Бүгин бир қәдем алдында жасаў керек ямаса сезилмес аўырыў азабы

    Раўажланыўдың тезлесиўи инсаният алдына "Бүгин қалай жасаў керек?" деген үлкен бир сораўды қойды. Өз раўажланыўдың жоқары басқышында турған мәмлекетлерде бул сораў әсир басында-ақ әҳмийетли болған болса, бизлерде енди ғалаба ен жаймақта. Шынында да бүгин қалай жасаўы керек?

    Күни кеше миллионлаған хожалықларды бағып атырған кәсиплер бүгин роботлар қолына өтип, илимпазлар келешекте және жүзлеген кәсиплер жасалма интеллект қурбанына айланыўын болжаўқта. Ең қызығы, көпшилигимиз еле роботлар не екенлигин толық түсинип жетпей турып, роботластырыўдың үзликсиз даўамы болған жасалма интеллектке бейимлесиў ҳаққында жар салмақтамыз. Мәселен, мектеплерде әпиўайы муғаллимлердиң көпшилик бөлегинде жасалма интеллект ҳаққында түсиник дерлик жоқ, сабақларды оның менен интеграциялаў дегенде көз алдында ҳеш нәрсе қәлиплеспейди. Солай екен, қалайынша биз олардан заманагөй әўладты тәрбиялаўды күтиўимиз керек?

    Мақала таярлаў даўамында бир неше жоқары оқыў орны муғаллимлери менен жасалма интеллект темасында сөйлестик, қызығы, олардың да дәрежеси мектеп муғаллимлериниң дәрежесинен онша парықланбайды.

    Бүгин сырт елде оқып келип, елимизде өз бизнесин ашқан жаслардың саны көбеймекте. Әлбетте, олардың көпшилиги технология, заманагөй экономика ҳәм маркетинг бағдарларында ислемекте. Бундай жаслар мәмлекетимизге қайтып бизнес баслаўының тийкарғы себеби - мәмлекетимиз тәрепинен исбилерменликке берилип атырған үлкен имканиятларға байланыслы болмақта. Жер орны мәселеси деймиз бе, салық ҳәм бажыхана жеңиллиги дейсиз бе - бир ўақытлары имканияты болмаған жеңилликлерден исбилерменлер жетерли дәрежеде пайдаланыўы мүмкин. Оларды қыйнап атырған бирден-бир машқала кадрлар жетиспеўшилиги болып табылады.

    Бир исбилермен айтып берген еди. Ол АҚШтың абырайлы университетлеринен бирин тамамлап, елимизге келип, заманагөй маркетинг бойынша компания шөлкемлестирмекши болады. Жеткиликли потенциалға ийе инвесторларды таўған исбилермен 3 жылда өз компаниясын кеминде Орайлық Азия дәрежесиндеги компанияға айландырыўды мақсет етеди. Реже бойынша, барлық хызметкерлерди өз ўатанласлары арасынан таңлаўы керек еди. Бирақ ярым жыл ўақыт жумсаса да, қәлегениндей команда топлай алмайды. Ол ҳәттеки усы тараў бойынша оқытатуғын ЖООларға да барып, жумыс ҳаққында студентлерге дағаза береди. Тилекке қарсы, студентлер арасында талапқа жуўап бере алатуғын потенциаллы жаслар табылмайды. Бир тәрептен, инвесторлар жумыслар не ушын буншелли кешигип атырғаны ҳаққында сорай баслаған еди. Исбилермен болса инвесторлар сырт елли болғаны ушын оларға өзбекстанлылар арасынан талапқа жуўап бере алатуғын кадрлар таба алмай атырғанын айтыўдан уялады. Ақыбетинде исбилермен ҒМДА мәмлекетлеринен маман хызметкерлерди тартып, жумысты баслаўға мәжбүр болады. Бундай жағдайлар әмелде көп ушырасады ҳәм ол жәмийетимизди қыйнайтуғын мәселе.

    Және бир стереотип бар, яғный өз-ара сәўбетлерде жақсы кадрлардың көпшилик бөлеги сырт елге шығып кетпекте, деймиз. Тилекке қарсы, буны санларда келтирип бериў қыйын болса да, жәмийетке нәзер таслап, бул сөзде де "жан бар"лығына исеним пайда етемиз. Не ушын? Не себептен жетерли заманагөй билимге ийе кадрлар сырт елде ислеўди абзал көреди? Бул сораўға бирдей жуўап бериў бираз қыйын, себеби, жағдай ҳәр кимде ҳәр қыйлы. Бирақ өзимиз айырым таллаўлардан келип шығып айырым жуўмақларды шығарыўға ҳәрекет етемиз.

    Инсан қолайлы жумыс орталығына бейим, яғный тыныш ислеўди, финанслық жетиспеўшиликлерди илажы барынша басынан кеширмеўди қәлейди. Негизинде кәсип үйрениўге болған қызығыўшылығымыздың тийкарғы себебиде әйне қолайлы - "комфорт" орталық болып табылады. Егер өзиңиздиң мысалыңызда алатуғын болсаңыз, сиз машақат пенен үйренген тараўыңыздың нәтийжеси де соған сәйкес болыўын қәлейсиз. Бул адамның өзине болған исениминиң қаншелли жоқарылығы менен де байланыслы. Яғный, өзине исеними жоқары хызметкердиң талаплары да сәйкес түрде артып барады. Бирақ, елимиздеги жумыс бериўшилердиң усыныслары буған жуўап бере ме? Жақсы кадрларды қабыл етиў процеси бизде қаншелли дәрежеде дурыс қәлиплескен?

    Бүгин жоқары оқыў орнын питкерген, жумыс тәжирийбесине ийе болмаған жасларды шөлкемлер тиккелей жумысқа қабыл етиўи қыйын болып қалмақта. Әмелде жумыс бериўшилер көпшилик жағдайларда "жумыс тәжирийбеси" жоқлығы себепли талабанларды қайтарыўды даўам етпекте. Бул болса жаслардың санасына еле сол дәстүрий сораўды пайда етеди: "Өзи жумыс тәжирийбесине ийе болыў ушын жумысқа кирип атырған болсам, жумыс ислемеген адамннан тәжирийбе талап етиў қайсы логикаға сәйкес келеди?." Бираз қолайсыз болса да, бул тиленшиден аўқат сораған менен теңдей.

    Бирақ, бул "қайтарыўлар" да өз-өзинен емес, оның артында қандай да бир жасырын мәп бардай. Мәмлекетимиз кадрлар сиясатын қанша санластырмайық, онда инсан факторы қатнасыўы толық жоғалып кетти, деп айта алмаймыз. Күнара "пәленше төленшени бундай лаўазымға киргизиў ушын пөленшеден мына қурақым сумма сораған ўақытта қолға алынды" мазмунындағы хабарларға көзимиздиң түсиўи де пикиримизди тастыйықлайды. Яғный, елеге шекем айырымлар ушын жумысқа киргизиў мол дәрамат дәреги сыпатында қалмақта. Бундай жағдайда креслоға кәсиплик потенциалы жоқары кадрлар емес, "келисимли" талабанлар тезирек жетип барыўы даўам етеди. Усындай жағдайлардың тез-тез ушырасыўы көпшилик билимли жасларда рәсмий ваканцияларға болған исенимди сөндирип қояды. Жеке меншик секторда ше? Ондағы жағдай мақтаўға мүнәсип пе? Бирақ, жоқарыда қосымша еткенимиз жақсы жумысшы таба алмаған исбилерменнен парықлы түрде, көпшилик жеке меншик шөлкемлер де кадр таңлаўға нейтрал қатнаста болады, деп айта алмаймыз.

    Әсиресе, мәлимлеме технологиялары тараўында жумыс алып барыўшы жеке меншик компаниялардың кадрлар сиясатында сондай тенденция қәлиплескен, олар мийнет базарынан орташа айлыққа маман хызметкер излеўге ҳәрекет етеди. Бул да өз-өзинен қәлиплеспеген, усы тенденцияның түпкиликли тийкарында жәмийетимиздеги мийнет мәденияты турады. Яғный, көпшилик талабанлар жумысқа кириў процесинде ашық-айдынлыққа әмел етпей, жумыс бериўшилерди алдап, қолынан келмейтуғын көнликпелерди орынлай аламан, деген ўәде менен дәраматлы келисимге ерисиўге ҳәрекет етеди. Нәтийжеде жумыс бериўши "пәнт жейди." Бул болса оларда хызметкерлерди арзан мийнет ҳақы есабынан жумысқа алып, ис өнимдарлығы бойынша басқышпа-басқыш көтерип барыўды әдетке айландырды. Яғный, жеке меншик сектор ҳәм хызметкерлер арасындағы усы түсинбеўшиликлерде еки тәрептиң де "айыбы" жоқ емес.

    Айырым сырт ел мәмлекетлери болса буған өзине тән шешим тапқан. Яғный, көпшилик жеке меншик компаниялар барлық хызметкерлерди бирдей, бирақ заман талапларына сәйкес жоқары мийнет ҳақы ушын жумысқа қабыл етеди ҳәм оларға турақлы мийнет ҳақысы екинши ямаса үшинши айдан баслап тайынланады. Бул дәслепкисинен көп ямаса аз болыўы мүмкин. Яғный, келешектеги финанслық тәмийнат муғдарын хызметкердиң өзи "шешеди." Бизде болса талабанлардың екинши ямаса үшинши айдан мийнет ҳақысы көтерилиў орнына түсиўин қабыл етиўи бирқанша қыйын. Бул өз-өзинен жәмийетимиз арасында мийнет мәдениятын жетерли дәрежеде раўажландырыўымыз зәрүр екенлигин көрсетеди.

    Жеке меншик болсын ямаса мәмлекетлик шөлкемлер болсын, олардағы мине усы жағдайлар бирлесип, ҳақыйқаттан да потенциаллы жаслардың сырт елге жумысқа кетиўине ямаса кәсибин өзгертиўине себеп болады. Әйне мәлимлеме технологиялары ҳәм маркетинг бағдарларында жыллар даўамында оқып, мүнәсип жумыс таба алмай, және жаңа кәсиплерди үйренип киятырған танысларымыз көпшилигимизде табылыўы мүмкин.

    Не ушын мақалада кәсип мәселесине буншелли терең итибар бердик? Себеби, бүгинги дәўирде миллет жасларының не менен бәнт екенлиги жәмийеттиң потенциалын, оның нелерге уқыплы екенлигин көрсетеди. Яғный бул "Күн тәртибиңди айт, келешегинди айтып беремен" деген сөздиң көриниси.

    Хош, бүгин күн тәртибимиз қандай? Оны таллап көрсек, келешегимизге қандай баҳа бериў мүмкин болады? Әлбетте, бул сораўдың жуўаби да тартысларды келтирип шығарады, бирақ жәмийетимиздиң басым бөлими "Балаларымыз бизлерден жақсырақ, билимлирек болады" деген қам қыялды өзине әдет етип қойған сыяқлы. Бүгин ше? Тийкарында бүгин биз жақсы болыўымызға не тосқынлық етпекте? Әлбетте, ғалабалық жалқаўлық ҳәм жумыссызлық. Өзин тамақ дәрти менен толтырып, илимге бурылмайтуғын миллет пенен шөлде жаўын күтип, ҳәрекетлениўден тоқтаған кәрўанның қандай айырмашылығы бар?

    Көпшилигимиз бүгин өз ериншеклигимизден хабарсыз ҳалда басқаларды ҳәрекетсизликте айыплаўды шеберлик пенен ислеймиз. Буннан кейин алдымызға қоятуғын мақсетлеримиздиң аралығы да жүдә жақын - жақсы жумыс тапсам, үй қурсам, машина алсам, рәҳәтте жасасам, саяхатларға шықсам деймиз ҳәм көпшилигимиз усы пикирдемиз.

    Раўажланған мәмлекетлерде адамлар айға ушып атырған бир ўақытта бизиң ислеп атырған жумысымызға қараң, деген сөзлер тез-тез айтыла баслады. Көпшилигимиз болса бул жағдайда әйне машқаланың айыпкери бири екенинимизди умытқан ҳалда өз миллетимизди айыплаўды баслаймыз. Бул жағдайда бизиң өсекшиден не айырмашылығымыз қалады? "Ҳәй, оларда илим раўажланған", "Ҳәй, оларда бизлерде жоқ шараятлар бар-да," "Ҳәй, олар перзентлерин еркин пикирлейтуғын етип тәрбиялайды-да" деген бәнелеримиздиң шеги жоқ. Бизге-ше, бизге ким кесент береди? Перзентлеримизди кең көз-қараслы етип тәрбиялаўда ким тосқынлық етпекте? Билим алыўымыз, тил үйрениўимиз ушын ким бизге қарсылық көрсетпекте? Әлбетте, өзимиз. Көпшилигимиз айыпты сырттан излеўге үйренип қалғанбыз. Бирақ, оның өзимиздиң ишимизде орналасып алғанын тән алғымыз келмейди.

    Мақаламыздың басында "Бүгин қалай жасаў керек?" деген сораўды қойған едик. Жуўмақ орнында болса, оған өзимиздиң жуўапымызды беремиз: "Бүгин басқалардан бир қәдем алдында жасаў керек!", "Бүгин ҳәр ким өз өмири менен жасаўы керек!", "Бүгин жәмийеттен кемшилик излеп емес, кемшиликлерди дүзетип жасаў керек!".

    Сиз ше? Бул сораўға сизиң жуўабыңыз қандай, әзиз оқыўшы?

    Жонибек АЛИЖОНОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы