Көркем әдебияттың инсан руўхый дүньясы, ҳәттеки, шахсының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўындағы орны теңсизлиги балалар әдебиятында да айқын көринди. Шығармалардың тәсир күши жас жүреклерде жақсылық, ўатансүйиўшилик, көркем-эстетикалық талғамды қәлиплестириў, улыўма, өмирге, пүткил дүньяға унамлы ҳәм дөретиўшилик қатнасты қәлиплестириўге хызмет етеди. Бүгин тәлим-тәрбия бериў менен бирге жас китапқумарларда эстетикалық заўық оятатуғын, қызғын турмыс көринисин пүткил барлығы менен сәўлелендире алатуғын шын мәнисиндеги көркем шығармалар оғада зәрүр. Усы мәнисте, балалар әдебиятын оқыўда да оқыўшының жас өзгешеликлери ғана емес, шығарманың жанр ҳәм тема мазмуны, баянлаў усылы ҳәм психологиялық сүўретлеўдеги өзгешеликлерди изертлеў талап етилмекте.

Әдебият ҳәм китапқумарлықтың басламасы болған балалар әдебияты, оның тарийхый раўажланыўы ҳәм жаңа принциплерин жәҳән балалар әдебияты менен салыстырмалы үйрениў арқалы процесстиң әҳмийетли өзгешеликлерин айқынластырыў, өзбек балалар әдебиятының көркемлик жақтан жоқары үлгилерине кеңнен итибар қаратыў, жаңа әсир кишкенелердиң қызығыўшылығы, руўхый дүньясы, жәмийетлик турмысқа мүнәсибети сәўлеленген шығармалар арқалы әдеп-икрамлылық-ағартыўшылық, жәмийетлик-сиясий тәрбияны қәлиплестириў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып есапланады.

Хош, бул бағдарда тараўда жумыс алып барып атырған жаслар ҳәм қәнигелер не дейди? Олардың бул тема бойынша пикирлери менен қызықсындық.

"Китап балаға нәсият етиўи керек емес!"

Садулла ҚУРАНОВ, балалар жазыўшысы:

- Балалар әдебиятын үлкенлер әдебияты сыяқлы поэзиялық ҳәм прозалық шығармалар қурайтуғыны ҳәммемизге белгили. Буны еске алғанымның себеби, биздеги машқалалар, анығырағы, бослықлар тек балалар ушын арналған прозалық шығармаларда деп ойлайман. Себеби балалар әдебиятындағы поэзияның символикалық дизбеги - тасыўшы идеясы, мақсети, мийрасы ҳәр дәўир руўхына тән тәризде жаңаланып, бейимлесип келген. Бираз қопал етип айтқанда, бир әўлад балалар шайыры қартайып, қолына қәлем аўырлық еткен ўақытта басқа бир зор шайыр жетилисип үлгерген. Балалар прозасы ҳаққында болса бундай деп болмайды. Айырым факторлар буны тән алыўға мәжбүрлейди. Мәселен, балалар әдебиятының ири ғайраткери, халық жазыўшысы Худайберди Тохтабаевтың елимизде жоқлығы усы бослықтың көлемин айқын көрсетип берди. Бул жазыўшыдан соң басқа ҳеш ким оқыў заўқын енди ғана сезе баслаған бала ушын өз дәўирине сай әдеп-икрамлылық түсиниклерди әпиўайы тилде түсиндирип бериўдей қыйын ўазыйпаны толық шеше алмады. Бул жолда тек ғана ҳәр қыйлы тәжирийбелердиң гүўасы болдық.

Орта әсирлердеги классикалық поэзиямыз пүткил әдебиятымызда тийкарғы үлеске ийе. (Буның себеби итимал әдебий генимизде поэзия көбирек сақланып қалғаны болса керек). Батыста болса әйне усы дәўирлерде роман, драматургияның ҳәр қыйлы формалары раўажланды. Дәслепки прозалық урыныслардың нәтийжеси бизге тек бир ярым әсир бурын кирип келгенлиги себепли де ҳәзир проза биз күткен дәрежеге шықпай атырған болыўы итимал.

Әдебий мектеплер, устаз-шәкирт дәстүрлериниң жоқ болып баратырғаны да үлкен себеплерден бири, деп ойлайман. Бурын редакцияларда, газета-журналларда әдебият ғайраткерлери менен бирге ислесетуғын жаслар тәбийий түрде талантын қәлиплестирип, оған сайқал берип барған. Процесс артықша шаўқымсыз, тырысыўсыз, устаздың өмири даўамында аңлап жеткен философиясы ҳәм шәкирттиң ықласы есабынан қайнады. Ҳәзир бир ҳәўескер қәлемкеш қайсыдур редакцияның есигин қағып, мәсләхәт сорап келеди дейсиз бе? Жоқ. Бар болса да бармақ пенен санаўға болады.

Буннан тысқары, биз өз қаҳарманымызды жоғалттық. Таба алмадық, жарата алмадық емес, тап жоғалтып қойдық. Итибар бермедик. Нәтийжеде бүгинги балалардың көпшилиги Алпамыс, Күнтуғмиш, Рәўшанхан, Рустамханның алпларға тән минез-қулықларына исенбей, бөрттирилген деп ойлап, әллеқандай жәнликтиң қәбилетин өзинде жәмлеген "супер" адамға таңланыў көзи менен қарамақта. Сондай болыўы тәбийий. Себеби биз өз қаҳарманларымызды заманға бейимлестириўге, санластырыўға ҳәрекет етип көрмедик. Итибарды болса "комикслер", "мангалар" ийелеп алды. Буның менен комикслерди жаманлаўдан жырақпан, олардың да өзине жараса ўазыйпасы бар. Жас өспиримлердиң дүньяқарасы, көзқарасының қәлиплесиўинде, тән алайық, бүгин әйне усылар тәсир көрсетти. Биз де усылай ғалаба ен жайдырсақ болар еди, демекшимен. Буның ушын бизде ҳәммеси бар еди: толық идея, анық философия, жетик сюжет линиясы... Бул усынысты бир тәреплеме түсиниў керек емес. Бизге қаҳарман керек, бирақ минсиз, биз өмирде ҳеш қашан ушыратпайтуғын сыпатқа ийе, инсаннан да үлкен жанзат емес, дәл өзимизге уқсаған, биз сыяқлы азғана турмыслық машқалаларға оралған, айырым жағдайларда қәте қарар қабыл ететуғын ҳәм оннан жуўмақ шығаратуғын, кеширетуғын, кеширим сорайтуғын, үйренетуғын, үйрететуғын, өзлигинен, өзбекшилигинен уялмайтуғын ҳақыйқый қаҳарман керек.

Бул ўақыяны бурын да айтып берген едим. Әдебий ушырасыўда бир ҳаял маған сораў берген еди: "Неге қаҳарманларыңыздың тәғдири буншелли толық, неге азғантай болса да азап, айралық жоқ? Ақыры, өмир ондай емес ғой?!". Ҳаялдың сораўы мени албыратып таслады. Жуўабым жоқ еди. Тек билмедим, шынында да ойлап көрмеген екенмен.

Кейинирек сырт ел балалар жазыўшыларының сәўбетин тыңладым. Онда күйеўи тосаттан қайтыс болып, үш перзенти менен жесир қалған жазыўшы ҳаял тәғдири ҳаққында сөз болды. Ҳаял өзи ҳәм перзентлерин түскинликтен алып шығыў ушын әкеси қайтыс болған қаҳарманның өмири ҳаққында шығарма жазады. Күтилмегенде бул шығарма бестселлерге айланады.

Сөйлесиўди тыңлап атырып, көз алдыма сол - маған сораў берген ҳаял келди. Шамасы оның перзентлери де айралық азабын татып көрген. Ал мениң идеал турмыс ҳаққындағы шығармам олардың руўхый дүньясына кери тәсир еткен шығар... Соннан берли балалар шығармаларының темасы туўралы көп бас қатыратуғын болдым. Ойлап қарасам, бизиң балалар әдебияты еле де онша социалласпаған. Еле де ертек ҳәм дәстанлардағы идеал тәғдир ҳәм қаҳарманлардың тәсири күшли. Турмыслық, күнделикли машқалалар ҳаққында жазыўға болса онша урынбаймыз, мисли бул әдебият емес.

Әдебиятты идеалластырғанымыздың себеби биз, айтайық, пулы жоқ болғаны ушын аўқатлана алмайтуғын ямаса тилинде кемшилиги бар балалардың өтмиши ҳаққында дерлик жазбаймыз. Биз ушын әдебият үлкен нәрселер, идеялар ҳаққында жырлаўы зәрүр, тамам. Дурыс, солай болыўы керек, бирақ адамгершилик бәрқулла биринши орында турады. Адамгершилик арқалы усы идея сиңдирилсе, қандай гөззал!

Мениңше, өзбек балалар әдебиятының трендке шыға алмай атырғанының тийкарғы себеплеринен бири темалардың турмыслық емеслиги менен байланыслы.

"Жас шегарасын ким белгилейди?"

Дилнавоз НАЖИМОВА, балалар жазыўшысы:

- Кесип атырған тереклерди көрип, пышқы көтергенлерге қарсы ғалабалық гүресиў нәтийже бермейди. Бәринен бурын, жәмийет ағзаларына теректиң баҳасы ҳаққында мағлыўмат бериў керек. Яғный терек тек ғана сая ҳәм кислород бериўши емес, ал жер асты суўын сақлап турыўшы, зыянлы газ ҳәм шаңларды жутыўшы, руўхый қуўат тарқатыўшы, қулласы, инсан өмирин тәмийинлеўши өсимлик сыпатында усыныў керек. Адамлар буны жәмийетлик дәрежеде аңлап жетсце, тереклер кесилиўи өз-өзинен тоқтайды. Мениңше, китапқумарлықты раўажландырыў ушын да китапқумарлықтың әҳмийети ҳаққында жетерли түсиникке ийе болыў керек. Себеби көпшилик китапқа билим ҳәм тәрбия дәреги сыпатында ғана қарайды. Тилекке қарсы, бундай көзқарас дөретиўшилерде де бар. Бул ҳаққында бир ўақытлары үлкен мақала жазылған еди.

Бундай әжайып көз-қарастың мәниси сонда, балалар ушын жазылған шығармада, әлбетте, үлкен ҳикмет, тәрбиялық идея болыўы шәрт. Мине, усындай көзқарас себепли биз 4-5 жасар бала ушын да "ҳикметли" шығармалар жазып, оларды оқыўдан бездирип атырмыз. Жоқ, бала тек ғана оқып тәжирийбесин арттырыўы, текстти сезиўи, ҳәрекет ҳәм мағлыўматлар избе-излигин бақлаўы ушын да әпиўайы шығармалар жазыў мүмкин ғой!

Мәселен, "Бек Лалаға ручка берди, Лала ручканы Раноға, Рано Лайлоға, Лайло Барноға узатты. Сонда ручка кимде? (сүўрет)" сыяқлы жүдә әпиўайы текстлер биз ушын мәниссиз, көркем шығарма емес сыяқлы көринеди. Себеби 3-4 жасар бала усы текст арқалы оғада әҳмийетли басқа көнликпелерди өзлестириўи ҳаққында түсиникке ийе емеспиз. Негизинде усындай формадағы сүўретли дөретпелер балаларда зат ҳәм ҳәдийселерди билиў, түсиниў, тексттеги мағлыўматларды аңлаў сыяқлы әҳмийетли турмыслық көнликпелерди қәлиплестиреди. Ой-пикирин жетилистиреди. Исениң, оқыў арқалы қәлиплесетуғын аналитикалық, сын көзқарастан пикирлеўди басқа ҳеш бир пән бере алмайды.

Солай екен, балалар әдебияты тек ғана рәўан оқыў, көркем шығармадан заўықланыў ҳәм оннан ҳикмет излеўден ибарат емес екенлигин аңлап алыўымыз шәрт. Биз балалар китапқумарлығы олардың келешеги ушын суў ҳәм ҳаўадай турмыслық зәрүрлик екенин түсинип жетсек, өзимиз билмеген ҳалда балалар әдебиятының раўажланыўына да үлес қоса баслаймыз.

Дурыс, мәмлекет дәрежесиндеги реформалар, бағдарламалар керек, бирақ инсанның өзи де қәлесе, ҳәммесин аңлап жетеди. Айырым нәрселерди, мәселен, оқыўдың күшин адам жалғыз сезиўи керек. Сөздиң жуўапкершилиги, қуўатын өз руўхыйлығында сәўлелендирсе, әдеттеги жумысларының бирине айландырса ғана ҳақыйқый китапқумар жәмийетке айланамыз.

Биз қыялымызға да келтирмейтуғын жағдайлар жыйналып-жыйналып өзимиздиң үстимизге шоқмарыдай түседи. Ҳәтте баласына китап алыўдан қайтарған аналарды да көрдим. Айырым шаңарақларда ата-ана улыўма китап оқымайды. Балаға тек китап берип қойыў пайда бермейди, олар менен бирге оқыў керек. Сахна шығармалары түринде рол ойнап берип, ҳәтте ең көримсиз китапқа да баланы қызықтырыў мүмкин.

Жаслығымда китап дүканына кирип, пулым жетпеген китапларды сол жердиң өзинде оқыйтуғын едим. Үйимиздеги шкафта китаплар жасымызға сәйкеслеп терилип қойылатуғын еди. Ағам қайсы ўәлаятқа барса, сол жерден китап алып, телефон арқалы китаптан үзинди оқып беретуғын еди. Сапардан қайтқанша интизарлық пенен күтетуғын едим. Ҳәзир өзбеклер дүньяға тарқалып кетти. Неге енди сол жерден китап сатып алып, үйине жибермейди, неге жиберген пулынан китап алып бериўин айтпайды? Тойға, үйге, машинаға пул ажыратылады, бирақ баланың оқыўы ушын ажыратылмайды.

"Комикслер", "софтбук"лар сыяқлы заманагөй

көринистеги китаплар жүдә зәрүр!

Шоҳрух УСМОНОВ, аўдармашы:

- Бүгинги өзбек балалар әдебиятындағы кемшиликлер улыўма системаға барып тақалады. Бизде китап ҳәм баспа санааты раўажланып атырғандай көрингени менен, тийкарында, ҳәмме бир жолдан бармақта. Балаларға арналған шығармалар жүдә аз басылып атыр, басылғанлары да ғалабаласып атырған жоқ. Айтайық, соңғы бир-еки жылда "Атом әдетлер" китабын сатып алмаған китапқумар қалмаған сыяқлы. Бирақ балалар ушын жазылған қайсы шығарма бир неше он мыңлаған тиражда басылып, қайта-қайта сатылмақта? Креатив экономиканы раўажландыратуғын, әсиресе, балалар китаплары ушын PR ҳәм маркетингти күшейтетуғын ўақыт келди.

Әпиўайы жас категориясы сыяқлы талапларға жуўап бериўди үйрениўимиз зәрүр. Базарларымызда ҳәр бир жас категориясына сәйкес келетуғын китаплар жоқ. Ақыры 6 жасар балаға да, 13 жасар өспиримге де "Сары дәўди минип"ти услата бермеймиз ғой. Мәселен, 3 жасқа шекемги балалар ушын китаптағы сөз 100 ден аспаўы шәрт. Гейде китап текст емес, сүўретлерден ибарат болыўы да мүмкин. 3−8 жастағылар ушын 250−1000 сөзден аспаған шығарма талап етиледи. Бунда да тексттен гөре сүўрет "сөйлеўине" көбирек итибар қаратылады. 5−9 жастағылар "дәслепки китапқумар" есапланып, оларға арналғаны 1500−2000 сөз, 6−10 жас ушын 8,5−12 мың сөз болыўы керек. 8-12 жас аралығындағыларға 25−50 мың сөзден ибарат шығарма жазылады, әдетте. Ғажжа-ғаж текст пенен баланы китапқа қызықтыра алмайсыз. Бизде жас категориялары қайсы нормалар тийкарында белгиленеди? Ҳәзирше автордың ямаса редактордың жеке өлшеминен басқа өлшем жоқ.

Негизинде буларды белгилеў ушын тилши илимпазлар изертлеў өткериўи, гәп ҳәм текст қурылысының қурамалылығын, сөз мәнилерин түсиниў дәрежесин ҳәр қыйлы жастағы балаларда тәжирийбеден өткериўи керек. Сырт елде булардың барлығы ислеп шығылған. Соңғы ўақытлары заманагөй өзбек тилшилери арасында да бул бойынша дәслепки изертлеўлер өткерилди, бирақ бул жүдә аз. Қулласы, усындай изертлеў нәтийжелери тийкарында арнаўлы бағдарлама жаратылады. Текст усы программаға жайластырылғанда оның оқылыў дәрежеси, жас категориясына тийисли анализлер шығады.

Қубла Кореяда жасап, дөретиўшилик етип атырған Динара Мўминова деген балалар жазыўшысы бар. Киши жастағы балалар ушын сүўретли китаплар таярлап, 3-5 жасар балалар ушын биринши болып китаплар жазды. Жақын жылларда Эркин Маликтиң "Кумырысқалар мәмлекети" китабы, Қабылжан Шерматовтың "Бабамның асқазанындағы мәмлекет" китабы шықты. Саъдулла Қуронов илимий фантастика жанрында жазады. Себеби өзбек әдебиятында бул бағдар ақсап атыр. Илимий фантастикада ўақыялар илим менен тийкарланады. Балалар пән ҳаққында да билимге ийе болады. Булардың ҳәммеси ушын қуўаныўға арзыйды, бирақ бул жеткиликли емес. Түсиниўимиз шәрт, 20-30 жылдан кейин қандай әўлад қәлиплесиўи бүгинги балалар әдебиятының жағдайына байланыслы. Бүгин сапалы китапларды оқып өскен бала ертең гүмансыз зыялылар қатламының ўәкили, айтыў керек болса, жетекшиси болып жетилиседи. Буны бийкарлаў мүмкин емес.

Негедур биз ҳәр қандай жаңалыққа қәўипсинип қараймыз. Бир ўақытлары әпиўайы "селфи"ди де қәўипли деп жар салғанбыз. Бирақ китаптан, әдебияттан қандай да бир қәўип күтиў бираз күлкили. "Комикс"лер, "манга"лар, "софтбук"лер, поп-ап, AR ҳәм тағы басқа заманагөй көринистеги китаплар бүгин оғада зәрүр. Бала китапты ҳәм оқып, ҳәм ойнап, ҳәм тамаша етип заўық алғанына не жетсин.

Балалар әдебиятын раўажландырыў ушын ҳәр ким ҳәр қыйлы шешим усынады. Мен аўдармашыман, соннан келип шығып жәҳән балалар әдебияты дүрданаларын кешиктирмей аўдарыў шәрт деп айта аламан. Мәселен, бизиң балаларымыз да Роалд Дал, Астрид Линдгрен, Туве Янссон, Доктор Сюс, Мишел Морпурго, Давид Уолямс, Арнолд Лобел сыяқлы дүнья тән алған жазыўшылардың бир-биринен гөззал шығармаларынан заўық алыўы керек. Буның ушын балалар әдебиятының ғалаба ен жайыўы жолында қол былғаўға таяр аўдармашылар, редакторлар ҳәм баспаларға ҳәр қашанғыдан да көбирек мүтәжлик сеземиз.

Өзбек балаларына "Сары дәўди минип", "Шийрин қаўынлар мәмлекети", "Қорқынышлы Мешпалўан", "Жалынжан ҳәм оның дослары" ҳәм халық аўызеки дөретиўшилиги үлгилери менен бирге бүгинги күнниң ҳақыйқатына сәйкес заманагөй шығармалар керек. Мейли, балаңыз түрли онлайн дәреклерге, редбуклерге де, китапқа да бирдей меҳир қойып өссин, екеўине де итибарсыз болғаннан гөре усы жақсырақ ғой, дурыс емес пе?

Азизбек ЮСУПОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы