 мың тонна сынап, 3 миллион тоннадан аслам пестицид, 500 мың тонна полихлорбифенил, 8 мың тонна бензопирен тәбиятқа, яғный ҳаўа, топырақ ҳәм суўға түскен. Бул болса, өз нәўбетинде, тәбияттағы затлар ҳәрекети нәтийжесинде дерлик барлық тиришилик орталығында топланады ҳәм тәбиий теңсалмақлылықтың бузылыўына алып келеди. Бул цифрлар әллеқашан гөнерген болыўы мүмкин, ҳәзир салыстырмалы түрде аз шығынды шығарып атырған болыўы мүмкин, бирақ қәўипли тәрепи бунда емес. Қорқынышлы тәрепи сонда, бул санлар бар. Бул улыўма инсаныйлық машқала. Қандай да бир миллет, жәмийет ямаса адам "маған тийисли емес" деп айтыўға ҳақысы жоқ. Өзбекстанда ҳәр жети адамға биреўден автомобиль туўра келеди, яғный бүгин мәмлекетимиз көшелеринде 4 миллионнан аслам машина ҳәрекетленбекте. Соннан 70 проценти қысылған ҳәм суйылтырылған газде ҳәрекетленеди. Атмосфераға шығарылатуғын газ қурамында 300 ден аслам зәҳәрли бирикпелер болып, оның 60 проценти аэрозол ҳалында шығарылыўы автотранспортлардың үлесине туўра келеди. Бул жойбар арқалы газлердиң сапа дәрежесин анықлап, қосымша илажлар көриў тийкарында атмосфераға шығып атырған зыянлы газлерди азайтыў имканиятына ерисиўди мақсет еткенбиз. Улыўма алғанда, жойбардың мақсети көп ҳәм үлкен. Атап айтқанда:
- Өзбекстан аймағындағы санаат кәрханалары ҳәм шөлкемлеринде атмосфера патасланыў дәрежесин ең заманагөй, барлық талапқа жуўап беретуғын үскенелер жәрдеминде анықлаў ҳәм оның муғдарын азайтыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
- нефть, газ конденсаты, тәбийий газди жоқары анықлықта сапа ҳәм муғдар жағынан таллаў;
- елимиздеги нефть ҳәм газ кәрханалары, оларға тутас аймақлар топырағындағы нефть өнимлериниң муғдарын анықлаў;
- ишимлик суўын микробиологиялық тексериў;
- қоршаған орталықтың патасланыў дәрежесин баҳалаў механизмлерин жетилистириў, тәбийтй орталықты бақлаў, патасланыў дәрежесин прогнозлаў, мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды турақлы мәлимлеме менен тәмийинлеў, патасландырыўшы дәреклердиң жағдайы ҳәм қоршаған орталыққа тәсирин мониторинг етиў;
- топырақтың өнимдарлығы, ҳасылдарлығы, физикалық, физикалық-механикалық қәсийетлери, суў-ҳаўа, ыссылық ҳәм азықлық режими және топырақта жүз беретуғын микробиологиялық процеслердиң структурасын үйрениў.
Бул жойбар арқалы топырақтың нефть өнимлери менен патасланыўын азайтыў, атмосфераға зыян келтиретуғын дәреклердиң тәсирин азайтыў, энергетика тараўында ыссыхана эффектине себеп болатуғын дәреклерди инвентаризациялаў сыяқлы машқалаларды шешиў мүмкин.
- Илим-техниканың ең соңғы жетискенликлерин қолланып, ҳаўа, суў, топырақ, углеводород шийки затының қурамын жоқары анықлықта тексеремиз, - дейди жойбар басшысы. - Топырақ структурасы ҳәм сапасын бузатуғын хлорлы дузлардың концентрациясын анықлаймыз. Халық жасаў орынларындағы шаң ҳәм ҳәр қыйлы зыянлы газ муғдарын үйренемиз. Инсанияттың биосфераға тәсирин тәртипке салыў, жәмийетлик раўажланыў менен тәбийий орталықты сақлап қалыўдың өз ара тәсирин үйлестириў, инсан ҳәм тәбият арасындағы қатнасықларда тең салмақлыққа ерисиў; қолайсыз қоршаған орталық факторларын тәртипке салыўдың илимий тийкарларын ислеп шығыў, жумыс аймағының ҳаўасы, суў сақлағышлары, елатлы пунктлер ҳаўа, топырақ, азық-аўқат өнимлеринде көплеген жүзлеген химиялық затлар ушын стандартлар жаратыў мүмкин.
Бүгин жойбар бойынша хызмет көрсетиў толық жолға қойылып, 40 қа шамалас түрдеги таллаў өткерилмекте. Атап айтқанда, улыўмаластырылған илимий-изертлеў лаборатория орайы жаратылып, жылына 5000 нан аслам зыянлы жағдайға байланыслы 750 анализ нәтийжелерин әмелге асырыў режелестирилмекте. Бул болса, өз гезегинде, қоршаған орталыққа жеткерилген зыянды баҳалаў имканиятын береди.
Нурхан Тошовтың атап өтиўинше, қатлам суўларын анализ етиў арқалы суўдың pH муғдарын 1-2 бирликке өзгертиў, анализлер нәтийжесине тийкарланып атмосфераға тасланып атырған шығынды газлериниң муғдарын пиролиз конденсаты қалдығы менен тазалаў есабынан 2 есеге азайтыўға ерисилди. Товар газ қурамындағы водород сульфиди ҳәм меркаптанларды хроматограф жәрдеминде жоқары анықлықта анықлаў нәтийжесинде газди қайта ислеў кәрханалары товар газ қурамында қалып атырған водород сульфиди ҳәм меркаптанлардың муғдарын сәйкес түрде 5 ҳәм 15 мг ға шекем азайтыўға ерисилди.
Елимизде ишимлик суўының сапасына талап жоқары. Сол себепли ишимлик суўын изертлеў нәтийжесинде суўдың қаттылығы, қурамындағы кальций, магний, сульфат ҳәм хлорид анионларының муғдары анықланды. Берилген усыныслар нәтийжесинде ишимлик суўының қаттылығын 35-40 процентке азайтыў бойынша излениўлер алып барылмақта.
- Халық ҳәм санаат зоналарында пайда болған ақаба суўды изертлеў, қурамындағы органикалық қалдықларды сезилерли дәрежеде, атап айтқанда, 25-30 процентке азайтыў ҳаққында ойлап атырмыз, - дейди Нурхан Тошов. - Күтилген нәтийжени ала алсақ, изертлеўимиз ақаба суў тасланып атырған аймақтың экоструктурасын жақсылаўға себеп болады.
Буннан тысқары, “Sanoat Engineering Invests” ЖШЖ Бухара мәмлекетлик университети менен биргеликте тәбийий газди қайта ислеў процесинде пайдаланылатуғын цеолитлерди таллаў ушын киши көшпели лаборатория қурылмасын таярлап, кәрханалар тәрепинен сатып алынатуғын өнимлердиң паспорты бойынша белгиленген көрсеткишлерге сәйкес келиўин үйренип, қәсийетлерин толық түсинип, пайдаланылған цеолитлердиң қәсийетин қайта тиклеў бойынша илимий жумыслар исленбекте.
Мине усындай инновациялық жойбарлар, илимий изертлеўлер инсан турмысы ушын зәрүр экологиялық қәўипсиз орталықты тәмийинлеў, тәбиятты қорғаў ҳәм тәбийий резервлерден оғада нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў, ақырғы нәтийжеде тәбият пенен жәмийет арасындағы үзликсиз қатнасықларды илимий тийкарда үйлестириўде көпир ўазыйпасын атқарады.
Азизбек ЮСУПОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы