Мысал ушын, “MyID” ҳәм “UzFace” бағдарламалары 70 тен аслам шөлкем, банк, электрон саўда майданшасы ҳәм төлем системасында енгизилип, 10 миллион пайдаланыўшыны аралықтан биометрикалық идентификациялаў имканияты жаратылды. "Өзбеккосмос" жасалма интеллектти қолланып, жер астынан нызамсыз пайдаланыў ҳәм рухсатсыз қурылыс пенен байланыслы 43 мыңға шамалас жағдайды анықлады.
Мәмлекетимизде жасалма интеллекттен билимлендириў, медиа, транспорт, денсаўлықты сақлаў, суд ҳәм басқа да көплеген тараўларда пайдаланылмақта. Мәселен, жасалма интеллекттиң кирип келиўи медицина ушын бир қанша қолайлық туўдырмақта. Системада персонализациялаў, автоматластырыў, диагностика анықлығын арттырыў ҳәм басқа да бағдарларда пайдалы болып келмекте. Мултиспирал компьютер томографиясы (МСКТ) мағлыўматлары тийкарында протезлеў технологиясын ислеп шығыў ҳәм енгизиў, өткир миокард инфарктинен кейин 12 айлық реабилитация бағдарламасын меншиклестириў ҳәм қадағалаў ушын онлайн платформа ислеп шығыў сыяқлы жойбарлар бойынша да излениўлер алып барылмақта. Сондай-ақ, баўыр циррози ҳәм гепатокарсинаманы ерте диагнозлаўда ақыллы системаны ислеп шығыў сыяқлы жойбарлар бар. Әлбетте, жасалма интеллект ҳақыйқый шыпакердиң орнын ийелемейди ҳәм бул ҳаққында өзи де айтады. Ол кеселликти анықлап, емлениў ушын шыпакерге мүрәжәәт етиўди усыныс етеди. Өзбекстанда дәри-дәрмақлар бойынша аўыр машқаалалар болды. Жасалма интеллект базасында ислейтуғын сондай бағдарламалар бар, сиз дәрини сүўретке түсирип, бағдарламаға жүклесеңиз, дәри Өзбекстанда дизимнен өткен бе, оннан пайдаланыў мүмкин ямаса жоқ екенлигин анықлап береди. Бул әлбетте жаман ақыбетлерден сақлап қалыўы мүмкин.
Буннан тысқары, геомәлимлеме системалары ҳәм жасалма жолдас сүўретлеринен пайдаланған ҳалда Өзбекстан тоғайларының жағдайын нәтийжели мониторинг етиў ушын инновациялық бағдарламалық өнимди ислеп шығыў ҳәм басқышпа-басқыш енгизиў нәзерде тутылған. Видеобақлаў камералары тийкарында өртти жедел анықлап, хабар бериў системасы да жаратылмақта. Бизге белгили болған GPS, радар, турникет, көше жақтыландырыўлары сыяқлы қураллар жасалма интеллект элементлери менен байытылмақта. Қалаберди, 2020-жылдан халықты социаллық қорғаў бағдарында материаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм системаға МКТ ны енгизиў бағдарында салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Кейинги жылларда мәлимлемелестириў ҳәм алдынғы технологияларды ҳәр қыйлы тараўларда енгизиў бағдарындағы илажлар нәтийжесинде Өзбекстанда МКТ ҳәм жасалма интеллект тараўында өзине тән потенциал тийкарлары жаратылды. Бул бағдарда шөлкемлер, МКТ бойынша илимий-изертлеў орайлары, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм олардың қәбилетли питкериўшилери және технопарклер, жеке меншик сектордағы бир қатар шөлкемлердиң жумысын айрықша атап өтиў мүмкин. Сондай-ақ, жасалма интеллект ҳәм заманагөй мәлимлеме технологиялары бағдарында Ферғана қаласындағы мектеплерде "Ақыллы мектеп" бағдарламасы, Әндижан ўәлаятында егислик майданларының жағдайын баҳалаўшы "Монтерра" онлайн платформасы енгизилген болса, Ташкент ўәлаяты Нурафшан қаласында "Ақыллы қала", Ташкент қаласында болса "Қәўипсиз қала" ҳәм "Санлы Ташкент" жойбарларын әмелге асырыў режелестирилген.
Жасалма интеллекттиң унамсыз тәсир етиўши тәреплери де жоқ емес. Айтайық, этика мәселелери, мийнет базарына тәсири, мәлимлеме қәўипсизлигине қәўиплер ҳәм технологияларға бойсыныў күшейеди. Бирақ, жасалма интеллект арқалы банк-қаржы тараўындағы алдаўшылықлардың алдын алыў, пайдаланыўшылардың төлем қәбилетин баҳалаў, базар тенденцияларын болжаў, салық ҳәм бажыхана тараўларында жасырын экономика үлесин азайтыў, гүманлы бажыхана операцияларын болжаў ҳәм қәўип-қәтерлерди басқарыў, денсаўлықты сақлаў тараўында кеселликлерди диагностикалаў, емлеў усылларын белгилеў, медициналық көринислерди анализ етиў ҳәм наўқасқа тийисли мағлыўматларды басқарыў мүмкин.
Сондай-ақ, аўыл хожалығы тараўында өнимдарлықты прогнозлаў, аўыл хожалығы ресурсларын басқарыў, егинлер, қус, балық ҳәм шарўа малларын жетистириў процесслерин мониторинг етиў, энергетика тараўында энергия ресурсларын басқарыў, энергия ислеп шығарыў ҳәм бөлистириўди оптималластырыў, қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўды раўажландырыў ҳәм оларға болған талапты алдыннан анықлаў имканияты бар.
Мәмлекетимиз басшысының өткен жыл 14-октябрьдеги "Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары болса социаллық тараў ҳәм экономика тармақларында жасалма интеллект технологияларын енгизиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, мәмлекетимиздиң жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыўшы дүньяның жетекши мәмлекетлери қатарына кириўине ерисиў, сондай-ақ, "Санлы Өзбекстан - 2030" стратегиясында белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўге хызмет етеди. Өйткени, қарарда жасалма интеллект тийкарында жаратылған бағдарламалық өнимлер ҳәм көрсетилетуғын хызметлердиң көлемин 1,5 миллиард АҚШ долларына, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында жасалма интеллект тийкарында көрсетилетуғын хызметлердиң үлесин 10 процентке, жасалма интеллект бағдарында жумыс алып баратуғын илимий лабораториялардың санын 10 ға жеткериў нәзерде тутылған.
Қарар ҳүкиметтиң жасалма интеллектке таярлық индексинде Өзбекстан Республикасының биринши 50 орындағы мәмлекетлер қатарына кириўине ерисиў мақсетлерине жол ашады. Стратегияда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў арқалы, бириншиден, жасалма интеллектке байланыслы қатнасықларды тәртипке салыўшы нызамшылық ҳүжжетлери, халықаралық ҳәм жергиликли стандартлар және оларды әмелге асырыў механизмлерин өз ишине алған нормативлик-ҳуқықый базаны қәлиплестириўге ерисиледи. Екиншиден, мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм сақлаў орайларында "булытлы технологиялар" хызметлеринде мағлыўматлардың пүтинлигин ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў тийкарлары жаратылады. Үшиншиден, жасалма интеллект технологиялары тараўында институционаллық басқарыў қәлиплестириледи. Төртиншиден, жасалма интеллект технологиялары бойынша этика қағыйдалары ислеп шығылады. Бесиншиден, социаллық тараў ҳәм экономика тармақларында жасалма интеллект технологиялары кеңнен енгизиледи. Кәрхана ҳәм шөлкемлерде жумыс процеслерин автоматластырыў арқалы ўақыт ҳәм ресурслардан нәтийжели пайдаланылады. Алтыншыдан, жоқары билимлендириў мәкемелеринде жасалма интеллект бойынша маман қәнигелер таярланады ҳәм бул бағдардағы питкериўшилердиң саны артады. Усы көзқарастан айтыў мүмкин, жасалма интеллекттиң айырым машқалалары ушын оннан пүткиллей ўаз кешиўге болмайды.
Хош, жасалма интеллект инсаният ушын қаншелли қәўипли? Бул сораў ҳәзир жүдә әҳмийетли. Жасалма интеллекттиң өзи адамлардың жумысын алып қомайды. Бирақ, жасалма интеллекттен өнимли пайдалана алатуғын басқа адамлар тартып алыўы мүмкин. Жасалма интеллекттиң өзинен қорқыў емес, ал оны жақсылап үйрениў керек. Оның медиа тараўына жедел кирип келиўи сүўрет үстинде ислеў, монтаж етиў сыяқлыларда да пайда болмақта. Шет елде сондай дәрежеге шықты, телевидениеде баслаўшылардың жасалма интеллект түри жаратылып, бағдарламалар алып барылмақта. Жақында Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигинде де мине усы тәжирийбе сынақтан табыслы өтти. Салыстырмалы тәреплери ҳәмме нәрседе бар. Айтайық, әпиўайы пишақтан ҳәм асхана әнжамы, ҳәм қурал сыпатында пайдаланыў мүмкин. Жасалма интеллектте не мақсетте, кимниң қолында пайдаланылыўына қарап пайдалы ямаса зыянлы болыўы мүмкин. Мәселен, 2022-жылдың ақыры - 2023-жылдың басларында көплеген фейк сүўретлер тарқалды, бул арқалы фейк хабарлар да шықты. Бир тәрептен, булар жақсы кейс болды, себеби фактчекинг етиў кереклиги, тексериў кереклиги мәселеси ортаға шықты. Сондай-ақ, кино дубляжында белгили актёрлардың даўысын жасалма интеллект арқалы тиклеў мүмкин. Жасалма интеллект жүдә жақсы жәрдемши. Оның жәрдеминде роботлар операциялар өткермекте, наўқасларға диагноз қоймақта. Бурын 3Д мультфилмлер ислеў ушын алдын бир неше ай, жыл ўақыт кеткен болса, ҳәзир оның жәрдеминде бул процесс әдеўир тезлести. Анимацияда жасалма интеллект жүдә раўажланып бармақта. Билимлендириў тараўында да орны үлкен. Ҳәр қандай пәнди жасалма интеллект жәрдеминде үйрениў мүмкин, баҳалап та барады, қандай қәтелер жасап атырғанын да көрсетеди. Егер заман менен тең қәдем тасламақшы болсақ, жасалма интеллектти үйрениўимиз керек. Өзи кеш қалып атырмыз, ҳәр күни бул тараўда жаңалық болып атыр. Үйренбесек болмайды, үйрениў зәрүр.
Халық санының өсиўи ҳәм аймақлар жер ресурсларының шекленген шараятында тутыныў ушын таяр өнимлердиң жетиспеўшилиги, оның жоқары сапасын тәмийинлеў машқаласы және де күшеймекте. Оны шешиўде жасалма интеллекттиң заманагөй технологиялары табыслы жәрдем бериўи мүмкин. Ҳәзирги ўақытта бул қурал экономиканың барлық тараўларында кеңнен қолланылмақта. Жасалма интеллект технологияларын аўыл хожалығында ҳәм оған тутас тараўларда қолланыў ушын айрықша тосқынлықлар жоқ. Бул технология өндирис ҳәм басқарыў процесслерин автоматластырыў, сондай-ақ, үлкен көлемге ийе болмаған мағлыўматларда жасырын байланысларды анықлаў имканиятын береди.
Социаллық ҳәм басқа да тараўларға жасалма интеллектти енгизиўде жеке мағлыўматлардың қол қатылмаслығы, оларды сақлаў ҳәм басқарыў айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, жасалма интеллекттен пайдаланыўдың әдеп-икрамлылық тәреплери, әсиресе, АҚШ, Уллы Британия, Европа Аўқамына ағза мәмлекетлер, жетекши халықаралық шөлкемлердиң дыққат орайында болып, инсан ҳуқықлары ҳәм жеке мағлыўматлар, сиясий ҳәм бузғыншы мақсетлерде пайдаланыў сыяқлы мәселелердеги қәўипи әҳмийетли болып есапланады. Айырым мәмлекетлерде жасалма интеллект ҳәм АКТдан пуқаралардың жеке ҳуқықлары менен еркинликлерин шеклеў ҳәм сиясий мақсетлерде пайдаланылмақта, деген айыплаўлар жаңлап атыр. Соның ушын жасалма интеллекттен пайдаланыўдың ҳуқықый тийкарларын жаратыўда бул мәселелерге айрықша итибар қаратылыўы мақсетке муўапық.
Хош, жасалма интеллекттиң глобал қәўипсизликке қаншелли тәсири бар? Бул мәселе 2023-жыл 18-июль күни БМШ Қәўипсизлик кеңесинде додаланды. Онда БМШ Бас хаткери халықаралық жәмийетшиликти бул "әдеттеги емес технология" раўажланыўы үстинен қадағалаў орнатыў бойынша қыстаўлы илажлар көриўге шақырды. Гәп сонда, жасалма интеллект технологияларының барлық түрлери пүткиллей шексиз дәрежелерде оғада тез ҳәм оғада кең көлемде тарқалмақта.
Жасалма интеллект ботлары ҳәр қыйлы сораўларға жуўап бериўи, программистлер ушын код жазыўға жәрдемлесиўи, студентлер ушын курс жумысларын жазып бериўи мүмкин. Бул бот ҳәттеки қосық ҳәм шығармалар жазыўы да мүмкин. Сол себепли, кең жәмийетшиликте бул технология копирайтерлер, журналистлер, мектеп муғаллимлери ҳәм басқа да тараў ўәкиллерин жумыссыз қалдырыўы мүмкин, деген қәўип пайда болды. Әсиресе, ChatGPTдиң шығармалар "жазыў" қәбилетинен оқытыўшылар көбирек тәшўишке түспекте. Мысал ушын, АҚШта студентлер әлле қашан-ақ бот тәрепинен "жазылған" эсселерди өз дөретиўшилик өними сыпатында усыныс ете баслаған. Жасалма интеллекттиң ең үлкен машқалаларынан бири де мине усы - шын мәнисиндеги дөретиўшилик қәбилетиниң жоқ екенлиги болып қалмақта. Ҳәзир ҳүкиметлер, ири компаниялар ҳәм шөлкемлердиң дерлик ҳәммеси жасалма интеллектти раўажландырыў тараўындағы стратегиялар бойынша ислемекте, бирақ ҳеш ким, ҳәттеки жасалма интеллектти ислеп шығарғанлардың өзлери де бул ақылға ылайық емес технологиялық жетискенлик ақырында нелерге алып келиўи мүмкин екенлиги ҳаққында анық түсиникке ийе емес. Соның ушын ҳәзирги жағдайдан келип шығып, жасалма интеллект раўажланыўының "тийкарғы мазмун-мәниси ҳәм көлемин илажы болғанынша терең түсинип" ҳәрекет еткен мақул. Жасалма интеллекттиң келешеги белгисизлигинен буншелли қәўетерлениўдиң себеби әпиўайы - жасалма интеллектке тийкарланған машиналар инсанларға зыян тийгизиўи мүмкин. Оның көп пайда келтириўи белгили, бирақ машиналардың адамларға ҳәм бир-бирине де үлкен көлемде зыян жеткериў қәбилетине көз жумып болмайды. Терроризм, жынаятшылық, киберҳүжимлер - егер жасалма интеллекттен усы жаўыз мақсетлер жолында пайдаланылса, бул глобал қәўипсизлик ушын оғада үлкен ақыбетлерге алып келеди. Жасалма интеллекттиң насаз системалары "тәшўишке себеп болып атырған және бир үлкен машқала" болып есапланады. Ол жақсылыққа да, жаманлыққа да хызмет етиўге уқыплы болған жүдә үлкен потенциалға ийе. Ойлап табыўшылардың өзлери де алдында инсаният жасалма интеллект пенен байланыслы және де үлкен, апатлы ҳәм күтилмеген қәўип-қәтерлерге дус келиўи мүмкин, деп жар салмақта.
Егер биз мине усы қәўип-қәтерлерди сапластырыў илажларын көрмесек, ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар алдындағы миннетимизди орынламаған боламыз. Жасалма интеллект ҳәм АКТды енгизиўде шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳәм жеке өмирге байланыслы ҳуқықлар және олардан миллий қәўипсизликти тәмийинлеў жолында пайдаланыўда тең салмақлылықты сақлаў әҳмийетли. Себеби, жалған мәлимлеме жаратыўшылар ҳәмийше болған. Технологиялардың имканиятларынан, тәбийий түрде, олар да пайдаланады. Ҳақыйқияттан ажыралып болмайтуғин яки соған жақын болған жалған мағлыўматлар жаратылады. Мәселен, жақында социаллық тармақларда белгили шахслар, исбилерменлердиң жүзлери ҳәм даўысларынан пайдаланып, олардың көринисинде адамлардан алдаў жолы менен пул өндириў жағдайлары ҳаққында хабарлар берилди. Яғный, "биз сизлерге көп дәрамат табыў жолларын үйретемиз, буның ушын усы байланысқа өтиң ҳәм мен сизге 25 мың сум есабынан қалай байығанымды үйретемен" мазмунындағы видеоларды көрип атырмыз. Олар Facebook ҳәм Instagram’да көп тарқалған. Тилекке қарсы, билмегени ҳәм мағлыўматларды тексериў имканияты болмағаны ушын алданып, көп пул жоғалтқанлар болды. Ҳәзир биз сондай заманда жасап атырмыз, ҳәр бир көргенимизди әлбетте тексериўимиз керек. Жасалма интеллект қуралға айландырылыўы мүмкин, мәселен, дәри сыпатындағы қураллар химиялық қурал жаратыў ушын қолланылыўы мүмкин. Бул технология арқалы тарқатылатуғын дезинформация жәмийеттеги турақлылықты жоқ етиўи ҳәм "топарлық қарар қабыл етиў нәтийжелилигин төменлетиўи" мүмкин. Жасалма интеллект қүдирети барған сайын бир тутас адамның қолында жәмленип барыўы ҳәр қыйлы режимлерге ғалабалық бақлаў ҳәм зулымлық цензура орнатыўына жәрдем бериўи де ҳеш гәп емес.
Жеффри Хинтон жасалма ақылдың атасы деп тән алынған. Ол Google'дағы лаўазымынан шықты ҳәм жасалма интеллект тараўындағы барған сайын артып баратырған қәўип-қәтерлерден ескертти. Илимпаз жумысынан босатылып атырғанын New York Times газетасында жәриялап, өз изертлеўинен пушайман екенлигин жазады. Оның айтыўынша, жасалма интеллект чатботларының айырым қәўип-қәтерлери жүдә қорқынышлы. "Ҳәзир, шамасы, олар бизлерден ақыллырақ емес. Бирақ, мен ойлайман, жақын арада бизлерди артта қалдырады". Доктор Хинтонның нейрон тармақлары ҳәм терең үйрениў тараўларындағы жетекши изертлеўлери ChatGPT сыяқлы жасалма интеллект системаларының жаратылыўына тийкар жаратты. Жасалма ақылда нейрон тармақлары инсан мийине уқсас система болып, мий сыяқлы информацияны үйренеди ҳәм "сиңдиреди".
Чатботлар жақын арада өзинде инсан мийинен көбирек маглыўматты сақлай баслайды. Логикалық пикир жүритиўге келгенде олар адамға теңлеспеди, бирақ әпиўайы логиканы қоллай алады. Процесс бундай тез пәт пенен раўажланып атырғанын есапқа алсақ, буннан қәўетерге түсиўимиз керек. Әлбетте, бул оғада әҳмийетли машқала. Кимнен болса да жақын адамының даўысын «қәлбекилестирип» ақша алыўы, жасалма сүўрет ҳәм видео жәрдеминде дәмегөйлик етиў, социаллық пикирди манипуляция етиў сыяқлы жағдайлар ҳәммени тәшўишке салыўы тәбийий. Бул машқалаға технологиялық, ҳуқықый ҳәм басқа түрли көзқараслар менен гүресиў керек. Ҳуқықый қатнасқа мысал сыпатында 2024-жыл март айында Европа парламенти жасалма интеллект ҳаққындағы нызам (AI Act) қабыл етилгенин келтириў мүмкин. Оған бола, жасалма интеллект ислеп шығарыўшылары ҳәм интеграторларына пайдаланыўшыларды чатботлар, “deepfake”лер сыяқлы жасалма интеллекттен пайдаланыў ямаса өз-ара байланыста болыўы ҳаққында хабардар етиў миннетлемеси жүкленди.
Жасалма интеллекттен жаўыз ҳәм әдеп-икрамлылыққа қарсы ҳәрекетлерде пайдаланыўға жол қоймаў ушын жасларымызға заман руўхында тәлим-тәрбия бериўимиз керек. Елимизде жасалма интеллекттиң әдепсиз ҳәм нызамға қайшы тәреплери гүжип кетпеўиниң ең жақсы жолы билимлендириў, десек, қәтелеспеген боламыз. Раўажланыўдың тырнақ тасы да, мәмлекетти қүдиретли, миллетти уллы ететуғын күш те илим, тәлим ҳәм тәрбия болып табылады. Соның ушын Өзбекстанда билимлендириў системасын комплексли раўажландырыў, маман кадрлар таярлаў мақсетлерине үлкен күш ҳәм қаржыларды аямаўымыз керек ҳәм сондай болып да келмекте. Бүгинги модернизация процесслери, реформалар ҳәм өзгерислердиң нәтийжелилиги мектеп билимлендириўине, жаңа әўлад кадрларын жетистириў мәселесине байланыслы екени сөзсиз. Сол себепли билимлендириў тараўына итибар күшейди. Себеби, мәмлекеттиң келешеги, барлық тараўлар ҳәм жойбарлардың табысы билимли, мәнаўиятлы инсанларға байланыслы. Усы мәнисте барлық жумыслардан азат етилген муғаллим алдына тек ғана жас әўладты жетик ҳәм кәмил инсан етип тәрбиялаў ўазыйпасы қойылған.
Архимед "Жердиң таяныш ноқатын таўып бериң, аўдарып жиберемен", деген екен. Биз де жәмийеттиң раўажланыўының таяныш нуқтасын таптық, бул билимлендириў системасы!
Илимий-изертлеў институтлары, институтлар жанында лабораториялар шөлкемлестириў жасалма интеллекттиң жаман мақсетлерде қолланылыўына жол қоймаў жолы болып есапланады. Мәмлекетимизде бир топар илимпазлар тәрепинен Жасалма интеллект машқалаларын социаллық-гуманитарлық таллаў халықаралық пәнлераралық институтын шөлкемлестириў идеясы алға қойылды. Жаңа илимий оқыў бөлими лаборатория/коллегиум/кафедра/қәнигелигин арттырыў институтынан ибарат болады. Жаңа оқыў илимий мәкемеси Президентимиздиң "Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарарында белгиленген ўазыйпаларды тиккелей әмелге асырыў имканиятын береди. Өзбекстанда бурынғы совет мәканындағы биринши ҳәм сийрек ушырасатуғын илимий-изертлеў ҳәм оқыў бөлими болыўы күтилип атырған институттың және бир тийкарғы мақсети елимиз, ҒМДА ҳәм ШБШ мәмлекетлеринде жасалма интеллект модель ҳәм қуралларын билимлендириў тараўына енгизиў, қолланыў машқалалары ҳәм аудитти үйрениў мәселелери менен шуғылланыў болып есапланады. Тийкарғысы, жасалма интеллект қураллары жәмийеттиң күнделикли турмысына кирип келген. Пүткил дүньяда ЖИниң илимий, инженерлик, финанслық тәреплерин ислеп шығатуғын көплеген ҳәр қыйлы бөлимлер бар. Тилекке қарсы, бүгинги күнде жасалма интеллекттиң социаллық аудитин, этика машқалаларын атап өтетуғын, билимлендириў сыяқлы әҳмийетли тараўларда технологияларды дурыс қолланыўдың стандартларын белгилейтуғын механизм ҳәм мәкемелер жоқ. Мәмлекетимизде де жоқарыда айтылған институт шөлкемлестирилсе, оннан надурыс пайдаланыў, унамсыз иллетлерине қарсы гүресиўге ҳәм алдын алыўға ерисемиз.
Елимизде жасалма интеллект имканиятлары ҳәм технологияларын социаллық қорғаў бағдарламаларында, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, медиа, өндирис, аўыл хожалығы ҳәм санаатта қолланыў имканиятлары ҳәм зәрүрлиги бар болып, тийисли программаластырыў бағдарларындағы жетекши жергиликли қәнигелер ҳәм сырт ел компанияларын тартқан ҳалда жасалма интеллект технологияларын енгизиў мақсетке муўапық. Жасалма интеллект ямаса ҳәр қыйлы программалық тәмийнатлар ҳәм АКТды тийисли тараўларға енгизиўде жүзеки қатнас, бириншиден, жойбарлардың күтилген нәтийже бермеўине, екиншиден, жумсалған бюджет қаржыларының нәтийжесиз болыўына, үшиншиден, заман талабына сай болмаған бағдарлама ҳәм системалар кибержынаятшылардың қулына айланып, миллий қәўипсизликке зыян тийгизиўи ҳәм де жабық ҳәм жеке мағлыўматлардың шығып кетиўине алып келиўи мүмкин. Соның ушын бундай мәмлекетлик бағдарламалар тараўдың жетекши жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелери және компаниялары тәрепинен әмелге асырылыўы талап етиледи.
Бир нәрсе анық: жасалма интеллект ҳеш қашан тәбийий интеллектти жеңип өте алмайды ҳәм оннан үстин бола алмайды. Себеби, жасалма интеллекттиң өзи де инсанның тәбийий интеллектиниң өними. Бирақ, оның руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық қәдириятларға зыян тийгизиўине жол қоймаўымыз керек. Бул жолда бизге мектепке шекемги билимлендириўден баслап жоқары билимлендириўге шекемги жасларымызды ойлаўға, илим үйрениўге шақыратуғын күшли система керек.
Исмоил САИФНАЗАРОВ,
ТМИУ профессоры,
философия илимлериниң докторы