Мәмлекетлер халықаралық конференцияларда экологиялық кризислерди сапластырыў илажларын излемекте. Соның ушын, Өзбекстан да бүгин ықлым өзгериўи ақыбетлерин жумсартыўға жедел кирискен.
"Жасыл қалқанлар" көбейсин
Негизинде бүгин биз дус келип атырған машқалалар дерлик 130 жыл алдын дүнья илимпазлары тәрепинен болжаў етилген. Ҳәр күни атмосфераға көтерилип атырған карбонат ангидрид концентрациясының көлеми артып баратырғаны инсан факторы менен байланыслы. Ыссыхана газлериниң тарқалыўы тоқтатылмаса, планетамыздың орташа температурасы кескин көтерилиўи, бул болса қурғақлықтың үлкен бөлегин жарамсыз жағдайға келтирип қойыўы мүмкин. Келешекте мине усындай қәўип-қәтерлердиң алдын алыў ушын да ҳәзирден-ақ қатаң ҳәрекетлер талап етиледи.
Елимизде экологиялық таза ҳәм нәтийжели технологияларды енгизиў, ресурсларды үнемлеў, углерод эксплуатациясын азайтыў тийкарғы ўазыйпаға айланған. 2025-жылға "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп атама берилгени бул бағдарда исленетуғын жумыслардың салмақлы екенлигин көрсетип тур.
Өзбекстан 2030-жылға шекем ыссыхана газлериниң шығарылыўын 35 процентке азайтыўды, қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиўди, сондай-ақ, қайта тиклениўши энергия үлесин кеминде 25 процентке жеткериўди режелестирген. Мәмлекетимиз глобал шөллениўге қарсы тәсиршең реформалар жолынан барып, бар машқалаларды басқышпа-басқыш шешиў илажларын белгилеп алған. 2017-жылы Арал теңизиниң қурыған ултанында тоғай плантациясын қурыў кампаниясы басланған болса, мыңлаған кеўилли ўатанласларымыздың мийнети себепли 1,7 миллион гектардан аслам аймақта "жасыл қалқан" пайда етилди. Бул ҳәрекетлер ҳәзир де даўам еттирилмекте.
Қайырлы басламаның "қол-қанатлары"
Қараўылбазар - Бухара ўәлаятының алыс районларынан. Шөл қойнында жайласқан бул жерди жасы үлкенлер "шөлқуўарлар районы" деп атайды. Ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери татыў жасап атырған районда көплеген санаат кәрханалары, соның ишинде, Бухара нефтти қайта ислеў заводы жумыс алып бармақта.
Жасыллыққа қәлби ашық исбилермен Афзал Қўшаев балалығынан нәл егиўге қызығады. Дәслеп қыйтақ жерин гүлистанға айландырған бул инсан тез арада, үлкен көлемде жумыс ислеўди қәлейди. Буннан жигирма жыл бурын усы жерлерге келип, шөл аймағынан жер алды. Сабырлылық пенен мийнет етип, абат етти. Бүгин ол жаратқан бағқа қәдем таслар екенсиз, жерге теңгедей қуяш түспегенине ҳайран қаласыз. Бир ўақытлары усы бағ орнында қумлықлар болғанына исене алмайсыз. Қаҳарманымыз ҳәммесине ықлакс ҳәм ҳақыйқый мийнети арқалы ерискен.
Бул жерде қырықтан аслам түрдеги терек нәллери менен бирге он түрдеги дәрилик өсимлик ҳәм шөплерди таба аласыз. Дәслеп исбилермен топинамбур, розмарин, лаванда, шиповник сыяқлы өсимликлерди тек ғана сынақ түринде еккенде олардан дәрамат алыўды ойына да келтирмеген еди. Көкке шекем бой созған тереклер 1 миллионға жеткеннен кейин, бағ аймағын туристлик орынға айландырыў идеясы пайда болды. Ҳәр жылы "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары ушын усы жерден 500 мың түптен аслам мийўели ҳәм саяманлы терек нәлин жетистирип береди.
Афзал Қўшаев буның менен шекленип қалмады. Ол қум басып жатқан тутас басқа жерде - Шофиркон районындағы "Навбаҳор" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында да тәжирийбесин сынап көрди. Өзи туўылып өскен жерлер емес пе, бул жердиң жоқары-төменлигин, ыссы-суўықлығын жақсы биледи.
Мине, жети жылдан берли жақсы нийет пенен кетпен урылған жер пайда болып, абат мәканға айланған. Бул жерде жетистирилип атырған мийўели ҳәм саяманлы нәллер тек ғана Бухарада емес, ал басқа да ўәлаятларда да өтимли. Ҳәр жылы 50-60 мың түпке шекем нәл сатылып атырғаны дәрамат салмақлы екенинен дәрек береди. Өткен жылы декабрьде бул жерде раўажланып атырған нәллер 200 мың түптен асламды қурады. Олардың тәрбиясы менен жигирмадан аслам жумысшы бәнт.
Нәллер алынғаннан кейин, орнына мийўели тереклердиң туқымлары егилип шығылмақта ҳәм өнип өсиўи ушын зәрүр илажлар көрилмекте. Бул ийгиликли баслама районның Мингчинор, Хожа Ариф, Навбаҳор мәҳәллелеринде жасайтуғын халық арасында күннен-күнге ен жаймақта. Адамлар бул жумысы менен жойбарға "қол-қанат" болыў арқалы жақсы дәраматқа ийе болмақта.
Нәллер резерви де айрықша мәселе
2024-жылы улыўма миллий жойбар шеңберинде мәмлекет бойынша 80 миллион түп, ўәлаят бойынша болса 6 миллион түптен аслам терек нәлин егиў режелестирилген еди. Көптиң ҳәрекети ҳәм шөлкемлескенлиги себепли бул көрсеткиш артығы менен орынланды. Нәл егиў илажларында ўәлаят шараятына сәйкес - шыдамлы, басқаларына қарағанда көбирек кислород шығаратуғын, шаң ҳәм самалдан қорғаўшы және саялы терек нәллерине итибар қаратылды. Когон районында 480 нен аслам фермер хожалығы бар. Хожалық ағзалары атыз бойына декабрьде 1 миллионнан аслам нәл отырғызды.
Фермер Өткир Файзиев 2023-жылы 1 гектар майданда тут туқымынан нәл жетистириўди жолға қойған еди. Бир жыл өтип, нәллердиң саны 3 миллионнан асып кетти. Фермер қай жерде бос жер болса, сол жерге нәл отырғызды. Бүгин ол мийнетиниң өниминен заўықланып жүр. Оның айтыўынша, тут нәллериниң өзинен 3 миллиард сумнан аслам дәрамат алыў мүмкин екен.
Бухарада мийўели ҳәм саяманлы нәллер резервин жаратыўда ийинлес болып атырған фермерлер ҳәм халық ўәкиллериниң қатары кеңейип атырғаны қуўанышлы жағдай.
Бундай майданлар кеңеймекте
М-37 "Самарқанд - Бухара - Түркменбасы" халықаралық жолының Жандар ҳәм Қаракөл районларынан өтетуғын бөлегинде абаданластырыў, көклемзарластырыў жумыслары орынланды. Жолдың еки жағында (жәми 50 гектар) тут, арша, гүжим ҳәм сексеўил сыяқлы терек ҳәм пута нәллери отырғызылып, "жасыл белбеў" жаратылды.
Бухара районындағы "Бағыдашт" мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм Бухара қаласына тутас аймақта "Жаңа Өзбекстан" бағы қурылғаны да әҳмийетли ўақыялардан болды. Пайдаланылмай киятырған бул жерди бурын қаладан темир тосықлар ажыратып туратуғын еди. Енди 35 гектар жерге акация, япон сакурасы, фарфор гүжим, арша, садақайрағаш, каштан, каталпа сыяқлы саяманлы терек нәллери отырғызылып, бул жер абат мәканға айландырылды.
Жол қурыўшылар да бул илажлардан шетте қалмаған. Гүзги мәўсимде ўәлаяттың қала ҳәм районларындағы жол бойларына 500 мыңға шамалас гүжим, тут, терек, ерик сыяқлы мийўели ҳәм саяманлы нәллер егилди. Қурамында жигирмаға шамалас жол кәрханасы болған Бухара ўәлаятлық автомобиль жоллары басқармасының жумысшы-хызметкерлери А-380 "Ғузор-Бухара-Нөкис-Бейнеў" автомобиль жолы (Қараўылбазар районынан өтетуғын бөлеги) бойында декабрьде 50 мыңға шамалас терек нәли ҳәм пута нәли отырғызды. Енди бул нәллердиң өнип-өсиўи ушын зәрүр илажлар көрилмекте. Әсиресе, шөл аймағындағы нәллер тамшылатып суўғарыў жолы менен тәрбияланбақта.
Жойбар шеңбериндеги илажлар себепли Бухара ўәлаятында да жасыл майданлар кеңейип бармақта. Ең әҳмийетлиси, ықлымға сай нәллерди таңлаўға итибар қаратылып атырғаны мийнет нәтийжелилигин кепиллейди. Бул ҳаўаның патасланыўының алдын алыў менен бирге, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, әсиресе, соңғы ўақытлары тез-тез бақланып атырған дуз ҳәм шаң боранларының алдын алыўға хызмет етеди.
"Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде орынланған жумысларды бир ғана мақалада сүўретлеў мүмкин емес. Жуўмақлап айтқанда, қала ҳәм районларда, кәрхана, шөлкем, мәкеме, мәҳәллелерде бул бағдарда айтыўға ылайық жумыслар орынланды. Тийкарғысы, бул процессте ҳәмме аўызбиршилик ҳәм ҳүждан буйрығы менен қатнасты. Күни келип бул жумыслар мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына үлес қосатуғынына, халқымыздың узақ өмир сүриўи ушын фактор болатуғынына исенемиз.
Ҳамзабек ТУРДИЕВ,
журналист