Жақында 10 жылдан аслам мүддет Қубла Кореяда шәртнама тийкарында жумыс ислеўге кеткен курсласым елимизге қайтып келди, Ташкентте, Бухарада сәўбетлес болдық, қалаларды араладық. Сонда достым өз ўатанынан әдеўир ўақыт узақта болғаны ушын ба, Ташкент ҳәм Бухарадағы өзгерислер, аспанға бой созған имаратлар ҳәм адамлардың өз турмысынан разылығы, заманагөй машиналарда жүриўи, жаслар топланатуғын аймақлар көбейип, олардың билим алыўға, кәсип ийелеўге қызығыўшылығын бақлап, таңланыўын жасыра алмады. Және бир көринистен заўықланғанын атап өтти: кафелерде халқымыз шаңарағы, жақынлары, дослары менен аўқатланбақта, дем алмақта.
Әлбетте, соңғы сегиз жылда Өзбекстан тарийхында жаңа бетлер ашылды. Ўәлаятлардағы қала, районлардың келбети пүткиллей өзгерди. Буған себеп ақылға уғрас сиясат себепли, бәринен бурын, басқарыўдағы ҳәр бир басшының ой-пикирине "Реформалар реформа ушын емес, бәринен бурын инсан ушын" деген бас идеяның сиңдирилиўи болды. Халқымыздың сана-сезиминде де жақсы күнлерге исеним, үмит бүртик ашты. Жақсы, қолайлы жумыс орынлары жаратылды, "Бизге усы да бола береди", деп ески емес, көркем, заманагөй имаратларда жасаў имканияты берилди. Бүгин сан жағынан бираз салмақлы үлкен завод, фабрикалар, өндирис кәрханалары, саўда ҳәм коммерция, улыўма, шаңарақлардағы киши бәнтликтен баслап ең ири заводларға шекем иске түсирилди.
Бир пуқара - Өзбекстанның бир ўәкили, бүгин биз 37,5 миллионнан астық. Ҳәммемиз бирлессек, турақлы раўажланыўға қарай қәдем қоямыз. Соған жараса үлкен мақсетлерге қарай баратырмыз.
Бундай ийгиликли мақсетлер дәслеп БМШтың Мың жыллық раўажланыў декларациясында, кейин ала "2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў күн тәртиби", деп аталған салмақлы ҳүжжетте белгилеп қойылды. Атап айтқанда, глобаллық әҳмийетке ийе болған "Күн тәртиби - 2030"дың қысқа ҳәм орта мүддетлерге мөлшерленген 17 турақлы раўажланыў мақсети дүньяның 193 мәмлекети қатарында Өзбекстан тәрепинен де қабыл етилди.
Турақлы раўажланыў мақсетлери елимизде жасап атырған ҳәр бир инсанның қәдирин ҳәм оның жеке, сиясий, социаллық, экономикалық, мәдений, экологиялық ҳәм раўажланыў ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы заманагөй көзқарасларды өзинде жәмлегени менен де әҳмийетли болып есапланады. Бүгин ҳеш бир пуқара өз машқаласы менен өзи қалдырылмаған. Әпиўайы пуқара, исбилермен, жаслар, ҳаял-қызлар, жасы үлкен ямаса социаллық қорғаўға мүтәж қатлам болсын, ҳәммесиниң ҳәрекети, машқаласы, тәшўишин тыңлайтуғын жуўапкер басшылар ҳәм қадағалаўшы шахслар бар. Ҳәттеки бурынлары мыңлаған, тек ғана тилде болған "кәмбағаллық" сөзи күшли ерк-ықрар менен ашықтан-ашық айтылып, бул категориядағы пуқараларымызды жоқарылатыў ушын жуўапкер министрлик шөлкемлестирилди. Бүгин бул министрлик жуўапкерлер ҳәм жәмийетшилик ҳәрекети менен мыңлаған халқымыздың кәмбағаллықтан исбилермен, өзине тоқ шаңарақ болып жасаўы ушын ҳәрекет етпекте.
Мақтаныш пенен айтыўымыз керек, Өзбекстан 2023-жылы ТРМ индексинде (SDG index) 71,1 балл менен 166 мәмлекет арасында 69-орынды ийелеп, 2022-жылдағыдан 8 текше жоқарылаўға еристи. Онда елимизде турақлы раўажланыўдың 10 мақсети - кәмбағаллықты қысқартыў, гендер теңлик, таза суў ҳәм санитария, турақлы қалалар ҳәм елатлы пунктлер, тынышлық, әдил ҳәм нәтийжели институтлар және турақлы раўажланыў жолында унамлы өсиўге ерисилди.
Халқымыздың 50 процентин қурайтуғын ҳаял-қызлардың турақлы раўажланыўдағы үлеси де сезилерли дәрежеде. Кейинги жети жылда Өзбекстанда ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы үлеси көбейди. Исбилермен ҳаял-қызлардың қатары еки есеге кеңейип, өз бизнесин жолға қойған ҳаял-қызлардың саны 205 мыңнан асты. Жүз мыңлаған ҳаял-қызлар кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытылды. Дерлик ярым миллион апа-қарындасларымыз жумыс пенен тәмийинленди. Ҳәзирги күнде жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студентлердиң ярымынан асламын қызлар қурамақта. Ҳаял-қызларды зыялы етиў бағдарындағы мәмлекетимиз сиясаты өз нәтийжесин бере баслады. Қуўанышлы тәрепи, магистратураны даўам еттирип атырған ҳаял-қызлардың төлемли-контракт суммалары мәмлекет тәрепинен қаплап берилмекте.
Әлбетте, елимизде ерисилип атырған жетискенликлер, нәтийжелердиң мисли көрилмеген дәрежеде екени бүгин тек ғана өзимизде, қоңсы мәмлекетлерде емес, ал дүньяның ең ири мәмлекетлеринде де тән алынбақта.
Дүньяның түрли регионларында болып атырған идеологиялық, сиясий ҳәм әскерий келиспеўшиликлер нәтийжесинде ең ири компаниялар ҳәм исбилермен топар ўәкиллери тынышлығы кепилленген елди, аймақты, келешеги ушын анық турақлы жедел раўажланып атырған мәмлекетти өз исбилерменлигин жолға қойыў мақсетинде таңлайды. Ҳәзирги ўақытта бундай халықаралық исбилерменлик мәканы Өзбекстан болып есапланады.
Бул жоқары шеклер, нәтийжелер қашан жедел даўам еттириледи? Қашан тынышлық болса! Усы жерде бүгин дүньяда жүзеге келип атырған жаңа қәўип-қәтерлер бундай ийгиликли мақсетлерге ерисиў жолында үлкен тосқынлық болып атырғанын айрықша атап өтиў керек.
Қәўиплерди нелерде көремиз?
Дүньяда геосиясий ҳәм геоэкономикалық қарама-қарсылықлар барған сайын кескинлеспекте, халықаралық қатнасықлар системасында жүзеге келип атырған келиспеўшиликлерди күш қолланыў арқалы шешиўге умтылыўлар күшеймекте.
Бүгин дүньяда халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплеринен шегиниў, қәўип-қәтерлерди шешиўге бир тәреплеме қараў жағдайлары бақланбақта. Әсиресе, ҳәр бир халықтың ҳуқықларын ҳүрмет етиў, суверен мәмлекетлердиң ишки ислерине араласпаў, аймақлық пүтинлиги ҳәм ғәрезсизлигине қарсы қәўип ямаса күш ислетиўден тыйылыў, жүзеге келген ҳәр қандай келиспеўшиликти сөйлесиўлер жолы менен шешиў бағдарында бир қатар сораўлар топланып қалған.
Сондай-ақ, көпшилик жағдайларда әдиллик, өз-ара ҳүрмет, теңлик, бирге ислесиў ҳәм аўызбиршилик принциплерине бармақ арасынан қараў жағдайлары және өз-ара исеним, бир-бирин түсиниў, ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиў бағдарында кризис бақланбақта. Бурын мақсет ҳәм мәплерин, тийкарынан, дипломатия ҳәм сиясат жолы менен қорғап келген қүдиретли орайлар енди ашықтан-ашық басым өткериў, қарама-қарсылық ҳәм соқлығысыўлар жолына өткенине, кескинлик ҳәм тартыслар барған сайын күшейип атырғанының гүўасы болмақтамыз.
Тилекке қарсы, халықаралық жәмийетшилик тәрепинен жоқары қәдирият сыпатында тән алынған инсан, оның өмири, еркинликлери ҳәм ҳуқықларын аяқ асты етиў көплеген мәмлекетлерде әдеттеги жағдайға айланбақта. БМШ мағлыўматларына бола, 2023-жылы дүньяда қураллы соқлығысыўлар жүз берип атырған аймақлар саны 55 ке жеткен, зорлықлар саны болса 28 процентке көбейген.
Буған Украина, Палестина, Сирия ҳәм басқа геосиясий, қураллы қарама-қарсылықлар болып атырған аймақларды келтирип өтиў орынлы. Тилекке қарсы, мыңлаған ҳаял-қызлар, жас балалар, улыўма, әпиўайы халық мине усындай қорқынышлы апатшылықлардың қурбанына айланбақта. Бүгин дүнья бойлап болып атырған қураллы келиспеўшиликлер ақыбетинде қайтыс болғанлардың саны 14 процентке көбейген. Бундай тәртипсизликлер ақыбетинде дүнья халқының 2,3 проценти өз елин таслап кетиўге мәжбүр болған. Бул Екинши жер жүзилик урыстан берли ең жоқары көрсеткиш болып есапланады. Қулласы, жағдай күн сайын изден шығып, шатақласып бармақта.
Гезектеги қәўип планетамызда ықлымның өзгериўи ҳәм экологиялық жағдайдың кескинлесиўи, биокөптүрлиликтиң қысқарыўы, қоршаған орталықтың патасланыўы ҳәм тәбийий ресурслардың азайыўы менен байланыслы.
Шынын айтқанда, бүгин экологиялық қәўип-қәтерлер күн сайын "қәўипли ноқат"қа жақынласпақта. Турақлы раўажланыў жолында ең тийкарғы қәўиплерден бирине айланған бул мәселе ҳәзирги ўақытта ҳәттеки дүньядағы геосиясий жағдайға да сезилерли тәсир көрсетпекте.
Ҳәзир дүньяда 3,6 миллиард адам ықлым өзгериўинен сезилерли дәрежеде зыян көрип атырған аймақларда жасамақта, 2 миллиард адам болса таза ишимлик суўынан пайдалана алмай атыр. Буннан тысқары, ҳәр жылы 600 миллион адам сапасыз азық-аўқат өнимлери арқалы жуғатуғын қәўипли кеселликлерден жәбир көрмекте. Ҳаўаның ҳәдден тыс ыссылығына байланыслы өлимшилик дәрежеси барған сайын көбейип бармақта.
Бул адамзаттың ана тәбият пенен қарым-қатнасы ҳәм оған болған меҳириниң кескин азайғанынан дәрек береди. Соның ушын елимизде соңғы жети жылда экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл" экономиканың жедел турмысымызға кирип барыўы, раўажланыўына кең имканиятлар жаратылмақта. Быйылғы 2025-жылға "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы", деп атама берилиўинде де кең мәни, тийкарғы мақсет-ўазыйпалар бар.
Ашынарлы еслеў. Жақын-жақынға шекем биз ана тәбиятты қәстерлеп сақлаў кереклиги ҳаққындағы сүренлер менен шекленип келдик. Кейинги жыллары бул бағдардағы белсенди қәдемлер "Жасыл мәкан" улыўмамиллий ҳәрекети жүзеге келиўи ҳәм оның шеңберинде елимизде миллионлаған нәл егилиўи, қурылып атырған имаратлар әтирапында ямаса бос турған кең майданларда терекзарлықлар шөлкемлестирилиўи менен жаңа басқышқа шықты.
Өзбекстан ҳәм пүткил Орайлық Азия дүнья жүзи бойынша ықлым өзгериўинен ең көп зыян көрип атырған регионлардан бири болып есапланады. Көп жыллық метеорологиялық бақлаўлар соңғы 30 жылда регионымызда айрықша ыссы күнлер саны 2 есеге көбейгенин, орташа ҳаўа температурасының артып барыўы да дүньядағы улыўма көрсеткишлерден 2 есеге жоқары екенин ҳәм таўлардағы музлықлар майданының үштен бир бөлеги ерип болғанын көрсетпекте.
Таллаўларға бола, суў жетиспеўшилиги себепли регионымыз мәмлекетлери ҳәзирдиң өзинде ҳәр жылы дерлик 2 миллиард доллар муғдарында зыян көрмекте. Жыллар өтип бул экономикалық зыян жалпы регионаллық өнимниң 11 процентине жетиўи мүмкин. Яғный регионымызда суў жетиспеўшилиги машқаласы әлле қашан сөзсиз түрге енгенлиги ҳәм буннан былай да тереңлесип баратуғыны ашшы ҳақыйқат болып есапланады.
Ҳәр қыйлы тәбийий апатшылықлар, жедел демографиялық өсиў, урбанизация процесслери ҳәм санаатласыў нәтийжесинде жүзеге келип атырған техноген факторлар да регионда суў тәмийнаты ҳәм экология менен байланыслы жағдайға унамсыз тәсир көрсетпекте. Бул машқалаларды шешиў мәселеси Өзбекстан ушын үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, мәмлекетимиз дүньядағы ең үлкен экологиялық апатшылықлардан бири - Арал апатшылығын тиккелей өз басынан өткермекте.
Президентимиз турақлы түрде мәмлекетлердиң биринши басшылары, жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилип атырған халықаралық конференция, саммитлер, кеңейтилген ҳәм киши сөйлесиўлерде экологиялық жағдайды жақсылаў, суў жетиспеўшилиги ҳәм тәбийий апатшылықлардан сақланыў және Арал машқаласын аўызбиршиликте, бирлесип шешиў басламасы, идеяларын алға қойып келмекте.
Себеби, бүгин халқымыз глобал ысыў, экологиялық турақлылықтың бузылыўы менен байланыслы аномал ҳаўа-райы шараятлары, тез-тез жүз берип атырған қурғақшылық ҳәм шаң боранлары, жерлердиң жеделлик пенен деградацияға ушыраўы ҳәм шөллениўи, биокөптүрлиликтиң барған сайын қысқарып барыўы, аўыл хожалығы өнимдарлығының төменлеўи, ишимлик суўының жетиспеўшилиги, ҳаўаның патасланыўы сыяқлы қатаң қәўип-қәтерлер менен жүзбе-жүз жасамақта. Бул глобал машқала жаңа Өзбекстанның 2030-жылға шекем жедел ҳәм турақлы экономикалық раўажланыўына да тосқынлық етпекте.
Биз, әлбетте, халқымыз бир тән, бир жан болып, жанажан ана жеримиз қоршаған орталықты сақлаў ҳәм экологиялық таза, турақлы "жасыл" экономикаға қарай умтылыўымыз керек.
Глобал экономикада системалы үзилислердиң пайда болыўы, саўда, инвестиция ҳәм инновация тараўларында еркин алмасыў жолында жаңа тосқынлықлардың пайда болыўы, товарлар ҳәм хызметлер айланысының изден шығыўы, энергетикалық қәўипсизликке қәўиплердиң артыўы барған сайын айқын көзге тасланбақта. Сондай-ақ, азық-аўқат қәўипсизлигине қәўиплер ашынарлы түс алыўы ақыбетинде көплеген регионларда социаллық турақсызлық жүз бермекте.
Жаслар тийкарғы драйверге айланбақта
Бүгин барлық тараўлар сыяқлы билимлендириўге итибар артты. Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мектеп билимлендириўиниң жыллар даўамында шешимин күтип атырған мәселелери шешимин таба баслады. Бул тараўға жеке меншик бақша ҳәм мектеплердиң кирип келиўи мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес сектор арасындағы жақсы мәнистеги бәсеки орталығын жаратты. Нәтийжеси сонда, бүгин жас әўлад заманагөй тәлим-тәрбия алмақта. Ата-аналар перзентин бәсекиде жетекши болған заманагөй бақша ҳәм мектепке әдалатлы, санластырылған системалар арқалы жайластырыў имканиятына ийе болды. Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларда Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң ашылыўы жаңа әўлад жадидлери, жаңа Өзбекстанды қуратуғын жасларды тәрбиялаўға үлкен майдан болмақта.
Усы жылдың январь айында "Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги" шеңберинде елимиз билимлендириў системасының жетискенликлери халықаралық майданда және бир мәрте тән алыныўы бәршемизге қуўаныш бағышлады. Ташкент қаласындағы Президент мектеби Шайх Зоид Ол Наҳаён атындағы абырайлы сыйлықтың "Глобал орта мектеплер" номинациясында жеңимпаз деп табылды. Мектеп оқыўшылары Паҳлавон Ғуломов ҳәм Асилбек Ашрапов ҳәм олардың устазы Соҳибхон Азизовтың жаўын суўын ишимлик дәрежесине шекем қайта ислеў жойбары жеңиске еристи. Таңлаўға 156 мәмлекеттен жәми 5980 арза келип түскени айтылды. Абу-Дабиде сыйлықты оқыўшыларға Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаян жеке өзи тапсырды.
Билимлендириўге қаратылып атырған итибардың нәтийжеси ҳәр бир тараўда, соның ишинде, БАӘ саммитинде де көринди. Жасларымыздың бул әжайып табысы бәршемизге мақтаныш бағышлайды, сондай-ақ, биз таңлаған турақлы ҳәм "жасыл" раўажланыў жолы қаншелли дурыс екенин және бир мәрте тастыйықлайды.
Елимизде жоқары билимлендириў де жаңа дәўирге жүз тутты. Бүгин жаслар студентликке қабыл етилиўинен баслап жоқары оқыў орнын питкерип, жумысқа жайласыў, кәсип-өнер ийелеўине шекем социаллық қадағалаўға алынды. Яғный тил, кәсип-өнер билиўди қолланыў ҳәм финанслық жәрдем системасы жаратылды. Бул жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли тәрепине айланды. Нәтийжеде мектеплерди питкерген оқыўшылар бир ўақыттың өзинде дүньяның 10, 15, 20 ға шекем ең абырайлы жоқары оқыў орынларына қабыл етилгени ҳаққында хабарлар шығып атыр. Буған үйренип те қалдық. Бүгинги дәўир жасларының оқыўын, кәсип-өнер ийелеўин, тийкарғысы, келешекте ким болатуғынын тек ата-ана емес, ал қәбилети, қызығыўшылығынан келип шыққан ҳалда өзлери шаңарақлық мәсләҳәтлесип қарар шығаратуғын болды.
Жаңа Өзбекстан жасларының ертеңги күнге исеними жоқары. Журт хызметине жараў, оған мүнәсип перзент, жетик кадр болыў, өзи жасап атырған жәмийетти турақлы раўажланатуғын, абадан турмыс кепилленген мәмлекетке айландырыў ушын өзин мобилизациялаў тилеги жоқары.
Мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларының жаслары жәмийетимиздиң түрли буўынларында жетекши кадр ямаса басшы лаўазымларына кирип келмекте. Бир сөз бенен айтқанда, "Әне, мен жаңа Өзбекстан дөретиўшиси боламан!" деген мыңлаған жаслар жәмийетимиздиң тийкарғы драйверине айланып бармақта.
Өзбекстан жоқары билимлендириўиниң барлық бағдарлары қатарында тек ғана денсаўлықты сақлаў тараўында билим берип атырған жоқары оқыў орынларында тек ғана өзбек жаслары емес, ал сырт еллерден келип билим алып атырған мыңлаған студентлер, илимий излениўшилер, изертлеўшилер бар. Бул болса тарийхый дәстүрдиң тәкирарланыўы, яғный уллы тулғаларымыздың мийрасын оқытыў, үйрениў және өзимизге қайтқанын аңлатады. Бул жетискенликлердиң барлығы елимиздеги узақты гөзлеп алып барылып атырған реформалардың нәтийжеси болып есапланады.
Жуўмақлап айтқанда, бүгинги дүньяның глобалласыў, мәлимлеме ҳәм идеологиялық ҳүжимлер ҳәўиж алған бир дәўиринде Өзбекстан раўажланыў жолында жоқары шеклерге қарай қәдем тасламақта. Бул бағдарда мақсет ҳәм ўазыйпалар анық. Ҳәр бир ўатанласымыз, әсиресе, халқымыздың 60 проценттен асламын қурайтуғын жасларымыз жаңа Өзбекстанды қурыў ҳәм Үшинши Ренессанс тийкарын қурыў сыяқлы уллы мақсетлерди әмелге асырыўға таяр болыўы керек. Әсиресе, "Өзбекстан маған не қылды", деп емес, ал "Мен елим ушын не қылдым?" сыяқлы идеяларды турмысымыздың сүренине айландырыўымыз керек.
Азизбек ОМОНОВ,
социология илимлери бойынша философия докторы, доцент