Экономикалық суверенитет - ғәрезсизлик дегени

    Пикир 2 желтоқсан 2024 16

    Мәмлекетимиз экономикалық жақтан раўажланып барыў менен бирге, суверенитети де барған сайын беккемленбекте.

    Себеби, экономикалық мәселелер ғәрезсизликтиң ең әҳмийетли тәрепи. Усы мәнисте жаңа Өзбекстанда экономикалық өсиўге айрықша итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес. Себеби, барлық тараўдағы табыслар экономикалық турақлылыққа байланыслы.

    Экономика жақсы болса, жаслар жоқары сапалы тәлим-тәрбия алады. Нәтийжеде маман кадрлар мәмлекетти ҳәр тәреплеме раўажландырады. Өз орнында экономикалық турақлылық руўхый байлықларға үлкен итибар бериў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға кең имканият жаратады. Нәтийжеде мәмлекеттиң суверенитети беккемленип барады. Булар - дәлил талап етпейтуғын ҳақыйқат.

    Өткен қысқа дәўирдеги түпкиликли реформалар себепли елимиздиң экономикасы кескин өсиўге жол алды. Демек, суверенитетимиз беккемленди. Буны анық санларда талқылайық. Экономикамыз 100 миллиард долларлық тарийхый шектен асты. Бул қысқа мүддетте 2 есеге өсиў дегени. 2018-жылы халықтың жан басына дәрамат 1 мың 600 доллардан туўра келген. Ҳәзир бул көрсеткиш 3 мың долларға жетиўи күтилмекте. Нәтийжеде Жәҳән банки 2024-жылы Өзбекстан Европа ҳәм Орайлық Азияда экономикасы ең тез өсип атырған 3 мәмлекет қатарынан орын алғанын атап өтти. Бүгин Өзбекстан тек ғана өзиниң емес, ал Орайлық Азия регионының экономикалық раўажланыўына айрықша тәсир көрсетпекте.

    Бул өз-өзинен болғаны жоқ. Комплекс илажлар нәтийжесинде гөзленген шекке ерисилип, жаңа нәтийжелерге қарай қәдем тасламақтамыз. Атап айтқанда, сыртқы сиясаттағы дослық қатнасықлар себепли транспорт коридоры кеңейип, экспорт имканияты кеңейди. Мәселен, кейинги жыллары экспорт көлеми дерлик 2 есеге өсип, биринши мәрте 25 миллиард доллардан асты. Бул Орайлық Азия мәмлекетлериниң улыўма саўдасында айқын көзге тасланады. Бул көрсеткиш 2017-жылы 4,5 миллиард долларды қураған болса, 2024-жылға келип 10,5 миллиард долларға жеткен.

    Және бир әҳмийетли тәрепи салық системасының реформаланыўы болды. Соның нәтийжесинде исбилерменлик жумысын жолға қойыў аңсатласты. Бир ғана мысал: бурын салықлар себепли жасырын экономиканың үлеси жоқары еди. Бундай жумыс алып барып атырған исбилерменлерге түсиндирилди. Оларды жазалаў емес, имканият бериў арқалы жасырын экономиканың азайыўына ерисилди. Әҳмийетлиси, исбилерменлер, инвесторлардың Өзбекстанға исеними артты. Бул исеним мәмлекетимиз басшысының ҳәр жылы исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде және де беккемленбекте. Буны кейинги жыллардағы инвестиция муғдарына қарапта билиў мүмкин. Кейинги 7 жылда 120 миллиард доллардан аслам инвестиция киргизилген. Яғный, өзлестирилген сырт ел инвестициясы көлеми өткен дәўирде 6 есеге көбейген. Нәтийжеде жоқары дәраматлы 1,5 миллион жумыс орны ашылған. Демек, сырт елли исбилерменлердиң алып келген қаржысы есабынан сонша адам жумыслы болып, шаңарағына берекет кирген.

    Бундай өсиў пәти халықтың бүгиннен разы болып жасаў кейпиятын күшейтеди. Пуқаралар бир пүтин халық, бирден-бир ўатан болып қәлиплесе баслайды. Сол себепли, мәмлекетимизде кәмбағаллыққа қарсы гүресиўге айрықша итибар қаратылмақта. Ҳәттеки бул бағдарда арнаўлы бағдарлама қабыл етилди. Жаңаланыўлар нәтийжесинде соңғы 4 жылда кәмбағаллық дәрежеси 23 проценттен 11 процентке түсти. Усы жылдың өзинде бул көрсеткиш 9 процентке түсиўи күтилмекте. Бул және 106 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылады, арзыўларына жол ашылады, дегени.

    Инсан арзыўларына ерисиў ушын, бәринен бурын, шын мәнисинде еркин болыўы зәрүр. Шахстың ерки қолында болыўы оның жоқары интеллекти ҳәм экономикалық абаданлығына байланыслы. Ҳәтте жүдә әййемги заманларда да адамлар бул ҳақыйқатты жақсы түсинген ҳәм үгит-нәсиятлаған. Мәселен, "Авесто"да бийдай - нан, ең зәрүр азық-аўқат, жаўызлықты қуўыўшы күш сыпатында тәрийпленеди. Қырман көтерилгенде жаўыз дәўлер бақырып қашады екен. Ҳақыйқатында да, тек ғана аш қалмаўды, қандай жол менен болса да баласының қарнын тойдырыўды ойлайтуғын адам қаншелли ағартыўшы болмасын, "Жынаят ҳәм жаза" шығармасы қаҳарманы сыяқлы нызамбузыўшылыққа жақын жүреди. Көбинесе оның мәнаўият, ағартыўшылық ҳаққында ойлаўға ўақты да, имканияты да болмайды. Соның ушын бундай шахсларды толық қаралап та, жақлап та болмайды. Себеби, олар сол жәмийеттиң өними.

    Мәмлекетлер де адамга уқсайды. Экономикалық суверенитет мәмлекет раўажланыўында жүдә әҳмийетли. Мәмлекет экономикалық жақтан турақлы болса, барлық тараў бирдей раўажланады. Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларын еслең: адамлар қалаларда бир нан ушын нәўбетте турған. Аўыллық жерлерде ун табыў машқала, табылған жағдайда да жүдә қымбат болар еди. Есимде, бир мәрте шопанлар нан излеп аўылымызға келгенинде үлкен қойды бир қап бийдайға алмастырмақшы болды. Бирақ, сол бийдайдың өзи жоқ еди. Сол жыллары урлық ҳәўиж алды. Үлкен жастағылар түнде атызға шығып бийдай орып келетуғын, күндиз мәмлекет қырманына баратырған техникаға асылып дән урлайтуғын еди. Олардың жолын ҳәттеки нызам қорғаўшылары да тоса алмайтуғын еди. Жас өспиримлер болса өз мүтәжликлери ушын үйинен дән урлап сатыўы әдеттеги жағдайға айланған еди.

    Аўа, сол ўақытлары халқымызды жумыссызлық қыйнап, урлық, алдаўшылық көбейген еди. Адамлар ҳәтте мәмлекет мүлкин қалай талан-тараж еткенин айтып мақтанды. Себеби, қарны аш, келешеги сораў астында турған жәмийетте мәнаўият, инсаныйлық сезимлер ҳаққында ойлаў имканияты болмайды. Бул өз-өзинен ўатансүйиўшиликти азайтады, елге садықлық пенен хызмет ететуғын адамлардың қатарын қысқартады. Ҳәзир жәмийетимиздеги ҳәр қыйлы иллетлер ҳаққында күйинип сөйлеймиз. Буның себеплерин заман тезлесиўи, техника раўажланыўы сыяқлы тәреплер менен де тийкарлаймыз. Бул бир тәреплеме дурыс. Бирақ, соны умытпаў керек, аўыр сынақларда арттырылған иллетлер узақ жыллар даўамында жәмийетти қыйнайды. Халқымыз ғәрезсизликтиң өтиў дәўирин басынан кешириўи, ҳәзирги сынақларға дус келиўи қандай да бир мәнисте тәбийий жағдай. Себеби, сол ўақытта экономикалық жағдайымыз соны талап ететуғын еди. Усы мәнисте экономикалық суверенитет барлық мәселениң шешими болып табылады.

    Бүгин жаңа Өзбекстан пүткиллей жаңа дәўирди басынан өткермекте. Ерисилген экономикалық өсиўлер мине усы дәўирдиң қуўат дәреги болып есапланады. Бул қуўатлылықтан толық ҳәм әдил пайдаланыў ушын елимизде үлкен реформалар басланды. Атап айтқанда, бурын толық мәмлекет қарамағында болған тараўларды басқарыўға заманагөй усыллар енгизилди. Яғный, энергетика, химия, авиация, геология, металлургия, машина қурылысы, билимлендириў ҳәм медицинада жеке меншик сектор ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик қатнасықларына кең жол ашылды. Нәтийжеде экономиканың күшли драйверлери болған тараўларда кескин өсиў бақланды.

    Бүгин ҳеш бир тараўды ямаса тармақты, улыўма турмысымызды энергиясыз көз алдымызға келтирип болмайды. Жаңа Өзбекстандағы реформалардың үлкен бөлеги, әлбетте, энергетика тараўында жүз берди. 2025-жылдың "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп жәрияланғаны мине усы реформалардың логикалық даўамы ҳәм жаңа дәўирди баслап берген басқыш болды.

    Мәселен, кейинги жыллары ислеп шығарылып атырған электр энергиясының көлеми 1,5 есеге өсип, 80 миллиард киловатт саатқа жетти. Кейинги үш жылда улыўма қуўатлылығы 2,4 гигаватт болған 9 ири қуяш ҳәм самал станциясы иске қосылды. Алтернатив энергия үлеси өткен жылға салыстырғанда 2 есеге көбейген.

    Ендиги шеклерди және де жоқары алғанбыз. Келеси жылы мәмлекетимизде 90 миллиард киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарыў мөлшерленбекте. Мақсет - халық ҳәм экономиканың энергетикаға талабын толық тәмийинлеўге ерисиў. Итибарлысы, қайта тиклениўши энергия қуўатлылығы 25 гигаваттқа, олардың жәми тутыныўдағы үлеси 40 процентке жеткериледи.

    Экономикалық өсиўдеги бундай фактлерди узақ санаў мүмкин. Ҳәр бир сан артындағы реформалардың көлемин айрықша таллаўға арзыйды. Себеби, жаңа Өзбекстанның жаңа редакциядағы Конституциясында "Инсан қәдири ушын" принципи үстин. Бул тек ғана шайырана ямаса бәлентпәрўаз сөз емес. Оның қаншелли ҳақыйқый екенлигин бүгин турмысымызда көрип, билип атырмыз. Миллионлаған жумыс орынларының жаратылып атырғаны, кәмбағал шаңарақлардың машқаласы шешилип, ҳәттеки жумыс бериўшиге айландыратуғын система жаратылғаны ямаса исбилерменлер өзин қыйнап атырған мәселелер бойынша тиккелей мәмлекет басшысына мүрәжат ете алыўы пикиримизди дәлиллейди. Бул реформалардың негизинде халықтың абаданлығы, мәмлекеттиң раўажланыўы арқалы бас нызамымызда өз көринисин тапқан экономикалық суверенитти беккемлеўдей үлкен мақсет бар.

    Боборавшан ҒОЗИДДИНОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы