Бул тараўдың санааттағы үлеси 3,5 процент, товарлар экспортында 10 процентти қурайды. Өткен жылы 31 триллион сумлық өним ислеп шығарылған, 1 миллиард 300 миллион доллар экспорт етилген. 516 миллион доллар инвестиция өзлестирилип, 85 жаңа кәрхана иске қосылған. Бул тараўда 27 мыңнан аслам ўатанласымыз жумыс ислемекте.
Өткен жылы 5-сентябрьде болған видеоселектор мәжилисинде тараўда нәтийжелиликти арттырыў имканиятлары көрсетип берилген еди. Соннан келип шығып, усы жылы бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынған.
Презентацияда "Өзэлтехсанаат" ассоциациясының баслығы быйыл аймақларда 4 миллиард долларлық 290 жаңа жойбарды баслап, 600 миллион доллар инвестиция өзлестириў, мысты қайта ислеў дәрежесин 75 процентке жеткериў режелерин айтты.
Бунда локализациялаў бағдарламаларынан пайдаланыў әҳмийетли. Мәселен, быйыл мәмлекетимизде 75 миллиард долларлық инвестициялық жойбарлар әмелге асырылады. Соннан 28 миллиард долларын жергиликли өнимлер есабынан қаплаў мүмкин.
Электротехника кластерин кеңейтиў ушын Аҳангаранда қосымша 200 гектар, Ферғанада 10 гектар, Үргенште 4 гектар жер ажыратылды. 181 миллиард сум есабынан инфраструктура қурылды.
Енди исбилерменлерге технопарклер аймағында таяр имарат қурып, электротехника ҳәм түрлес тараў кәрханаларына сатыўға руқсат бериў мөлшерленбекте. Жоқары технологиялы өндиристи жолға қойған исбилерменлерди үш жыл мүддетке пайда ҳәм мүлк салығынан азат етиў усыныс етилмекте.
Бул, соның ишинде, Аҳангаран мыс кластеринде 68 миллион долларлық, Қашқадәрья, Ферғана ҳәм Үргенште 30 миллион долларлық жаңа жойбарларға имканият
Өнимлерди сатыў ушын министрлик ҳәм санаат тармақлары кесиминде 15 триллион сумлық кепилликли базар да шөлкемлестирилмекте. Социаллық объектлер ушын қайта тиклениўши энергия қурылмаларын жергиликли кәрханалардан сатып алыў тәртиби ислеп шығылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы бул тараў жасыл экономика ушын, турақлы раўажланыў ушын оғада әҳмийетли екенин атап өтти. Сол себепли орынлардағы барлық имканиятларды иске қосыў, исбилерменлерге инфраструктура, қаржы ҳәм шийки зат жағынан қосымша шараятлар жаратыў бойынша көрсетпелер берди.
Жуўапкерлер буның есабынан экспортты жылына 3 миллиард долларға, өндирис көлемин 50 триллион сумға жеткериў имканияты бар екенин атап өтти.
Инновацияларды үйренип, базарға қолайлы өнимлер жаратыў, маман инженер, технолог ҳәм орта буўын қәнигелерин таярлаў мәселелерине де итибар қаратылды.